Кирисиў. Топырақ физикаси паниниң предмети, мазмуны, қурамы хам усыллары


Топырақ геуикликлериниң группаланыўы


Download 0.55 Mb.
bet9/25
Sana17.06.2023
Hajmi0.55 Mb.
#1525302
TuriЛекция
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   25
Bog'liq
Тупрок-физикаси ўқув услубий мажмуаси

Топырақ геуикликлериниң группаланыўы

Жоқарыда сөз етилген мағлыуматлар топырақта ҳар қыйылы улкенликтеги ҳәм формадағы геуикликлердиң барлығын көрсетеди. Бул геўикликлер топырақтагы бәрше процесслереде қатнасып, топырақ өнимдарлығын белгилеўши тийкарғыфактор туринде жузеге келеди.


Геуикликлер формасы хәм көлемине қарап топырақлардағы барлық процесслерде бир қыйылы қатнаспайды. Диаметри 5 – 7 миллимикроннан киши болған барлыбослықлар бириккен суў менен толған болады. Н.А Качинский мағлыўматларына қарағанда, тамыр тукшелери диаметри кеминде 10 милли микронға шекем болған бослықларға кире алады.
1864 жылда немис алымы В.Шумахер өзинин «Физика почвы» китабында топырактағы геўикликлерди шукыр анализ кылып, оларды төмендеги группаларға ажыратады: улыўмалық, капилляр хәм капилляр емес геўикликлер.
В.Шумахер топырақтағы ҳамме жыйындысына (процент есабында), улыўма геўиклик деп топыроқтын капилляр суў менен бәнт болған геўикликлер жыйыындысына капилляр геўиклик деп тусинген. Капилляр емес геўиклик болса улыўма геўиклик пенен капилляр геўиклик ортасындағы парқты көрсетеди хәм хамме геўиклик ўақыт хава менен бант болады. В.Шумахердиң бул концепциясы прогессив факторлар тәрепинен мақулланған ҳәм бизге Вагнер, Дояренко ислери арқалы жетиб келген.
П.Фагелер, Ф.Секера, Н.А.Качинский топырақтағы геўикликлерди актив хәм актив емеске ажыратады. Бунда топырақ геўиклигиндеги суўдың хар қыйылы категориялары тийкар етип алынады.

Актив геуиклерге топырақтағы ири тесиклер (диаметри микроннан улкен) киргизиледи. Бул геуиклерде капилляр, гравитацион суўлар сақланады, хауа хәм тири жанзатлар болади. Актив емес геуиклерде болса — топырақтағы адсорбцион (гигроскопик) суўлар киреди хәм бул геуиклер жуда киши өлшемлер (миллимикронда) менен ўлшенеди, 1947 жылда НА Качинский , топырақтагы геуикликлерди төмендегилерге ажыратады.


1 .Улыўма геуиклик, төмендеги формула жардеминде есапланады .
  есабында;
Рум — Улыўма геуиклик, % есабында;
d — топырақ қатты фазасының солыстырма массасы, г/см3;
dv — топырақтың көлем массасы, г/гм.3;
100 — процентке айландырыў коэффицеити.

2.Агрегат геуиклиги, буны төмендеги формула жардеминде есапланады:


 , бунда,
Рагр — Агрегат геуиклиги % есабында;
А— абсолют қурғақ ҳалындағы агрегат ауырлығы, грамм есабында;
v — топырақ қатты фазасының солыстырма массасы,, г/см3;
d — топырақ қатты фазасының солыстырма массасы,, г/см3.

3.Агрегатлар йиишдиси геуиклиги (Р Е агр) төмендеги формула жардеминде есапланады:


 


а — агрегат геўиклги
в — топырақтың улыўма геўиклиги.

4.Агрегатлар арасындағы геуиклиги (Р агр . ор) төмендеги формула жардеминде есапланады:


Р агр • ор = Р агр %.
5.Тығыз байланған суўлар (Рмг) менен толы болған геуикликлер төмендеги формула жардеминде есапланады:

 


Бунда (мг топырақтын максимал гигроскопик ығаллығы атмосферада салыстырма ығаллық 94 — 96% болғанда топырақ бөлекшелери тәрепинен (адсорбция қылынған) ең көп муғдардағы суў пуўларына айтилады хәм ол топырақ массасына қарағанда процент есабында берилади;


dv — топырақтын көлем массасы, г/см3;
1,50 — максимал гигроскопик суўдың тығызлығы.

6.Бос байланған суўлар менен толы болған геуикликлер болса төмендеги формула жардеминде есапланады:



Бунда
1,25 — пердели суўдын тығызлығы. Перде суўы деп, топырақ бөлекшелери әтирапында молекуляр кушлер тәсиринде усланып турылған суў молекулаларына айтилады ҳәм онын муғдары топырақ массасына салыстырғанда процент есабында көрсетиледи. А.К.Лебедев перде суўын максимал молекуляр суў деп журитиўди усыныс еткен. Қалған көрсеткиш алдынгыдай аталады.

7.Капилляр суў менен толы болған геуикликлерди (Ркап) төмендеги формула жардеминде есапланады:


 

Бунда  — топырақ толық ығалланғанда капиллярларда усланып қалынған ең көп муғдардағы суў (дала ығаллық сыйымлығы) топырақ массасына салыстырғанда процент есабында;


 г (мг — өсимликтиң солыў ығаллығы, яғный өсимлик топырақта бар болған суўларды, олар топырақ бөлекшелеринен улен куш пенен усланып турылғанлығы себепли пайдалана алмайды, бул көрсеткиш әдетте максимал гигроскопик ығаллықтан 1,5 мәрте улкен болады, топырақ массасына салыстырғанда процент есабында;

dv — топырақтың көлем массасы, г/см3.


8.Улыўмалық суў менен толы болған геуиклик (Р() төмендегише табылады:

9.Хауа менен толы болған геуиклик (Раэр) төмендегише табылады:


  %

Геуикликлерди Н.А Качинский усынған тәртипте уйрениў әлбетте топырақтағы геуикликлерге жанеде толық баха бериўге алып келеди. Ҳакыйкатындада тақыр топырақларда былайынша қарағанда геуиклик жақсы көрсетилген, яғный улыўма геуиклик жоқары қатламларда 45 – 50% ти қурайды. Бирақ оны Качинский усынған тәртипте уйренсек басқа бир шешимге келемиз, геуиклердиң улкен бөлими әлбетте тығыз ҳәм бол байланысқан суўлар менен толған болып, топырақларда кететуғын актив процесслерде қатнаспайды.





Download 0.55 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   25




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling