Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet84/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   80   81   82   83   84   85   86   87   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ПƏЛЕКЛИ ҚОСТА ТҮНЕЎ 
 
 
Ўа жолаўшы, уйқың қатты екен дым,
Жаслай жатып, картайғанда ояндың. 
А. С. Пушкин. 
 
Таң сəҳəрден жолға түсемиз жəне. 
Уйқыңды питирип ал, жаным, қəне. 
Жас уйқы тез қанбас. 
Қарама маған, 
Мен көп уйқлағанман өз өмиримде, 
Уйқыңды гүзетер жулдызлар шамы. 


174 
Қаныңдай лəззетли жаздың ақшамы! 
Қосбаққыш ғаррының гəпи таўсылмас, 
Жыйналғанша усы палыз бақшаны. 
Узамай ай батып, түсер қараңғы; 
Дүз уйқысы емлер кеўил жараңды. 
Мийзан түссе керек, ҳаўа тоңазып, 
Жақсылап қымтыйын пешеханаңды. 
Түтинлик салғаным, 
Шылым шеккеним, 
Жəне уйқысызлық атын жеккеним. 
Сүрилмеген қыял, 
Ойланбаған ой, 
Жазылмаған қосықларым көп мениң ... 
Муҳаббат ҳəм қосық - азаплы əрман,
Сол еки есикте өлиўге барман.
Жол шаршатқан жас уйқыңды гүзетип, 
Таң атқанша қосық ойлап шығарман.
Самал қосық пенен тыныс алғандай,
Жулдызлар да қосық болып жанғандай,
Пүткил əлем қосық дəрьясы болып,
Руўҳым арқалы ағып турғандай.
Ҳəўлиртип, түнлерге урып таңымды, 
Ҳалласлатып жүректеги қанымды,
Сол дəрья бийрəҳим дегиши менен
Ийрим тартып геўлеп атар жанымды. 
Сонда мен өзимди шайыр сезермен, 
Кеўлим-сегбир тартқан бир ҳақ Бəзерген,
«Малыма қарыйдар табылғай да» деп,
Жанға қысым қылып, шөлге төзермен. 
Жолларым қулазып, базда бос шығар,
Гə усындай бир пəлекли қос шығар.
Гейде гүлхан жағып жолдың шетине,
Түнеп атқан бир сəўбетлес дос шығар, 
Жолшыға таптырмас бахыт бул əне, 
Қаўышыў-ғəниймет, жол жүриў бəне.
Гүрриңлесип, көз илгитип азырақ,
Таң сəҳəрден жолға түсемиз жəне . . . 
Алыста мунартар аўыл тереги,
Таўықлар шақырып, ийтлер үреди.
Тынған керизинен насос салманың
Қурбақалар тынбай концерт береди,
Түнге үңилсең кеулиң ҳүрейленеди,
Кирпишешен тысыр-тысыр келеди,
Балларын қымтаған ана қолындай,
Бийшеклерин қымтар қаўын пəлеги.
Ҳəкке шықылықлап табар сум хабар,
Шық түсти маўжырап, ҳаўада ызғар.
Самал ойнап үстин ашып кеткендей,
Жалаңаш теңкейип уйқылар ғарбызлар. 


175 
Аўыл сыртында яр күтсе интизар,
Шолпан «уйықлап қалып» қылық шығарар.
Қара шашың менен ақ билегиңе
Пешехана сыртынан ай сығалар.
Сен оянып айттың: «Еле жатпадың.
Болды, қыйнай берме қыял атларын ...»
Мен айттым: «Азырақ тамашалайын
Дүзде таңның қулан ийек атқанын...»
Əне, түнге таң гезеги аўысып,
Жулдызлар биримлеп түңлик жаўысып,
Еситилер гейде палыз шетинен
Ғаррының «ҳайта-ҳайт!» деген даўысы.
Қорықшысы сақ болмаса серлеген,
«Қаўынның жақсысын сағал жер» деген,
Сондай поэзия палызында да
Усыған тəқаббил ислер бар деген . . . 
 
Тəəжжуб қаласаң заманға қарап, 
Не деген кең сая, мийўалы дарақ, 
Жан аўыртпай оның жемисин терип,
Көплер тили менен орып жүр орақ.
Ким ис жақпас болса ақылы зайыл,
«Шайыр болып» шығар ғайыптан тайып,
Еңбек пенен еккен пəлек өскенше,
Ийт түйнеклер сырғыр урқанын жайып.
Мəрт болсаң жулып көр...
Боларсаң ақмақ, 
Тум-тустан шуўласар оларды жақлап,
Атақ-абырай атын тартып алдына,
Китапларын басар алтынға қаплап.
Тийип кетсең, айтар «қой, тиймеңлер» деп,
Бақырар: «талантты қəдирлеңлер» деп,
Арзасына виза шегер ағамлар,
«Китабын шығарың, жəбирлемең» деп.
Жаўшымшық тийгендей пискен тарыға, 
Тапсып ақыл айтып тийер жаныңа, 
«Атшабары» ҳəм «Көкаман» дегендей,
Өзлериндей жəҳил сыншылары да...
Биреўлери тынбай қəлем тербеген,
Өз жазғанын өзи оқып көрмеген,
Биреўлери гегирдекке суў бүркип,
Озады деп жасларға жол бермеген. 
Мақтымқулы, Бердақ келсе тирилип,
Усылар менен бир нəўбетке турылып,
Топламлары шықпай жаўрасар еди, 
Баспахана планынан сүрилип . . . 
Орсақы сөз айтып күлдирсе залды,
Сый-ҳүрметтиң зоры соларға қалды.
Көркем сөз деп шəлкем сөзди үйренген,
Мен аяйман аўлдағы балларды...
Салы арқасында суў ишсе шигин,


176 
Алымлар гербицид шашады бүгин. 
Исенбеймен: НТР жол табар деп,
Шайырлық атызын тазалайтуғын . . . 
Яшағай, таң атты! 
Ояндың сен де, 
Түндеги тар кеўил кеңейди демде. 
Жақсы адам екен қорықшы ғарры, 
Алғыс айтып, жолға түсейик енди. 
Сен қасымда барда жоллар рəўан, 
Руўҳым жасарып, йош енер маған. 
Гөззал арзыўлардың сырлы мəнзили
Сени алып кел деп меннен сораған.
Ол мəнзил мен ушын жулдыздай жырақ. 
Əлбетте жетерсең сен оған бирақ.
Үмит, мириўбетли өмир жолында
Адам адам ушын əдиўли қонақ.
Қанша жол бар, ойға алмайын ҳасла,
Кеўил тасып ақсын жулдызлы йошқа.
Дүнья турар, дəўран өтер ҳəр кимнен,
Бир түнеп шыққандай пəлекли қоста... 
Сентябрь, 1986-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   80   81   82   83   84   85   86   87   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling