Камал Палымбетов
Турдыбай Оразов
ТИЛ БАЙЛЫҒЫ ЕЛДЕ…
Нөкис - 2019
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАЫ ХАЛЫҚ БИЛИМЛЕНДИРИЎ МИНИСТРЛИГИ
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ХАЛЫҚ БИЛИМЛЕНДИРИЎ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИН ҚАЙТА ТАЯРЛАЎ ҲӘМ ОЛАРДЫҢ ҚӘНИГЕЛИГИН АРТТЫРЫЎ АЙМАҚЛЫҚ ОРАЙЫ
Камал Палымбетов
Турдыбай Оразов
ТИЛ БАЙЛЫҒЫ ЕЛДЕ…
(Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлик берилгениниң 30 жыллығына)
(Методикалық қолланба)
Нөкис – 2019
Палымбетов К., Оразов Т. Тил байлығы елде… - Нөкис:
«Қарақалпақстан» 2019, ___бет.
Бул методикалық қолланба Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилген күниниң 30 жыллығына байланыслы таярланды. Қолланбада қарақалпақ шайырларының ана тили ҳақкында жазған қосықлары, ана тили ҳаққында ҳикметли сөзлер ҳәм нақыл-мақаллар, жумбақлар, данышпанлар, мәмлекетлик ғайраткерлер, илимпазлар, жазыўшы ҳәм шайырлардың тил ҳаққында айтқан даналық сөзлери, сондай-ақ, муғаллимлердиң тил кешесин өткериўде пайдаланыўы ушын байрам сценарийиниң үлгиси берилди.
Методикалық қолланба қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў курсы тыңлаўшыларына, муғаллимлерге, оқыўшыларға ҳәм студентлерге пайдаланыў ушын усыныс етиледи.
Пикир билдириўшилер:
Пахратдинов Қ. – филология илимлериниң кандидаты, доцент
Утемуратов Б. – филология илимлериниң кандидаты, доцент
Турымбетов Б.- ҚР ХБХҚТҚА аймақлық орайы үлкен оқытыўшысы
Бул методикалық қолланба Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайының 2019-жыл 31-августтағы Илимий-методикалық кеңесиниң 6-санлы протоколы менен тастыйықланған.
«…Ҳәр биримиз мәмлекетлик тилге болған итибарды ғәрезсизликке болған итибар деп, мәмлекетлик тилге ҳүрмет ҳәм садықлықты ана ўатанға болған ҳүрмет ҳәм садықлық деп билиўимиз, сондай көзқарасты турмысымыздың қағыйдасына айландырыўымыз керек.
Бул жоқары инсаныйлық ҳәрекетти бәршемиз өзимизден, өз шаңарағымыз ҳәм жәмәәтимизден баслаўымыз, ана тилимизге, үрп-әдет ҳәм қәдириятларымызға ҳүрмет, Ўатанға меҳримизди әмелий жақтан көрсетиўимиз керек».
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң отыз жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги «Миллий өзлигимиз ҳәм ғәрезсиз мәмлекетшилигимиздиң тымасалы» атамасындағы баянатынан.
Do'stlaringiz bilan baham: |