Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…


Download 414 Kb.
bet14/33
Sana18.12.2022
Hajmi414 Kb.
#1029283
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   33
Bog'liq
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ

Қыятбай Мәдреймов
Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист


ТИЛДИ БИЛИҢ

Тилди билген елди билер,


Ел билгенниң зейини илер,
Оған дәўлет-бахыт күлер,
Тилди билиң, тилди билиң.

Миллеттиң нышан-ураны,


Инсанның қатнас куралы,
Сөйлессең кеўлиң толады,
Тилди билиң, тилди билиң.

Жердиң жүзин гезгиң келсе,


Көп нәрсени сезгиң келсе,
Өзгерислер қылғың келсе,
Тилди билиң, тилди билиң.

Дүньяны жақсы билмесең,


Көп нәрселерди илмессең,
Жақын-алысты көрмесең,
Тилди билиң, тилди билиң.

Алдыңғы усыл, тәжирийбе,


Зәрүр ҳәзир барлық елге,
Күш берер илим-өнерге,
Тилди билиң, тилди билиң.

Инвесторды тартқың келсе,


Кәрхана цех қурғың келсе,
Көп қәрежет тапқың келсе,
Тилди билиң, тилди билиң.

Тил инсанды досластырар,


Тил билген ел раўаж табар,
Тил дүньяны услап турар,
Тилди билиң, тилди билиң.

Жәҳән танысын десең елди,


Тил билиўге буўың белди,
Жаслар сизге әўмет келди,
Тилди билиң, тилди билиң.

* * *
Генжебай Жүгинисов


шайыр


ТИЛИМ

Үйреншикли жалпақ тилим,


Сени қәдирлеп сүйдим,
Жат жерлерде жүрген менен,
Тынық - таза сөйлеп билдим.

Үйреншикли жалпақ тилим,


Усы тилден алдым билим,
Ким өзгертсе жалғыз сөзин,
Қәдирлемес туўған жерин.

Туўған жерин қәдирлеген,


Шын азамат өз елиниң,
Арын арлап, жырын жырлап,
Сөйлегенди халық сүйген.

Үйреншикли сөйлер тилим,


Қәдирлеймен ҳақтан өзим,
Қарақалпақ әййемги халық,
Бабам сүйген сөйлер тилим.

* * *
Зийўатдин Заматдинов


шайыр


ТИЛ

Гүрриң етти отырған ғарры,


Ҳасыл сөздиң маржанларынан,
Күлимсиреп жигит жайдары,
Айтты шет тил мысалларынан.

Оның бираз зәриў екенин,


Түсиндирди ғаррыға анық,
Ғарры сонда көзлерин жаслап,
Қой, қарағым етпе балалық.

Тил шубарлап сөйлер биразлар,


Ондайлардан болғайсаң жырақ,
Ҳасыл сөздиң маржанларынан,
Өз тилиңе жетпейди бирақ.

* * *


Download 414 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling