Кирисиў. Топырақ физикаси паниниң предмети, мазмуны, қурамы хам усыллары


Download 0.55 Mb.
bet25/25
Sana17.06.2023
Hajmi0.55 Mb.
#1525302
TuriЛекция
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   25
Bog'liq
Тупрок-физикаси ўқув услубий мажмуаси

Топырақтын ыссылык сыйымлығы. 1г топырақтын 1°С ысытыў ушын сарп болган ыссылык муғдарына топырақтын ыссылык сыйымлығы делинеди. Ол калория менен өлшенеди.
Топырақтын ыссылык сыйымлығы онын химиялық, петрографик хам минералогик қурамына хамде ығалланыў дарежесине байланыслы болады, буны төмендеги мысаллардан көриў мумкин (масса ыссылык сыйымлығы, г(кал): ҳаўа —0,2399; суў—1,000; қум —0,194; қурғақ саз-0,233; кварц-0,188; гранит-0,192; базальт-0,200; ҳәк — 0,214; ширинди — 0,477 х.т.б.
Топырақтын ыссылык өткериўшеңлиги бир секундта онын 1 см2 кесе кесиминен температура градиенти 1° С болганда 1 см аралықта өткен ыссылык муғдары менен өлшенеди. Топырақтын ыссылык өткериўшеңлиги де онын химиялық, петрографик, митералогик қурамы хәм ығалланыў дарежесине байланыслы болады.
Мулчалаўдың топырақ ыссылығы хәм хаўа режимине тәсири
Полеэтилен плёнка менен мулчалаў топырақтын ыссылык режимине улкен тәсир көрсетеди. Мулчалаў ушын таярланган плёнкалар канша енли болса топырақ температурасы сонша балент болады. Плёнкалардагы тесикшелердин майданы қанша улкен болса топырактын ыссылык режими сонша кем болады.
Плёнканы топырак жузесине шигит егип болганнан кезден ақ жаткызылады. Ғаўаша катар аралығы 60 см болганда, плёнканын кеңлиги 90 см бўлыўы керек. Бундай шараятта еки қатар шигит егилген аралық (60 см ) ҳамде еки тәрептеги қоңысы катарлардан 5 см ден майдан плёнка астында қалады. Сондай етип, ҳаммеси болып кеңлиги 70 см ге тең болган майдан вегетация даўиринде плёнка астында болады, Плёнканы самал ушырып кетпеўи ушын онын еки шетинен шамалап 8—10 см кеңликте топыракқа көмип койылады. Плёнка астында шигит толық өнип шыққаннан соң хар бир шигит тускен уя устинен ғаўашаның жоқарыга көтерилип шығиўы ушын диаметри 30 мм ли тесикшелер ашылады. Плёнканын қалынлығы 100 микрон хам 90 см бўлганда хар бир гектар жерге 560 — 600 кг атрапында плёнка кетеди. Ғаўаша катар аралығы 60 см болганда қатар арасына ислеў бериў, суўғарыў азықландырыў сыяқлы агротехник илажлар бир қарық таслап өткизиледи. Бундай халларда плёнка сатыдагы майданга пахта вегетацияси дауиринде улыўма ислеў берилмейди. Сонғы ўақытларда Ташкент ўалаятында шигит бари бирден апрель айларынын басларында егилмеқта. Бундай шараятта шигит 8—10 кунде толық өнип шығады. Бирақ көбинесе шигит өнип шыққаннан соң хаўа темиературасынын пасейип кетиўи хам жаўын шашын натийжесинде жер жузинде қатўаш пайда болыўы да мумкин. Бундай хаўа райы шараятында топырақ температурасы да пасейип кетеди. Қатўаш бар болган шараятта болса атмосферадан келетуғын кислород муғдары кемейип кетеди хам ғаўашада "тамыр шириў " кеселлиги пайда болады. Полиэтилен менен мулчаланган майданларда болса ғаўаша хеш қандай кеселликке шалынбайды. Себеби ол топырақ температурасынын ашық жерге қарағанда балент болыўын усы менен бирге шигитти толық хәм саламат өнип шығыўын тәминлейди.
Мулчалаў биринши гезекте топырактын ыссылык режимине улкен тәсир көрсетеди. Мулчаланган топырақтын температурасы сутка даўамында 100 см ге шекем болган шуқырлыкта мулчаланбаган топыратын темиературасынан жоқары болады. Мулчаланган хам мулчаланбаган топыраклар арасындагы парық топырақтын устинги қатламынан пастки қатламларына карай кемейип барады. Егер 5 см шукырлыкта бул парық 6,8 С ты қураса, 50 см, шукырлыкта 2,3 °С теңлеседи.



Download 0.55 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   25




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling