Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…


Download 414 Kb.
bet8/33
Sana18.12.2022
Hajmi414 Kb.
#1029283
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   33
Bog'liq
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ

Толыбай Қабулов
Қарақалпақстан халық шайыры


АНА ТИЛИМ

Ана тилим – ада болмас байлығым,


Мақтанышым, оңнан туўған ай, күним.
Қырық мың қызыл алтынға да бермеймен,
Ҳәттекеи бир ашыўымның қайтымын.

Түрки тилим – көп тарийхтың гүўасы,


Мәртлик оған болған мудам мүнәсип.
Массагеттен мәнили сөз еситип,
Душпанлар да салпаўсыған жуўасып…

Жийен жыраўдың қуўраған қыл қобызы,


Тийегинде сақлаған сөз мағызын.
Ҳақыйқатты айтқаннан соң Күнхожа,
Хийўа ханнан алған сарпай, ҳақысын…

Ана тилим – ары болып бабамның,


Көшин тартып келген неше заманның.
Егер жолда ол да жазым болғанда,
Қарызға тил берип турар оған ким?...

Ана тилим – абырайым, мәртебем,


Оған тайын жуўабым бар келтеден:
- Өз тилимде арыз айтайын, оннан соң,
Ықтыярың, өкинбеймен өртесең…

Ана тилим – мениң ата-анам бул,


Ҳәр түби бир – шайқатылған шақам бул,
Олар менен бирге өмир сүрмесем,
Керек емес маған жақты жаҳән бул!
* * *
Нурмуҳаммед Әметов
шайыр


АНА ТИЛИМЕ

Ана тилим, жан руўхыма бәрше заттан жақыным,


Ҳақыйқатлық сени дейип айтсам гәптиң мақулын,
Жигер берген күш-қуўатым, қызыллаған дақылым,
Санама сән берген тәнҳа Ана тилимсең.

Ҳәйиў айтып перзентине ана сүтин сиңдирген,


Асаўды да «тилдей арқан» айтқанына көндирген.
Душпан отын, даў-жәнжелди алыстырмай сөндирген,
Сүт пенен кирип, ет пенен питкен аяўлы Ана-тилимсең.

Нешше әсир қәлиплесип миллий минезге сиңискен,


Саҳрада бүлбил сайрап, жайлаўда жасыл гүл ескен,
Жымыңласып жулдызлар да пинҳамы бағып тиллескен,
Кеўлиме нур сеўип дүр шашқан Ана тилимсең.

«Жаў жағадан, ийт етектен алғанда да» ел дескен,


Бас кессе де болмаған ғой ҳеш ўақытта тил кескен,
Қәйткенде де сенсиз ҳешбир дәўри-дәўран сүрмеспен,
Сол ушын қарысқан қаныма қәсийетли Ана тилимсең.



Download 414 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling