Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…


Download 414 Kb.
bet17/33
Sana18.12.2022
Hajmi414 Kb.
#1029283
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   33
Bog'liq
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ

* * *
МИЛЛИЙ ТИЛИМ

Археолог бураў салып қазса да,


Жете алмаған ойға алым жетипти,
Жуўмақ шықты: Бердақ қосық жазса да,
Миллий тилди еситпей-ақ кетипти.

Тил қәлибим жүз жыл бурын енипти,


Әжиниязды әдебият тур аяп,
Ел тәғдирин толғай-толғай өлипти,
Жийен жыраў қарақалпақ болмай-ақ.


* * *
Алтынгүл Өтениязова
шайыр


АНА ТИЛИМЕ

Бул әлемде қанша-қанша халық бар,


Жанажан бар, бийгана бар, алық бар,
Өзиң менен халқым – даңқы шарықлар,
Ана тилим, уллы тилим өзиңсең.

Анам мени бөлеп, шайқап бесикти,


Усы тилде «бахытлы бол» десипти!
Сол арқалы аштым уллы есикти,
Маған ығбал-бахыт болған өзиңсең.

Ҳақ жол тилеп қолын жайған әкемниң,


Ләблеринен жыллы лебиз әкелдиң,
Сырларына пүткил жақты әлемниң,
Жүрегимди таныстырған өзиңсең.

Сен ығбалсаң, бизге тәғдир арнаған,


Сен қосықсаң, жүрегимди жаўлаған,
Сен анасаң меҳир отың лаўлаған,
Мақтанышым, бийлик алған өзиңсең.

Бөбеклердиң тиллериниң палы сен,


Аналардың ҳәййиўиниң жаны сен,
Ҳүр халқымның абырайы, ары сен,
Әсирлерден алтын мийрас өзиңсең.

Өзгешесең сонша тилдиң ишинде,


Мәргияның тәсири бар күшиңде,
Сенсиз сирә мазмун болмас исимде,
Ана тилим қәсийетлим өзиңсең.

* * *
Қалжан Мәмбетияров


шайыр


ТИЛ

Ел ишинде ушар пәрсиз қанатсыз,


Дүньяны бийлейди қурал-жарақсыз,
Өмир сүрер мәңгиликке алаңсыз,
Таўсылмас ғәзийне, кәни бар тилдиң.

Жүрек сезиминиң гилти қолында,


Өриси кеңейген мийнет жолында,
Талабы келискен, иси оңында,
Табысты тәриплер кәри бар тилдиң.

Кеўилдиң даўасы, тилектиң еми,


Сөзин ақ қағазға салар қәлеми,
Нағышлары мың қубылып келеди,
Өмир рәўшаны өзинде тилдиң.

Ашшысы зәҳәрдей, душшысы палдай,


Ашшысы дәнени шағып алғандай,
Жақсысы жүректен тараған қандай,
Тәнге дәрман берген сөзи бар тилдиң.

Жүреклерди сөзи менен бийлеген,


Надурыслықты бизи менен түйреген,
Қыйсықларды қысып, дурысқа тиймеген,
Ҳақыйқат, әдиллик анасы тилдиң.

Билимниң устасы, кеўил бәҳәри,


Еткен хызметлери елге баҳалы,
Дәлден туўры келген нақыл-мақалы,
Қосық, поэзия ағласы тилдиң.

Қатнасық қуралы жүрек тарындай,


Мәниси мазалы өмир палындай,
Ҳәрбир сөзи атқан бахыт таңындай,
Гәўҳары жайнаған мудамы тилдиң.

Сыртқы, ишки сезимлердиң арасы,


Жүректиң тамыры, көздиң шарасы.
Ҳәрекетке түсер ағы, қарасы,
Ақыл таўлағанда тамырын тилдиң.

Ен жайдырып кәмалына келтирген,


Еркин берип мақсетине жетирген,
Таза сақлап тар жоллардан өтирген,
Жаңа заман заўқы қуўаты тилдиң.

Қалжан йошып-йошып атлан аймаққа,


Сөзди ора пал ширели қаймаққа,
Өлшеп ойыңдағы нәзик оймаққа,
Маржанды диз сулыў дүринен тилдиң.



Download 414 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling