Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
ПАЗЫЙЛЕТ
Дослар келди гүўлеп мен қуўанғанда, Тост айтып, шадлы саз шалды да кетти, Қуўанышымды берсем алмады сонда, Ҳəммеси өзиме қалды да кетти. Қайғы таўы қақ желкеден басқанда, Дослар келди “муңайма - деп - ҳаслан да”. Арзан деңгенени аяқласқандай Қайғымды бөлисип алды да кетти. * * * Бүгин еситкенди ертең көз көрер, Өмир жаңалықлар менен өрлейди, Ҳəтте қонақ күтиўлер де өзгерер, 155 Дəўирлер дəстүрге ырық бермейди. Бирақ бизиқ халықтың шын инсанлығы, Басқа ис түскенде мийрибанлығы, Өли сыйлаўдағы бексултанлығы, Қандай заман тусында да өлмейди … * * * Бас ушында отырғанда гүзетип, Сүйдим ҳəм сырғаңды қойдым дүзетип. Сонда мыйық тарттың шын муҳаббатлы, Мен абайсыз уйықлап кетиппен қатты. Келиспеген ўақта адамның иси, Əжептəўир болар көринген түси: Жол ортада аты өлген бир киси, Ер-турман арқалап жаяў киятыр… * * * Аққуў қусқа тийди əжелдиң оғы, Ақ ыйығын силкип өлди де кетти. Бийсəўбет азадан бузылып жубы, Дийдар қыяметке қойды да кетти. Қара тас үстинде аппақ мүсинде, Аққуўдың жатқанын көрдим түсимде ... Бизди ҳайран етип гүл мəўсиминде, Дүньяға бир сулыў келди де кетти. * * * Дос яранлар үйли-үйине тарасып, Өзиң менен өзиң қалар гезиң бар, Баллар жəне “апам” десип жыласып, Жүректи қыйқалап атқан сезим бар. - Қой, жылаўық болмаң ... Шай қойың қəне. Ким ата-анасын байлап жүр белге... Бир сигарет шегип келейин жəне … Келген соң басқа да айтар сөзим бар... * * * Атың сүрингенде ақылдан саспа, Тур да шаңыңды қақ, урма атыңды. Басқа ис түскенде сыр берме ҳасла, Жоқары тут ерлик инабатыңды. Нəмартлер бундайда барып тасаға, Жүгинеди шарап толы кəсаға, 156 Ғам-қайғы мəртликти жақтырмаса да, Өмир жақсы көрер мəртлик затыңды. * * * Кеште шаршап келип кеп-кең үйимнен, Кеўлим отырарға орын таппады. “Өлмектиң изинен өлмек жоқ” деген, Еркек жаным бул нақылды жақлады... Сөйтип мақул көрдим талап еткенди. Бирақ серлеп көрсем өткен-кеткенди, Саған усағанлар, тапсырмас енди, Усамағанларға кеўил шаппады... * * * “Жаслық” вокзалынан шықтық басында, Талай мəнзнл бастық, жоллар рəўан. Сен қалдың “Айралық” станциясында, Мен айнаны сабап кетип бараман. - Сабыр ет, жолаўшы! - дестилер бизге, - “Əрман” станциясы барар жер сизге. Бул поезд бирақта қайтпайды изге, Келмес бир кеткенлер бизиң арадан ... * * * Биз екеўимиз еккен нəллер мийўалап, Қан жуўырды қандил сынап жүзине. Таң сəҳəрде пискен алмаға қарап, “Ол болғанда еди” деймен өзиме. Сенсиз келип жеткен биринши гүзде, Алма үзип бердим кишкенемизге. Сол қызалақ күлип қуўанған гезде, Ап-анық көринип кеттиң көзиме. Август, 1981-жыл. Кеўил аспанымда жулдызлар сөник, Ай да он төртинде толғанын қойды. Қыяллар ҳəр түрли муқамға дөнип, Жоқты-барды əрман қылғанын қойды. Шағлап отырар едим тойларда бурын, Енди барып қалсам нəбада оған, Қапталымда болмаса да бос орын, Кеўлимде бир гүрси бос турар мудам. Сол гүрси артынан келип қасыма, 157 Муңлы музам «жүр» деп əсте сыбырлар. Ҳəм əкетип мени баспанасына, Таң атқанша қосық жаздырып қыйнар. Қыйнар ол жандырып жүрекгенемди, Сениң сүўретиңе кирип доланып. Сүттей аппақ əрман болып сен енди, Узақлайсаң таң сəўлесин оранып. Таң да атар, умыт болар жеккелик. Бирақ саўықтырып жан-жүрегимди, «Шайыр, шайға жүр!» деп еркелеп келип, Мойныма салмассаң ақ билегиңди. 3-август 1981-жыл. ОРФЕЙГЕ 21 Шал достым, гүңирентип тилла сазыңды, Шерт қыямет дəртли намаларыңнан. Əрман менен кеткен сəрбиназыңды, Бəри бир, қайтарып бере алмас саған. Жаратыўшы күш бар бул тəбиятта, Ол өзи анадур, ол өзи доктор. Туў десең, тазадан туўар, бирақта, Əжелге оның ҳəм шарасы жоқдур. Тасқынлар тартылып, басылар боран, Кифараңнан шықкан сырлы ҳаўазға. Арзыўлыңды шағып өлтирген жылан Басын тасқа урып, ойнасын сазға … Сен ҳəммеге таңсық жыл қусы едиң, Ерке улы едиң гул тəбияттың. Сен оның ең йошлы жыршысы едиң, Арзандасы едиң пəк муҳаббаттың. Гөззал Эвридика ышқында жанып, Арыў сайлап қуштың шын перийзаттан. Талай киржағалар сонда қызғанып, Ығбал айдыныңа кесеклер атқан... Жүзимниң суўынан шарап еткенде, Ҳəрким ишип, өзин қаҳарман сезер. Муҳаббат мəртликти талап еткенде, Көплер машақатлы сапардан безер. 21 Орфей - əййемги грек мифологиясындағы əжайып сазенде жигит. Оның сүйиклиси Эвродиканы жылан шағып өлтиреди. Орфей өз ярының жанын сорап жер асты патшалыгына сапар шегеди. Ол қараңғылық патшасы қатал Аид алдында өзиниң кифара атлы алтын сазын соншелли йошлы, дəртли намаларға шертеди, нəтийжеде мийримсиз ҳүкимдардың тас жүреги ерип Орфейге ярын алып кетиўге рухсат береди. Бирақ айралық дəртинен сабыр-тақаты жоғалган Орфей жер астынан жақты дүньяға шығар жерде абайсыз шəртин бузып, артына қарап қояды. Сонда изине ерип киятырған Эвродика қайтадан əрўақ-койлеңкеге айланып, көзден гайа болыпты – мыс (И.Ю.). 158 Лекин сен безбедиң азаплы жолдан, Кеттиң арзыўлыңды сорап алғалы. Дүнья деп аталған түпсиз қурдымнан, - Өттиң сазың менен байлап дарғаны. Қатал Аид - караңғылық патшасы, Тахтында тырп етпей сени тыңлайды. Сақал ушларына тамып көз жасы, Инсанлықтың абзаллығын аңлайды. Муҳаббат сазының күш-қүдирети Тас мийтин жанды да пордай үгитер. Ҳүкимдардан ҳəзир ықтыяр кетип, “Ярыңды əкет” деп рухсат етер. Бирақ бул бир сондай алдамшы ойын, “Пəлектиң гəрдиши” десер лақабын. Қайтыў из болмайды жолында оның, Кəр етпес тилегиң, байлық, атағың... Тек те инсан əрманының тарынан Шарқана тағылған тилсимли сазың Өлмеслик бабында бəслесип оған, Бийик ҳөнер күши сүрер лаўазым... Айралық самалы ышқы гулханын Үрлеп бир жандырса, сөндирип болмас. Əжел сазендениң алса да жанын, Муҳаббат намасын өлтирип болмас. “Муўса сен яр” болып мин ҳəўижиңе, Дос жылап, душпаның пушайман етсин. Сазларың таралып дүнья жүзине, Алыс əўладлардың дадына жетсин. Шерт достым, қыямет намаларыңа! Айралықтың үйи күйгей илайым. Мен ҳəм əрман менен кеткен ярыма Дийдарласып, тиллескендей болайын... 28-июнь, 1981-жыл. Москва. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling