Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…
Download 414 Kb.
|
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ
- Bu sahifa navigatsiya:
- Бекбаўлы Бектурсынов
- * * * Қалбай Рейипназаров шайыр АНА ТИЛИМЕ
Жылқыбай Үсенов
шайыр АНА ТИЛИМ Ана тилим пикир айтар қуралым, Жақсы иске жолды баслар ураным, Ана тилим арым болып бойдағы, Аман болсын қарақалпағым Тураным. Ана тилим қәдирданым ақылым, Басқа тилден жүрегиме жақыным, Ана тилим, мен адассам жолымнан, Жол мынаў деп нәсиятлаған нықылым. Ана тилим «алтын тахтым» сарайым, Хызметиңде өмир бойы жарайын, Сени әзийзлеп халқымызға үйретип, Аяқларым жеткен жерге барайын. Ана тилим сулыўлығым, сымбатым, Өзге тилден баҳалысаң, қымбатым, Жаслар тыңласа да батыс қосығын, Айтың «Бозатаўды маған тыңлатың». Ана тилим саған сондай қайылман, Не буйырсаң шәртлериңе тайынман, Сен болған соң қолы жетип әлемге, Қарақалпақлар дүньяға кең танылған. Ана тилим қәлбим ҳәмде жүрегим, Арзыўларым аппақ айдай тилегим, Жәҳәндеги көп тиллердиң ишинде, Қарақалпақ тилим мениң тирегим. * * *
шайыр ТИЛДИ ИСЛЕТКИШКЕ Айтқаныңның бәри пайда, Ҳәмме теңдей болмақ қайда? Текте тилин ислеткенниң, Сөзи қалар айтқан жайда. * * *
Еки қатар тисти дүзген қудайым. * * *
Жала жаппа намысыңды кетирип, Аўыздан шыққанды қайта жутыў жоқ, Зәренге түсседе, оның аты түкирик. * * * Қалбай Рейипназаров шайыр АНА ТИЛИМЕ Сен бар белгим өзлигимди аңлатқан, Миллетим бар тәнҳа өзиң бар ўақтан, Ата-бабам қыл қобызын қолға алып, Кең далада талай сени жаңлатқан. Барлық дәўир болған емес бүгиндей, Гей бир тиллер изсиз кетти көринбей, Жетип келдиң дәрек берип тарийхтан. Сөзлериң бар әсирлердиң мөриндей. Ҳәзил гәпке қарамайсаң қырынлап, Турарың бар тил ушында қыбырлап, Усындай да Ибрайым аға да. Сениң менен ғаз үркиткен сыбырлап. Аў мылтықтай дәл ушардан гөзлеген, Қағарың бар жалғыз оқтай сөз бенен. Ўа-ҳа-ҳаның ишинде де айырылып, Көринеди-аў жақынлығың өзгеден. Азық болсаң, қалыспайсаң қаймақтан, Жанағанда бетерсең-аў қайрақтан. Өзиң болып ер мойнында қыл арқан, Гүўа саған бир-биреўди байлатқан. Өлсең өли, тири болсаң тиримен, Сениң менен көп шайырдың биримен. Қыс күнлери жылыўыңды жеткерсем, Жаз болды деп жылан шығар ининен. Татып жүрмен сөзлериңниң мазасын, Айырмайман ески менен тазасын. Сен арқалы сумырайды силейтип, Тарттырамыз жалатайға жазасын. Қәдирданым, еситпесем сағынған, Өй-өрисим, санам саған бағынған, Әсирлерден асып турсаң тусымда. Ана тилим, бахтиярман барыңнан. Download 414 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling