Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…


-баслаўшы: Ассалаўма-әлейкум, әзиз мийманлар, ҳүрметли устазлар ҳәм оқыўшылар 2-баслаўшы


Download 414 Kb.
bet30/33
Sana18.12.2022
Hajmi414 Kb.
#1029283
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   33
Bog'liq
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ

1-баслаўшы: Ассалаўма-әлейкум, әзиз мийманлар, ҳүрметли устазлар ҳәм оқыўшылар
2-баслаўшы: Мине, бүгин Қарақалпақстан Республикасы бойлап байрам қуўанышлары гезбекте. Халқымыздың әййемги қәдириятларынан бири болған ана тилимиз өзиниң ҳуқықый еркинлигин алған күни - 1-декабрь. Бул тарийхый сәнени ҳәр жылы халқымыз үлкен байрам сыпатында белгилеп келмекте. Байрам мүнәсибети менен, усы жерге байрамға топланған барлық қатнасыўшыларды, соның менен бирге, Республикамыздың халқын қарақалпақ тилине тил еркинлиги берилген күни менен шын жүректен қутлықлаймыз.
Оннан соң кеше ашық деп дағазаланады. (Қол шаппатлаўлар) Рахмет, рахмет!
Буннан сон байрам кешесиниң мийманлары мектептиң хор жәмәәти менен биргеликте Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының Мәмлекетлик гимнлерин атқарады.
1-баслаўшы: Әсирлер даўамында жәмийет пайда болған жерде тили қәлиплескен ҳәм олар бүгинги күни де жәмийет пенен раўажланып, жасап келмекте. Миллийлигин, өзлигин жоғалтыўды қәлемейтуғын ҳәр бир халық өз ана тилин қәстерлеп сақлайды. Себеби, миллий тил-миллет айнасы.
2-баслаўшы: Бизиң ана тилимиз - қарақалпақ тили - миллийлигимиздиң көриниси, миллетимиздиң айнасы, өзлигимиздиң ҳешким бийкарлай алмайтуғын анық дәлиллемеси болып есапланады.
1-баслаўшы: Сонлықтан да, ана тилимиздиң турмысымыздағы әҳмийети үлкен. Себеби, қарақалпақ тилиниң қәлиплесиўи көп дәўирлерди өзине қамтып, әдебиятымыздың байтереги, шайыр И.Юсуповтың «Сонша қатал сүргинлерде жоғалмай, Бул күнлерге жеткениңе қайылман», - деп жазғанындай ана тилимиздиң бүгинги күнге шекем жетип келиўи аңсатлық пенен болған жоқ.
2-баслаўшы: Ғәрезсизлигимиз қарсаңында, 1989-жыл 1-декабрьде қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилди. (Қол шаппатлаўлар)
1-баслаўшы: Әзиз мийманлар! Қәдирли дослар! Байрам кешемиздиң барлық қатнасыўшылары, қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил еркинлиги берилген күни мүнәсибети менен мектебимизде өткерилейин деп атырған бүгинги байрам кешемизди ашып бериў ушын сөзди мектеп директоры_____________ _____________ қа беремиз.
Мектеп директоры байрам қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлайды (Қол шаппатлаўлар).
Рахмет ____________________ аға жумысларыңызда үлкен табыслар тилеп қаламыз.

Download 414 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling