Нуржамал Кәраматдинова
Нөкис қаласы
АНА ТИЛИМЕ
Ойынқумар баладайсаң, сен, тилим,
Теңеўлерге қарасам бир бурылып,
Ойнайтуғын ойының да бир илим,
Гә таңлайға, гә тисиме урылып.
Мейли ойна, таңлайды ур, тисти ур,
Ойының бузбасын тыныш уяны,
Не қылсаң да пайдасы бар исти қыл.
Аўыр дейди тилдиң қылған зыяны.
Бирақ сениң ойынларың өзгеше,
Кишкене бир сестен гәплер қурайсаң,
Татлы гәплериң бар нешеден-неше,
Кеўилге йош инам етер муңайсам.
Тилим, ҳәр бир иске өзиң бас болып,
Кеўиллерди түрли-түрли сынайсаң,
«Сәлем» дегениңе қалсам мәс болып,
«Хош бол»ыңа ериксизден жылайман.
Еркиңе қойыўды ойласам сени,
Абайсыз кеўилге тиййиўиң де бар,
Ақылға арқанлап қоймасам сени,
Басымды төменге ийиўиң де бар.
Тилим, қуўанаман ойлап қарасам,
Дүньяға жыллы сөз етесең инам,
Жақсы сөзим жәннет мүлки саналса,
Тилден шыққан жаманы – аўыр гүнам.
«Не тапсаң тилиңнен табасаң», - дейди,
Тилимнен терейин гәўҳар тасымды,
Ана тилим, қайда болсам да, мейли,
Қүдиретиңе мен ийемен басымды!
* * *
Узақбай Икмаев
АНА ТИЛИМЕ
Турымбийге дар арқанын кестирип,
Ерназарды жаў атына мингизип,
Небир қыян-кести даўларды шешип,
Өлимнен қутқарған Ана тилимсең!
Жаў жарағы Бердақ мүлки ништердей,
Алық барма Жийреншедей шешеннен,
Пай бермеди ханлық қастын тиккенде,
Дөрелген сөз бәри Ана тилимнен.
Ибрайым шайырдың қуралы едиң,
Жақсыға, жаманға жаў-жарақ едиң,
Дүньяға келгенге тәрбия бердиң,
Рийзаман уллы Ана тилимнен.
Иретли жеринде өткир алмассаң,
Ипласлықты бул дүньядан жалмайсаң,
Сен арқалы дәўлет келер елиме,
Жақтылық нур берген Ана тилимсең.
* * *
Do'stlaringiz bilan baham: |