Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…


Download 414 Kb.
bet12/33
Sana18.12.2022
Hajmi414 Kb.
#1029283
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   33
Bog'liq
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ

Набийра Төрешова
Қарақалпақстан халық шайыры


АНА ТИЛИМ

Ана тилим, қәлбиң нурға сақый дым,


Мың жырласам түўесилмес тәрийпиң.
Сен жеткердиң әййем әсир битигин,
Анам Тумаристиң мәртлик тарийхын.

Сен жеткердиң Йоллықтегин хатларын,


Бабам Күлтегинниң өлмес атларын.
Истомин, Бомин шах, Элтараш исмин,
Дүньяны титиреткен мәртлик даңқларын.

Алып келдиң Спитамен жүрегин,


Жетистирдиң Ормамбет бий тилегин.
Маман, Айдос әрманларын сиңдирип,
Күшли еттиң Ерназардың билегин.

Сен арқалы өтмишимиз нур шашар,


Баба мийрас арзыў-үмит гүл ашар.
Жазып атыр жаңа әсир тарийхын,
Сен арқалы билим алып бул жаслар.

Ана тилим - басымдағы гүл тажым,


Сен арқалы елим жаяр қулашын.
Сен бар болсаң өтмишим ҳәм бүгиним,
Келешегим сөндирмейди қуяшым.

Сен бар болсаң қарақалпақ бар болар,


Ала мойнақ дуўтардағы тар болар,
Сен бар болсаң ҳаўазымыз мәңгилик,
Ҳәр перзентиң қатардағы нар болар.

Мәңги аман бол тиллеримниң зибаны,


Сени ардақлар ғәрезсизлик заманы.
Қарақалпақтың тасты кескен сөзи бол,
Ана журттың нурға толсын жамалы.

* * *
Рая Ернашева


шайыр


ТИЛИҢНЕН

Тилди еркине жиберсең,


Көрингенди «қабады»,
Күнде емес күнинде
Басыңа бәле табады.
Пайғамбар айтқан «Ҳәдис»те,
Өсек сөйлеўден сақлан,
Болмаса бирадарың гөшин
Жеген қанхор боласаң»
Жасүлкен бол, киси бол,
Ҳаял-қыз бол, киси бол,
Сүйкимли болыў сөзиңнен,
Жағымсыз болыў өзиңнен,
Көргенлимисең, көргенсиз
Билинеди тилиңнен.

* * *
Оразбай Сәтбаев


шайыр


АНА ТИЛИМ

Бердақ десем ашылып сөз сейдини,


Нақыш-нақыш бир әлем қағар күлим,
Саҳрайы сол бүлбилдиң серхош тили,
Анамдайын әдиўли, ана тилим!

Сен арқалы ойыма питсе пәрўаз,


Мен пал ҳәрре боларман таппас тыным.
Алдымда жазылмаған аппақ қағаз…
Өзиң мәдет бағышла, ана тилим!

Дәл жуўаплар қаншаны тубалатқан,


Сөзлер бар гә күлдирип, гә жылатқан,
Қызларды жыртық шийден сығалатқан,
Мәргиядай тилсимли ғана тилим.

Әжинияздур қосықта пайғамбарым,


Сөз ағласын серелеп ойған бәрин…
Бәйит болып төгилсе арзыўлары,
Сен оған қанат болған, ана тилим!

Сендеги жипек желис, пәкизелик,


Гейде мени жиберер Ҳапыз етип…
Сыңғырлаған сөз дүрин бағыш етип,
Қәлбиме дебдиў қуйған, ана тилим!

Гәўҳар десем – баҳаңды кемиткеним,


(Сен Сулайман жоғалтқан көмикпедиң?!)
Саған ҳасла теңеў жоқ! Ҳей шайырлар.
Тезден теңеў минарын өрип бериң!

Қарақалпақ тили – бул бир бай уғым,


Халқымды дана еткен дана тилим.
Сен бийбаҳа ғәзийнем, кән байлығым,
Шайырларға таж-тахт, ана тилим!

* * *


Download 414 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling