Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet82/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   78   79   80   81   82   83   84   85   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

МЕН ҚАЛАДА ОҚЫҒАНДА 
 
Сабақтан кеш шығар едик,
Мен қалада оқығанда.
Күн бата аўылдан келип,
Күтер еди анам сонда. 
Пахта завод дийўалына
Сүйенип ол турар еди.
Пүткил дүнья қыялына
Мен деп жолға қарар еди. 
Төбемди ҳəр көрген сайын,
Бир жыллы сөз айтады ол.
«Шаршадың аў, айнанайын»
Деп басымнан сыйпады ол. 
Қайта туўғандай қуўанып,
Алды-артыға қарамай ақ,
Қараңғыда қарыўланып,
Барар едик жалақ аяқ. 
Ийт көринсе қарсымыздан,
Қорықпағанға усар едик.
Адам шықса алдымыздан,
Жолдан шетке қашар едик... 
Енди базда машиналы
Өтсем зуўлап сол кəрадан,
Желбиреп ақ орамалы,
Мени күтип турар анам. 
Ҳəм төбемди көрген сайын,
Қуўанып қол былғағандай.
«Шаршадың-аў, айнанайын!»
Деп басымнан сыйпағандай. 
Март, 1987-жыл. 
ГҮЗ КӨРИНИСИ 
 
Жыл қуслары интурист болып,
Ҳиндстанға ушып баратыр.
Теримши гүз əнжамын көрип.
Атызларға қурды ақ шатыр. 
Салқын лебиз өнип желлерге,
Мийнет сүйгиш насослар тынды


172 
Атланысқа таяр пиллердей
Комбайнлар сапқа дизилди. 
Гүз бояды «намазшамларға»
Ерик бағдың уша басларын.
Шығыр таллар тынық суўларға
Үңилисип тарар шашларын. 
«Терим ушын бəри таяр!» деп,
Мағлыўматлар кетти қалаға.
Адам бармас бир атыз шертек
Қаңқыяды қула далада. 
Ҳəзирше жүр қол теримшилер,
«Бул тек басламасы» дескендей.
Автобуслар кəрўаны келер,
Қала аўылларға көшкендей. 
Дефолиация ўақтында өтти,
Ашық-жарық күнлер көп болғай.
Жолға шығар соқбақтан шетте
Өлип атыр бир пошша торғай. 
Пахталықтан қурт излеймен деп,
Өлген сорлы кеше уўланып.
«Быйыл план зор болады» деп,
Бригадир барар қуўанып... 
Октябрь 1984-жыл.

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   78   79   80   81   82   83   84   85   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling