* * *
ТИЛ БИЛИЎДИҢ ПАЙДАСЫ
Жалалиддин Румийдиң «Маснавийи маънавий» шығармасында келтирилген бир рәўият бойынша, ҳәр түрли қаладан келип қалған төрт адам – парсы, түрк, грек ҳәм араб биргелесип базар жанында ушырасып қалыпты. Бир кеңпейил, сақый адам оларға бир дирҳам садақа берип өтип кетипти. Дирҳам ортада, себеби, онда ҳәр бириниң ҳақы бар. Бул пулға қандай да бир жейтуғын нарсе сатып алмақшы болады. Сонда парсы – ангур, түрк – жүзим, грек – истофил, араб – инаб жемекшилигин айтады. Арада жәнжел пайда болады: төртеўи де әйне бир нәрсени, яғный жүзимди қәлеп турған болса да, бир-бириниң тилин түсинбегени ушын жағаласып кетеди.
Данышпан шайыр рәўиятты былай жуўмақлайды: олардың жанынан бир неше тилди билетуғын бир данышпан адам өткенде, ҳәммениң тилеги бир екенлигин түсинген ҳәм қолларынан пулды алып, жүзим келтирип берген ҳәм соның менен жәнжелге ноқат қойған болар еди.
АНА ТИЛИ – МИЛЛЕТ МАҚТАНЫШЫ
(Байрам сценарийи)
1-декабрь - қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күни мүнәсибети менен мектеплерде өткерилетуғын байрам кешесиниң сценарийи.
Тил байрамына бағышланып өткерилетуғын мектептиң залы ҳәм оның сахнасы ҳәр қыйлы реңдеги гүллер, шарлар, уллы инсанлардың тил ҳаққында айтқан даналық сөзлери, китап көргизбелери менен безетилген болыўы керек.
Байрам кешеси басланаман дегенше залда қарақалпақ халық намалары жаңлап турады. Залға шақырылған мийманлар, мектеп басшылары, муғаллимлер ҳәм мектеп оқыўшылары кирип келеди. Оннан сон сахнаға байрам кешесин алып барыўшы бир қыз ҳәм бир жигит сахнаға шығады.
1-баслаўшы: Ана тилим басымдағы гүл тажым,
Сен арқалы елим жаяр қулашын.
Сен бар болсаң өтмишим ҳәм бүгиним,
Келешегим сөндирмейди қуяшым.
2-баслаўшы: Сен бар болсаң қарақалпақ бар болар,
Ала мойнақ дуўтардағы тар болар,
Сен бар болсаң ҳаўазымыз мәңгилик,
Ҳәр перзентиң қатардағы нар болар.
(Қол шаппатлаўлар) Рахмет, рахмет!
Do'stlaringiz bilan baham: |