Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…
Download 414 Kb.
|
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ
- Bu sahifa navigatsiya:
- Кеңесбай Тилеўов
- Жолдасбай Дәўлетмуратов
Қайыпназар Матразов
шайыр АНА ТИЛИМ Ана тилим – ана сүти менен, Қанға сиңдиң, жанға сиңдиң, Соқпақ ҳәмде жоллар менен, Жүрип келип сени билдим. Ең биринши рет ана дедим, Айбатым сен болдың тилим. Қарыздарман өзиңе – өзим, Өз алдына орның, билим. Ана тилим, дана тилим, Халқым өзиң, жаным өзиң. Бастан айтсам бирим-бирим, Қайнап турған қаным өзиң. Ана тилим әжайып бағ, Шешен тилим, шебер тилим. Ҳәм ардақлап, сени улығлап, Өмир өтер, өтер күним. Ана тилим, тарийх тилим, Дәўирлердиң гүўасысаң. Сенсең мениң жаны-дилим, Ата-баба дуўасысаң. Ана тилим, сен мол дәўлет, Ҳәм бийбаҳа байлығымсаң. Дарып турған мол берекет, Аралымсаң, Жәйҳунымсаң! Сен туўылған топырағымсаң, Киндик қаным тамған жерсең. Көгис дөңген жапырағымсаң, Демек, пүткил өмирим-сенсең! * * *
шайыр АНА ТИЛИМЕ Ана тилим, мақтанышым, тирегим, Сениң менен тасқынлайды жүрегим. Жүйрик сөзлер менен талай даўларда, Пайын алып, даңқ шығарған, бул елим. Аа тилим, таўып сөздиң жүйесин, Алып берер ол халқымның үлесин. Ана тилим жеңилмес күш биз ушын, Қорғайды ол өз намысын, өз елин. Жасап өткен буннан көп жыл илгери, Аллаярдай бабам ядқа түседи. Москвада «Бозатаў»ды айтып ол, Елдиң пайын алып берген деседи. Ана тилим, ар-намысым, ығбалым, Жүрегимнен өшпес, жақты нурларың. Бул халықтай халық барын жәҳәнге, Таныта бер, мәңги тилим-зибаным! * * *
шайыр АНА ТИЛИМ Анамның меҳринен кирип санама, Ақ сүтинен денем бойлап тараған, Әкемнен аманат меннен балама, Аа тилим, мәргиямсаң, мийрассаң. Уллы зибан бесигимниң қасында, Еситпеген, ким бар оны жасында, Қосыққа бас тема, қосық басында, Ана тилим, анам айтқан ҳәййиўсең. Мойнымда мәңгилик, шешпес тумарым, Елимсең, халқымсаң, ҳүжданым арым, Сениң менен қарақалпақ боларым. Ана тилим, миллийлигим, даңқымсаң. Дуўтарда, қобызда, ырғақ сазымсаң, Тойларда жаңлаған, хош ҳаўазымсаң, Кеўлиме орнаған, бәҳәр-жазымсаң, Ана тил сайраған бүлбилгөямсаң. Сөзлериң бар кимге жулдыз тақтырған, Маржанлар ишинен маржан таптырған, Сен илҳамсаң, бизге қосық жаздырған, Ана тилим, лапызымсаң, йошымсаң. Ҳәзил-дәлкек, тойлардағы дегишпем, Ағайин, дос, сорасарым көриссем, Әлем менен таныстырған елшисең, Ана тилим, жол көрсеткен шырақсаң. Қыз мойнында алтын-гәўҳар моншақсаң, Көк көйлек, сәўкеле, кийсе шап-шақсаң, Жеңгелерге: -«ақ бала» ҳәм «аппақсаң». Ана тилим тәкирарланбас мийрассаң. Мектебимсең, әлипбени үйреткен, Тарийхымсаң, өткен күннен сыр шерткен, Келешекке, аманатсаң мен өтсем, Ана тилим, мәңги жасыл дарақсаң. * * *
Download 414 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling