К. Рахманов Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Яр дийдары


Кийикбай -Яқшы онда, өзиң бил. Мақпал


Download 273.5 Kb.
bet21/24
Sana24.12.2022
Hajmi273.5 Kb.
#1063512
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   24
Bog'liq
К.Рахманов. Яр дийдары

Кийикбай

-Яқшы онда, өзиң бил.

Мақпал

-Той қалай өтер екен. Көп адам келеме?

Кийикбай

-Аўа ҳәмме жерге ат жиберемиз.

Мақпал

-Сен досларың жоқ деп атыр едиң ғой?

Кийикбай

-Досларым көп екен ғо.

Мақпал

-Мениң ағайинлеримди де шақырсаң ба?

Кийикбай

-Аўа, ҳаў енди сен мениң бир қанатымсаң ғой.

Мақпал

-Екинши қанатың ким?

Кийикбай

-Екиншиси өзим ғой. Енди бизлер узақ-узақларға ушамыз. Таўлардың басына да қонамыз.

Мақпал

-Таўлардың басында не қыламыз? Қой ол жер суўық болатуғын шығар. Жаз кунлери де таўлардың басында қар жатады ғой.

Кийикбай

-Бизлер ушып баратуғын таўлардың басында тек гуллер ғана өседи. Билесең бе, ол таўларға сениң қүдиретиң менен жетемиз. Ол таўлар-бизиң бахтымыздың таўлары, мәртебемиздиң таўлары.
Мақпал

-Жүрегиң ат туяқларының дубирлисиндей ғой. Қуўанып атыр ма? Қорқып атыр ма? Мен деп соғып атыр ма? Усылай етип мәңги соға берсин! Жаным, мәңги, мәңги, мәңги…! Енди жаңа гузарымыз басланады. Биз сол айдын гузар менен кете беремиз, кете беремиз.


Download 273.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   24




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling