Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…


Download 414 Kb.
bet22/33
Sana18.12.2022
Hajmi414 Kb.
#1029283
1   ...   18   19   20   21   22   23   24   25   ...   33
Bog'liq
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ

Бозуғлан Жиемуратов
Бозатаў районы


АНА ТИЛИМ

Бул қосықты ана тилге арнасам,


Дүньяда тиллер көп үш мыңнан аслам,
Ана тилим, сизди тәрийплеп жазсам,
Сен солардың бир мыңына татырсаң.

Инглис тилиндей таралмасаң да,


Орыс тилиндей болып жаралмасаң да.
Лондон институтында соралмасаң да,
Сен ең уллы тилсең қарақалпаққа.

Шет еллерде бул тил өтилмесе де.


Шет еллер нызамға киритпесе де,
Европада сени дым билмесе де,
Сен ең ағла тилсең Өзбекстанда.

Егер де тиллер де жарысар болса,


Әлипбе шыңында алысар болса,
Бәйгиге атланып шықсаңыз жолға,
Кепиллик беремен жаңылмасыңа.

Жер жүзинде атың жаңламаса да,


АҚШ та түсинбей тыңламаса да,
Қытайда сөзиңди аңламаса да,
Билмейтуғынлар жоқ Туран ойпатта.


АНА ТИЛИ ХАҚҚЫНДА ҲИКМЕТЛИ СӨЗЛЕР ҲӘМ
НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР


* * *
Жанның гөззаллығы сөзинен (тилинен) билинеди.
Тилимизден де ҳәм айтар сөзимизден де гүл ийиси келип турсын да! (Ҳәдистен).
***
Барлық бәле – тилден (Ҳәдистен).
***
Адамның гөззаллығы оның тилинен билинеди (Ҳәдистен).
* * *
Инсан қәтени көбирек өз тили менен иске асырады (Ҳәдистен).
***
Тилин дүзеткен адамға Қудайталаның рәҳмети жаўсын (Ҳәдистен).
***
Кимде-ким айтып атырған гәплериниң есап-китапқа дурыс жазылғанына исенсе, биймәни гәп-сөзлерден тилин тыйып жүриўге өтеди (Ҳәдистен).
***
Адамның биймәни гәплерден тилин тыйыўы, оның мусылманшылығы жүдә пәкизе екеннинен дәрек береди (Ҳәдистен).
***
Тилин бийпайда сөзлерден тыйып алмағанша, адам ийманның шарапатының қандай болатуғынын сезбейди (Хәдистен).
***
Тил – адамлардың бир-бири менен қатнас жасайтуғын, пикир алысып өзара түсинисетуғын қатнас қуралы.
***
Ақыл менен тил бирликте өсип барғаны жақсы, өкинишлиси, айырым сөзшил адамлардың тили ақылынан озып кетеди.
***
Бас аўырыўын қозғатыўшы үш жүдә жаман нәрсе бар: бузық ҳаўада болыў, жағымсыз ҳәм тәшўишли хабар еситиў, езбе, быжық адам менен жолдас болыў.
***
Унамсыз адамлар арасына түсип қалатуғындай болсаң, тилиңе ықтыят бол.
***
Дос ҳәм ярыў-бирәдарлардан жуда қылатуғын да тил, олардың санын асырыўшы да тил.
***
Мылтық оғы инсанның қәлеген жерине тийиўи мүмкин, бирақ, тилден атылған оқтың нышаны, бир жерге, инсанның қәлбине тийеди.
***
Жылаўсыз минилген асаў ат мингенди жығады, жылаўсыз тил адамлардың әзиз ҳәм шийрин өмирин қырқады.
***
Тилге артықша ўазыйпа жүклеп, сөзге қулақ түрмейтуғын адам, өзи сөйлейди де, бирақ, басқаларды улыўма тыңламайды.
***
Шаңарақ ағзалары арасындағы дослықты, өзара ҳүрметти беккемлеўши қурал да, олар ортасында келиспеўшиликти туўдыратуғын да тил.
***
Зәҳәрли жыланның зәҳәрли тисин алып таслай алатуғын хирург табылады. Лекин, балалықтан тили ашшы ҳәм жаман сөйлеўге үйренип қалған адамның тилин шийрин тил менен алмастыра алатуғын хирург жоқ. Оны қайта шийрин зибанлы етиў тәрбияшыдан жүдә аўыр машақат ҳәм жигер талап етеди.
***
Үш нәрсени тежеген жақсы: ўақытты теже, ол қайтпайды; сөзиңди теже, қәдириң кетпейди; нәпсиңди тый, иззетиңе зыян жетпейди.
***
Тилге итибар – елге итибар.
***
Тил ақылды безейди.
***
Тил – ақыл өлшеми.
***
Тил – кеўилдиң гилти.
***
Тил – тәрбия гилти.
***
Тил – кеўилдиң аўдармашысы.
***
Тил – кеўилдиң жыршысы.
***
Ең жақсы тил - ана тили.
***
Ана тилин билгениң – шығысыңды билгениң.
***
Тил - барлық пәнлердиң айнасы.
***
Тил – руўхыйлықтың айнасы.
***
Тил мәденият пенен биргеликте раўажланады.
***
Тилдиң гөззаллығы тек ғана оның анықлығында ҳәм мазмунында.
***
Тил – жақсыны бар етер,
Тил – жаманды хор етер.
***
Тил байлығы – сөздиң ширеси.
***
Тил – жүректиң елшиси.
***
Балаға өз тилиң менен сөйлеме, ана тилиң менен сөйле.
***
Тиллер барлық пәнлердиң есиги.
***
Жети түрли илим бил, Жети журттың тилин бил.
***
Әдеп басы – тил.
***
Ақыл - ғәзийне, тил – гилт.
***
Узын тил – өмир қурбаны.
***
Тил - дослық пенен түсиник орнатыўдың ең әҳмийетли қуралы.
***
Ана тилин жоғалтқан халық, өзин де жоғалтады.
***
Тил ушы менен сөйлеме, Өзиңе азар сөз келер.
***
Көринип бәле келмейди, бәлениң бәри тилиңнен.
***
Адам тилинен, мал шақынан.
***
Шекер де тилде, зәҳәр де тилде.
***
Тили ашшы адам жаман, лекин, баўыры тас адам оннан да жаман.
***
Шийрин-шекер сөйлемекти,
Таңлайда тил келтирер.
Сол сөзлердиң намасын,
Бес бармақлы қол келтирер.
***
Тилиңде болса палың, Күлип турар жамалың.
***
Тилди байла жүрек пенен, Жүректи байла тил менен.
***
Тил – айғақ, тис – гүўа,
Аз айтқан менен қойылмайды,
Көп айткан менен суйылмайды.
***
Тиллер батыл болар шешен болмаса,
Жоллар батыл болар кәрўан болмаса,
Қызлар батыл болар сәрдар болмаса.
***
Өнер алды - қызыл тил.
***
Сүйдиретуғын да тил, Күйдиретуғын да тил.
***
Тил қылыштан кескир.
***
Пил көтермегенди, тил көтереди.
***
Қол жүйриги асқа,тил жүйриги басқа.
***
Тилге тис қала, көзге қас қала.
***
Адамның тили – гилт, кеўили – сандық,
Сөйлесе еки адам соны ашады.
***
Ақылсыздың тили бай, ақыллының қолы бай.
***
Туўры тил тас жарады, бура тил бас жарады.
***
Тил тас жарады, тас жармаса бас жарады.
***
Тилиң менен кеўилиңди бир тут.
***
Тил буўынсыз, ой түпсиз.
***
Тил жүйрик емес, Ой жүйрик.
***
Бас кеспек бар да, тил кеспек жоқ.
***
Тил ерди жәбирге салады, Нарды қазанға салады.
***
Тил менен орақ орсаң, белиң аўырмас.
***
Ана сүти менен баланың бойы өседи, Ана тили менен баланың ойы өседи.
***
Тилден келген азар, найза азарынан да жаман.
***
Тил соққысы тис аўрыўынан күшлирек.
***
Бүлбил гулзарды безейди, тил инсанды.
***
Сел, қурғақты бузады, тил инсанды.
***
Тилден қағылғаннан көре, аяқтан жығылған абзал.
***
Тилиңди батыр қылма, өзиңди батыр қыл.
***
Тил сақланса, ел сақланады.
***
Өсекшиниң тили – жәлладтың қамшысы.
***
Тил бар пал келтиреди, Тил бар бәле келтиреди.
***
Тил тезлигинен, (қәдем) адым тезлиги жақсы.
***
Тил – ақыл тәрезиси.
***
Бала тилин ана түсинеди, себеби, баланың тили дәслеп ана тилидур.
***
Тили бардың ели бар, ели бардың тили бар.
***
Дананың тили жүрегинде, ақмақтың жүреги болса тилинде.
***
Тил алмасқа айтқанша, Тына-тына өзиң бар.
***
Сүйексиз тил сүйек сындырар.
***
Сөз байлығы тилде, Тил байлығы елде.
***
Тилге келди- елге елди.
***
Аўыз ишиндеги тил - қын ишине жасырылған қылыш.
***
Тыйықтың азары питип кетеди, лекин, тилдиң зәҳәринен пайда болған азар сирә питпейди.
***
Тили шийринниң досты көп.
***
Адамның өзи жаман емес, Тили жаман.
***
Тилине күши жете алған – данышпан,
Сөзине ерк берген – пәскеш ақмақ.
***
Тилим тыныш болса, кеўилимде өкиниш болмайды.
***
Ақыллы иси менен, ақмақ тили менен.
***
Қусты азық пенен аўла, адамды тил менен.
***
Адам тиллескенше, Мал мөңирескенше,
Жылқы киснескенше, Адам сөйлескенше.
***
Көзиң менен болжама, Көзлериңе зор келер,
Тил ушы менен сөйлеме, Өзиңе азар сөз келер.
***
Тилден пал да, уў да тамар.
***
Қызыл тилди жиберсең, Жетпейтуғын жери жоқ.
***
Сүйреңлеген қызыл тил, Сүйгениңнен айырар,
Абайламасаң шырағым, Туўғаныңнан айырар.
***
Тилде тийек жоқ.
***
Тилге шешен, иске мешел.
***
Еки тил адамда емес, шаққыда болсын.
***
Жаман тил ел бузар, Жаман аяқ жол бузар.
***
Тил билген нөкер, Пал менен шекер,
Тил билмес нөкер, Абырайын төгер.
***
Тилден келген қолдан келгенде,
Барлық бәңгилер бай болар еди.
***
Тили узын болмағанның өмири узын.
***
Тилиң не сөйлесе, қулағың соны еситер.
***
Тил зийнети – туўры сөз.
***
Басқа бәле еки бармақ тилиңнен келер.
***
Ана тилим – ар-намысым.
***
Ана тилим – дана тилим.

***




Download 414 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   18   19   20   21   22   23   24   25   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling