Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet77/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   73   74   75   76   77   78   79   80   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ҚЫЙЫН ҲƏМ АҢСАТ 
Актрисаның сахнадан кетиўи,
Ҳəмелдардың аттан түсиўи,
Парахордың «алмайман» деўи,
Қыйын нəрсе усы үшеўи. 
Ақмақларды мақтап сөйлетиў,
Тилиң менен жақсылық етиў,
Кисилерге ақыл үйретиў,
Аңсат нəрсе усы үшеўи. 
ҒАЗЛАРДЫҢ ҚАНАТЫНДА 
Қыйқыўлап қуслар тары,
Сап тартып баратыр ма?
Кеткендей жаслық шағым,
Ғазлардың қанатында. 
Екеўимиз көп қыдырған
Суўлардың жағасында.
Екеўимиз көп отырған
Таллардың саясында, -
Ушыраттым улымызды,
Қыз бенен баратырған.
Көзлери менде емес,
Ғазлардың қанатында. 


153 
Көклемде келер қайтып,
Бул қуслар баратырған.
Жаслық шақ қайтып келмес,
Ол солай жаратылған...
Сүйиклим, қайғыланба,
Жылларға ара турма,
Ғам-кайғың кетсин бəри,
Ғазлардың қанатында. 
1978-жыл. 
ҮЙИҢНИҢ АРТЫНДАҒЫ ШОҚ КЕНДИРЛИКТЕ 
Үйиңниң артындағы шоқ кендирликте
Услап алғанымда, туўладың жылап...
Сол бир кендир ийисин мен ендиликте
Ҳеш бир əтир суўдан таппадым, бирақ. 
Түсте жатсам уйқы бермеди шыбын,
Шаршыңды шештиң де, жаптың жүзиме.
Сол шаршыңнан шыққан шашыңның ийисин
Ҳеш бир əтир суўдан таппадым еле. 
Бесик баласы бар үйге енгенде,
Бир жыллы леп келер ҳəдден зыяда,
Сүт татыған сол аналық ийисиндей
Əтир суў ҳеш кашан болмас дүньяда... 
Сентябрь 1980-жыл
ҚЫЗ ДƏЎРАНЫ АТЛЫ АЛТЫН ТАХТЫҢНАН... 
Қыз дəўраны атлы алтын тахтыңнан
Түсип, кол усласып кеттиң биз бенен,
Жуп қумыры бир уя салған ўақтында,
Қ
ЫЗАРЫП 
карадың мийрим жүз бенен. 
Үй алдында өскен ақ талға олар
Уя салар еди шөпшектен қурап,
Базда талды шайқап бийдəўлет самал,
Мийнетин күйдирер олардың, бирақ. 
Айтқаның есимде сонда күлимлеп:
«Булар усайды екен биз екеўимизге»,
Деп асылдың ҳəм де маған еркелеп,
Шадлы сезим ойнап гүлдей жүзиңде… 
Сонда иске салып жүйрик қыялды,
Өз кеўлимде қурдым бир алтын сарай.
Ҳəм апарып сендей гөззал ҳаялды,
Төрге отырғызып дегенмен былай: 
«Ал, шалқы, сүйиклим, бəри сен ушын,


154 
Бəрше байлық, ҳəмме дəўранлар саған.
Қудайдың бир епсиз кумыры қусын
Билмей салыстырып турыпсаң маған...» 
Иззет пенен кирип сен сол сарайға,
Мениң бай кеулимниң патшасы болдың.
Турмысымыз шырай қосып шырайға,
Соқпағын басладық өмирлик жолдың. 
Куслар уя салып палапанлады,
Қанша бəҳəр келип, көкледи таллар.
Көп ишинен бизиң үйди таңлады,
Жети журттан келген уллы мийманлар. 
Иззет пенен атлап босағамызды,
Олар айтты «қандай байсаң» деп маған.
Ҳəм де шын кеўилден алғыслап бизди,
Дуўа кылған Ғафур Ғуламлар саған... 
Бундай ўақта нелер түспейди еске!
Өмир шынлығының
жолдасы - əрман.
Енди биз отырмыз даўыллы кеште,
Көзлериң мүлəйим, жүзиң пəрийшан. 
Кирпик ушларың лəм қарасам байқап,
Əнекей, бир жулдыз ағып та кетти.
Мына қара даўыл ақ талды шайқап,
Қумыры кус уясын бузбаса нетти! 
Əне, толған
айды булт жасырды,
Бузылысты ҳаўа ырайымыз да. 
Жүр, жаным, диземнен көтер басыңды,
Кетейик сол «алтын сарайымызға».... 
27-ноябрь 1980-жыл 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   73   74   75   76   77   78   79   80   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling