Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
- Bu sahifa navigatsiya:
- СЕН ДЕГЕНДЕ
АТ ЗƏҢГИСИ ЗЫҢЫЛДАР...
Тарлан шабыс талўас етип таңларда, Таң самалы ойнап сулыў жалларда, Бесиктей тербелген алма көз атлар, Барар еди гүўлеп гүзар жолларда. Сүйсингеннен бала жаным үзилип, Жол бойында қарар едим қызығып, Алмаўыты атлар шайнап суўлықты, Барар қыл қуйрығы тал-тал сүзилип. Жигитлер ат емес, алтын тахтында, Бақырып сөйлесер нелер ҳаққында, Сонда зыңлап сес береди зəңгилер, Атлар атқа қапталласқан ўақтында. Зəңгилер қағысып, атлар желеди, Сап гүмистиң сыңғырлысы келеди. Жүз даўыслы оркестрдиң ишинен, Бул сеслерди таныр едим еле де. Естен кетпес, еситсем де бурында, Бир əжайып сес бар оның сырында, Ҳəр əўлад усындай зəңги қағысып, Гүўлеп кетип барар өмир жолында... Ҳəр əўладтың өз дүркин, өз заманы, Сүрип барар дəўран атлы жорғаны. Теңли-тусы менен ойнап-күлисип, Қандай жақсы зəңгилесип барғаны. Ел хызмети деген бир уллы гүзар, Биреў шаңда қалса, биреўлер озар, Лекин жубын жазбас жолға бир шыққан, Топлымсыз шапқан ат туяқтан тозар. Көргенлердиң алып ақыл - еслерин, Айдаң қапталласып, зəңгилеслерим! Мениң бала гезде сүйсингенимдей, Баллар ядлап қалсын зəңги сеслерин... 1980-жыл, май. СЕН ДЕГЕНДЕ Жулдызлардың ең жақтысын Терип - терип алағойған, Адамлардың ең жақысысы Сол жақтыға барағойған. Асқар таўдай адамлықты, 140 Ағын суўдай ҳадаллықты, Уллылықты, еденликти, Көкирегине қуяғойған. Сен туўарсаң ақылды да, Сулыўды да, батырды да... «Халық» деп сениң атыңда да, Ким қойса да дана қойған. Сен қуўансаң, кеўлим тасып, Ай - жулдызды аралайман. Сəл инжылсаң, мазам қашып, Саў жанымды жаралайман. Базда өзим данадайман, Базда исим шаладайман, Сени көрсем, өз атама Еркелеген баладайман. Сен йош берсең, сөз табаман, Бирден еки деп санамайман. Сен буйырсаң, бассаламан, Дуў - сыйыңа қарамайман. Кеўлиңди табыўды ойлап, Бир сөзди бир сөзге байлап, Қара түнде қəлем шайнап, Ақ қағазды қаралайман. Əрманым сол, турсам - жатсам, Сөз қусын ушардан атсам, Саған аз - кем сөз унатсам, Басқа бахыт сорамайман. Əжинияз, Бердақ өтти, Аббаз, Садық жырлап өтти, Дəрья болып ҳағлап өтти, Сол дəрьяны жағалайман. Hамыс ушын ат қашырған, Бийик əрманған асылған, Мен де журт қусап тасынған Бир жапакеш шымалайман. Қосық - теңиз, болсам - балық, Ис буйырса сиздей халық, Аяғымды қолға алып, Басым менен жумалайман. ИЗЛЕНИЎ Өмир излениўден турса итимал. 141 Изленемен, күндиз қолымда шырақ. «Излесең табарсаң» деген де сөз бар, Дурыс-надурысын сынап көрмедим бирақ. Излеймен жол жүрип, китап ақтарып, Журттың сөзлерине қулақ саламан, Самалдан сорайман шөллерге барып, Жулдызларға қарап ойға таламан. Излеймен күн бойы бир көмик қазып, Терим жаўырныма шыққанға дейин. Излеймен түн бойы қосықлар жазып, Таңғы уйқы келип жыққанға дейин. Аңшы дүзге шықса излейди таўшан, Тырна жалғыз қалса тырнасын излер, Қызлар таң сəҳəрде булақ басынан, Ақшам түсип қалған сырғасын излер. Ҳасла тақатым жоқ, ҳасла төзбеймен. Жоқ жойытқан жоқшыдай саламан сорақ. Өмирим бойы бир нəрсени излеймен, Не нəрсе екенин билмеймен бирақ... 1979-жыл. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling