ЖурналистикағА ҚӘдем нөкис 2021 удк


«Информациялық коммуникация әсири»


Download 0.52 Mb.
bet12/15
Sana17.06.2023
Hajmi0.52 Mb.
#1527329
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   15
Bog'liq
KITAP

«Информациялық коммуникация әсири» деп аталған XXI әсир өзи менен бирге, электрон газета, интернет журнал, цифралы телевидение ҳәм On-Line(Он- лайн) режиминде ислейтуғын информациялық системаны да алып келеди. Бул заманагөй журналистиканы сапа ҳәм оперативлик бойынша жаңа басқышқа көтерди.
Енди күнделикли хызметимизде мийнетимизди бир неше жүзлеген мәрте жеңиллестирип, столымыз үстинде ең тийкарғы қуралымызға айланған компьютер информациялық технологиялардың кең тарқалған бир түрине айланып, оның функцияларын және де жетилистирген интернет тармағы, модем, сканер, принтер, мағлыўматларды сақлаў базасы усаған техногиялар пайда болды.
Солай етип, ғалаба хабар қураллары хызметинде жаңа мәлимлеме технологиялары және де өзгерислерге ушырап, бүгинги күн журналистикасы глобалласыў, конверсия (конвергенция), дигитализация(цифраласқан) процеслерин бастан кеширип атыр.
Журналистикада конверсия - түрли электрон технологиялардың раўажланыўы менен олардың өз-ара қосылыў, бирлесиўи дегенди билдиреди. Айырым шет еллерде оны «Конвергенция» деп те атайды. Мәселен, телевидениеде видеокөринис, ҳаўаз бенен қоса титр, жазылған тексттен ўақыяларды жазыў, видео-көринис, фотосүўретлер арқалы радио, телевидениеге жалғасып кете береди. Булардың барлығы цифраластырылған (дигитализация) ең жоқары, ең жетилген технологиялар арқалы иске асырылады.


БАСПАСӨЗ, ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫ
ЕРКИНЛИГИ
Адамзат барлық ўақытта еркинликке, ғәрезсиз өмир сүриўге талпынып келеди. Еркинлик дегенимиз ҳәр бир адамның алға қойған мақсети, өмирдеги қызығыўшылығына қарай еркин ҳәрекет етиўи ҳәм өмир сүриўи болып есапланады. Еркинлик ҳәм турмыс зәрүрлиги бир - бири менен тығыз байланыста болып, адам өмиринде бул ҳәрекетлер тәбият ҳәм өзи жасап атырған жәмийет нызамлылықлары арқалы иске асырылады.
Адамлардың еркин жасаў өлшеми ҳәр бир тарийхый дәўирде ҳәр қыйлы болады. Жәмийет ағзалары еркин сөйлеў, баспасөз, жыйналысларда, митинглерде сөйлеў, жазыў еркинлигин талап етеди. Ҳуқықый принциплерге қурылған демократиялық мәмлекетлерде адамлардыц бул ҳуқықы Конституция менен белгиленеди, баспасөз еркинлиги де усы ҳуқықый нормалардың ишине киреди.
Адамзат тарийхында дәслепки газета-журналлар, баспа өнимлери пайда болыўы менен баспасөз еркинлиги мәселеси де пайда болды. Бул, жоқарыда айтқанымыздай, жәмийеттиң раўажланыўының ҳәр қыйлы басқышында конкрет бир мәмлекет сиясаты менен идеологиясына қарап белгиленеди. Журналистлик хызметте баспа сөз еркинлиги, улыўма еркинлик тәбият ҳәм жәмийет нызамлылықлары тийкарында алдына қойған мәселеге ерисиўден ибарат болады. Егер гөзлеген мақсет улыўма инсаныйлыққа қурылған нызамлықларға қайшы келсе, мақсетке ерискен болмайды.

Download 0.52 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   15




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling