Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…


Download 414 Kb.
bet10/33
Sana18.12.2022
Hajmi414 Kb.
#1029283
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   33
Bog'liq
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ

Халила Дәўлетназаров
Қарақалпақстан халык шайыры


УЛЛЫ ЗИБАН

Әўладың әўел-ҳа сыйынып Ҳаққа,


Сениң ҳүзириңде жүгинискен саққа,
Дүньяда өзиңдей болған ба патша,
Халық кеўли аталмыш ең уллы тахтта.

Мәрттиң өңири көз жасқа жуўылмас,


Халық өскен топырағынан қуўылмас,
Халқымды бар еткен Уллы Зибаным,
Анасыз буныңдай перзент туўылмас.

Өмир жолың қалың думан, даўыллы,


Уран салсаң ерлер «Мен!» деп таўылды,
Баўырладың өз тилиң-өз диниңе,
Қарақалпақта ҳәр елат, ҳәр аўылды.

Уллы жыйынларға кирдиң, кирмедиң,


Мәгар дәўран атын сүрдиң, сүрмедиң,
Халық қәлбине сөз нағысын тоқыған,
Ҳақ инамы илаҳийда нурмедиң?

Ким липас кийдирсе, ала-шубарлы,


Сол себепли гейде кеўлиң ғубарлы,
Қәстерлеп сақларсаң исмин халқымның,
Даналар дем салған алтын тумарлы.

Биз көрмедиқ буннан асқан сулыўды,


Ҳәм кенде етпедик қуллық қылыўды,
Жанымыз ҳеш қашан сезинбес бәлким,
Оның кеўлиндеги киби жылыўды.

Тилге бийпәрўалар елин ойламас,


Нәкәслер халқының тойын тойламас.
Бул муқаддес дәрья тепти ме қайыр,
Соңыра ҳәсиретине таяў болалмас.

Сөздиң несийбесин урлап жегенлер,


Намыс тыйықларын азмаз егеңлер,
Ҳәр журттың атызын басқылап, отлап,
Өзи жарлы сени жарлы дегенлер.

Тәғдир өмириңди көп жарып-бузды,


Не-не дәўирлерден таттырды дузды,
Тарқаўға тақалған ығбал базарың,
Халқым саўдасында қайтадан қызды.

Генжебай айланды көш басы нарға,


Есемурат усы жағыста дарға,
Ол халықтың зүрияды емес оллаҳий,
Егер де кимде-ким тартпаса арға.

Бул тил ел-журт көксин шәмен-бағлы етти,


Гәде дағлы, гәде ўағлы-шағлы етти,
Бәлент минберлерге шықты жетелеп,
Орынбай баллары Жүмек, Нағметти.

Баслаўшысы боп соныңдай зор истиң,


Мыңлап жыллар менен дийдар көристиң,
Қарақалпақша сөйлер руўхый тили,
Баскаков, Толстов еки орыстың.

Айтжан, Көшербай ат салысты бирге,


Досжан, Абат бунда тикледи ирге,
Орақбай сөз терип, Баймурат булқып,
Шайырлық йош берди Әбдиқәдирге.

Ҳүсниддин көз ашып сени таныды,


Мәденбай жигерин тилге жаныды,
Ерназардың сөзин гүўлеп көгертти,
Көкиреклердиң сезимлерге қанығы.

Аббаздың тилинде сөзлер сайланды,


Айжарық киндиги менен байланды,
Ҳәр бири қас сулыў киби доланып,
Ашығыў-бийқарар етти Айманды.

Тилеўберген қосығында төкпелеп,


Менменликти отырғызған шөккелеп,
Бөлислерде туўрадың өз пайыңды,
Орнымыз жоқ сирә саған өкпелеп.

Сизден нан жегенниң болсын ҳадалы,


Гәпке турған елдиң қалмас наданы,
Төлепберген, Ибрайым-қос тулғаны,
Әсиримиздиң етти уллы адамы.

Ҳәр бир перзент тилин туў етиў дәркар,


Ол сүринсе халық тынығы ылайтар,
Қарақалпақша сөйлемесең саўдырап,
Кеўилдиң қумары қаяқтан тарқар.

Егер, сен жойтылсаң онда халқың жоқ,


Халықсыз қалсаң манқуртлардан парқың жоқ,
Онда бул топырақ қалғаны тилден,
Онда мениң буннан аўыр дәртим жоқ.

Ул туўмас ҳаял жоқ, турарын айтың,


Дүнья таппас ер жоқ, қурарын айтың,
Тилди көркейткенлер гүлдей көгерип,
Қаст еткенди Қудай урарын айтың.

Зибаныңнан исмиң түсирмей толға,


Урпақларыңа көз сүздирме жолға,
Елден тил, тилиңнен ел үзилмегей,
Яратқан, халқымды қоллайгөр, қолла!..

* * *


Download 414 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling