Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…


Download 414 Kb.
bet24/33
Sana18.12.2022
Hajmi414 Kb.
#1029283
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   33
Bog'liq
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ

ТИЛ ҲАҚҚЫНДА ЖУМБАҚЛАР


***
Шықылдаўық алдында тақылдаўық.
(Тил)
***
Сайрайды да йошады.
(Аўыз, тил)
***
Қызыл сандық ишинде,
Көк-ала жыңғырлар.
(Аўыз, тил)
***
Жай ишине тутқан ший,
Ишинде бар әдил бий
(Аўыз, тис, тил)
***
Узын қайыр, узын қайыр,
Узын қайыр астында қара қайыр,
Қара қайыр астында жылпылдаўық,
Жылпылдаўық астында пысылдаўық,
Пысылдаўық астында тақылдаўық.
(Шаш, көз, қас, мурын, тил)
***
Узын, узын, узын жар,
Қызыл жар астында қара жар,
Қара жар астында тықылдақ,
Тықылдақ астында ысылдақ,
Ысылдақ астында тақылдақ,
Тақылдақ пенен биргее шақылдақ.
(Шаш, қас, тил, мурын, тис)
***
Қатар-қатар тас қойдым,
Жийрен атты бос қойдым.
(Тил, тис)
***
Ҳәмме ўақыт аўзымда,
Ҳеш жута алмадым.
(Тил)
***
Еки ошаққа бир көсеў.
(Жақ, тил)
***
Жол-жол жатыр, жол жатыр,
Жол үстинде пул жатыр,
Ақ қаланың ишинде,
Адамзатқа керекли,
Алтыннан бийик,
Яғлы-бәрли жан жатыр.
(Тил)
***
Үлкен қара үй, кишкене қара үй,
Ортасында Муртаза бий.
(Ерин, тил, бастың еки жағы)
***
Жол-жол жатыр, жол жатыр,
Жол үстинде қул жатыр,
Сонша қулдың ишинде,
Абылай деген ер жатыр.
(Кегирдек, тис, тил)
***
Қуры жүрсе былайша,
Ҳеш нәрсени кеспейди,
Силтесеңлер жек көрип,
Алмастан төмен кеспейди,
Тилкимлейди таслайды.
Бирақ адам баласы,
Оннан ҳасла өлмейди.
Өлимнен кем көрмейди.
(Адамның тили)
***
Толық денеси,
Дуйым күш ийеси,
Салпаў қулақ, қора да,
Сәл нәрседен алданады,
Балтасыз, пышақсыз,
Сындырады адамды,
Достына бас ийип,
Хызметшидей жүгин тасыйды.
(Тил)
***
Өзи сүйексиз,
Қалай бүксең де бүкленеди.
(Тил)
***
Биреўи сайрап тур,
Екеўи тыңлап тур,
Екеўи қарап тур.
(Тил, қулақ, көз)
***
Он бүркит, отыз аққуў, көлде жатқан,
Лашынның ҳийле менен дәмин татқан,
Телегей теңиз болып шайқалса да,
Бийдайық жемин таўып ушпай атқан.
(Он бармақ, аўыз, тил)
***
Үлкен үй,
Үлкен үйдиң ишинде киши үй,
Киши үйдиң ишинде палўан бий.
(Аўыз, тис, тил)
***
Ҳасла жаманлық етпегей,
Егер жаманлық ете ғойса,
Тап жаныңның душпаны.
(Тил)
***
Бир үңгирдиң ортасында,
Шарқ урады қызыл жылан.
(Тил)
***



Download 414 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling