Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…


Download 414 Kb.
bet19/33
Sana18.12.2022
Hajmi414 Kb.
#1029283
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   33
Bog'liq
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ

Бахыт Бекбосынова
Нөкис қаласы 7-санлы мектептиң муғаллими


АНА ТИЛИМ

Нәрестелигимде еситкен үним,


Сенсең жақтылатар қараңғы түним,
Сен арқалы жақты халықтың бүгини,
Мәңгилик тымсалы сен ана тилим.

Ойласам ойымда, жүрген жайымда,


Қайда барсамдағы, жасар бойымда,
Қәлбимде тасқынлап аққан қанымда,
Жасаў жолдасымсаң, сен ана тилим.

Бабамлардан келип жеткен бизлерге,


Қуўаныш дарытқан қурғақ жүзлерге,
Жасап қалған даўыл, думан дүзлерде,
Беккемлик үлгиси, сен ана тилим.

* * *
Р.Турданова


Кегейли районы


АНА ТИЛИМ

Бабалар ҳикмети ана тилимиз,


Соннан шыққан екен бизиң үнимиз,
Жүрекке жағымлы илҳам, йош берсе,
Саз бенен салтанат ҳәр бир күнимиз.

Ол арқалы Бердақ жазған қосықты,


Басып өтип, бабам жеңген тосықты,
Зийўарий зибанлы муқаддес тилим,
Сен арқалы ой­-өрисим өсипти.

Тарийхқа қарасақ тереңде тегиң,


Түркий уллы зибан ҳаслыңдур сениң,
Түрли-түрли тил болса да дүньяда,
Таныстырар имканиятың – қүдиретиң.

Ана тилим байлығымсаң, барымсаң,


Тамырымнан сызлап аққан қанымсаң,
Дүньядағы ҳәмме тилден өзгеше,
Мениң мақтанышым, мениң арымсаң.
* * *
Айпаршын Мақсетова
Нөкис районы


АНА ТИЛИ – МИЛЛЕТ РУЎХЫ

Өзлигиңди аңлаў ең биринши рет,


Сана-сезим ҳәм ой-пикирдиң ҳасылы,
Ийгиликли ис ҳәм ағла пазыйлет,
Ана тилим миллетимниң байлығы.

Ана тилим өтмишимниң дереги,


Ҳәрким оннан сөз маржанын тереди,
Жәҳәндеги бәрше халыққа күлимлеп,
Өз тилимде сәлем бергим келеди.

Ески тарийхымыз ана тилимиз,


Дин-диянат руўхыйлық булағы,
Миллетлердиң ең уллы қәдирияты,
Не дегенде ана тили турады.

Ана тилимизге болған муҳаббат,


Таса берсин күннен-күнге дәрьядай,
Сен қуўансаң дүнья гөззал, парахат,
Қәҳәримсең гүркиреген найзағай!

* * *


Download 414 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling