Айжан
|
-Жанагы болажак куйеу баламыздын аты ким екен?
|
Макпал
|
-Әй, аты карк емес! Кийикбай. Онын атын коссан адамлар кийиктин гошин сататугын жер ме деп….(куледи)
|
Шамурат |
Онда жейран деп кой кызым.
|
Макпал
|
Жейран !? О, катып кетти! Автомобиллерди оңлайтуғын киши кәрхана ашажақпан. Соған «Жейран» деп ат қойсам қатып кетеди екен! Кийиктиң атын да Жейран деп өзгертемиз. Уллы болсақ Байрам, қызлы болсақ Сайран!
|
Айжан__-Қәнекей,_тезирек_ақлық_көре_қойсақ,_қызым!__Мақпал'>Айжан
|
-Қәнекей, тезирек ақлық көре қойсақ, қызым!
|
Мақпал
|
-Мен оны сизлердиң алдыңыздан өтиўге шақырттым. Ҳәзир келип қалса керек.
|
Айжан
|
-Маңлайым-аў, жаңағы Жейраның ба? Онда оған таўық-паўық сойыў керек-ғо.
|
Мақпал
|
-Оған ондай таўық-паўық сойып ҳәлеклениўдиң кереги жоқ. Ол аса сый-ҳүрметти биле бермейди.
|
Айжан
|
-Не дейди, сорым? Орыс емес пе?
|
Мақпал
|
-Орыс та емес, карис те емес. Алдына не қойсаң да жей береди. Қуры чай менен қайтарсаң да кеўли баяғыдай.
|
Айжан
|
-Қорада қозыда бар-аў, жора-поралары менен келип қалса?
|
|