Кийикбай
|
-Мен саған тек палымды инам етемен, Мақпал!
|
Мақпал
|
-Сен қатал адам бол, Кийик. Кеўлим ушын бәрине ләббай дей берме. Ондай еркеклерди жинимнен бетер жек көремен.
|
Кийикбай
|
-Усындай сөзлерди қаяқтан табасаң, Мақпал?
| Мақпал |
-Мен усы ўақытқа шекем, өзимниң кеўлимдегидей жигитти таба алмадым. Соның ушын өзимди ис билерменликке бағышлап едим. Енди бугин излегенимди таптым, яғный сени таптым Кийик!
|
Кийикбай
|
-Мениң де ендиги өмирим өзиңсең Мақпал.
|
|
МУЗЫКА (Дуэт)
|
Мақпал
|
Дәўлет қустай қондың ба сен, мухаббат,
Яр дийдары болдың ба сен, мухаббат?
От пенен суў арасынан жеттиң бе,
Гә күйип, гә тоңдың ба сен, мухаббат?
|
Екеўи
|
Гезейин жаслықтың майданын,
Сезейин жулдызлар сайранын,
Келеди бағларда сайрағым,
Сен маған қайтып кел, мухаббат.
|
Кийик
|
Аспандағы пәрўазсаң сен, мухаббат,
Сағынышлы сәрназсаң сен, мухаббат.
Булт пенен нур арасынан жеттиң бе,
Бәҳәрсең сен, гүл жазсаң сен, мухаббат.
|
Екеўи
|
Таңларым атпасын селтеңсиз,
Жасаўға болмайды ертеңсиз.
Тулпарым турмасын ертлеўсиз,
Сен маған қайтып кел муҳаббат.
| Жипек |
-Мақпал апа, Ташкенттен факс келди. Кешеги өткерилген «Ташаббус» көригиниң жеңимпазы болыпбыз. Соның жуўмақлаўшы басқышына қатнасыў ушын Сизди Ташкентке шықырыпты.
|
|
Do'stlaringiz bilan baham: |