Кирисиў. Топырақ физикаси паниниң предмети, мазмуны, қурамы хам усыллары


Топырақтың ҳаўа өткериушеңлиги ҳәм режими


Download 0.55 Mb.
bet24/25
Sana17.06.2023
Hajmi0.55 Mb.
#1525302
TuriЛекция
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   25
Bog'liq
Тупрок-физикаси ўқув услубий мажмуаси

Топырақтың ҳаўа өткериушеңлиги ҳәм режими

Топырақтын қатламлары арқалы ҳааўны өткериў қабилийетине топырақтын хаўа өгкериушенлик қәсийети делинеди. Бул әхимийетли қәсийет арқалы қатламлардағы топырақ ҳаўасынын алмасыныўы ушын қолайлы шараят туўылып, аэрация жақсыланады. Натийжеде топырақ ҳаўасында кислород көбейип, карбонат ангидрид кемейеди. Дәнешели структуралы топырақларда ҳаўа өткериўшенлик әсиресе жақсы болады, себеби агрегатлар аралығында капилляр емес ири геўекликлер агрегат бөлекшелери арасында болса капилляр геўикликлер болады. Усы себепли структуралы топырақларда суў хам ҳаўа режими турақлы болады.


Топырақтагы кислород. Топроқ ҳаўасы өсимликтин тамыр системасын хам өнип шығып атырган туқымларды кислород пенен тәминлеп турады. Кислород жетерли мўғдарда болмаганда топырақтын "дем алыўы" кыйынласады хам өсимликтин еркин өсиўи ушын мумкиншилик бермейди. Аэрациянын жақсыланыўшы менен топыракта кислород көбейеди хам аэробактериялар мскерлиги кушейеди, өсимликлердин тамыры жақсы өседи, топырақтын суў хам азық режимлери жақсыланады, өнимдарлык жоқары болады.
Топырак ҳаўасында кислород 20% атирапында болса, өсимлик өмири ушын нормал шараят жузеге келеди. Бунда аэрация процесси жақсыланады, өсимлик өмириниң басқа факторлары да нормалласади хам топырақтын өниммдарлыгы асады.
Топырақтағы карбонат ангидрид. Топырак, хаўасы қурамындагы карбонат ангидрид топырақтагы хар қыйылы процесслер натийжесинде пайда болады.
Белгили болғандай топырақ ўзиликсиз турде өтетуғын ҳар қыйылы процесслер тасиринде жуда көп мўғдарда СО2 ажыралып атмосферадагы О2 орнын толтырып барады.
Карбонат ангидридтин топырақ пайда етиў хам уныраў процесслериниң өтиўиндеги геохимик роли да жуда улкен. Соның ушын бирлемши минераллардын жемирилиўи, карбонатлар ва фосфатлар ериўшеңнлик дарежесинин көтерилиўи хам топланыўы процесслери топырақ хаўасы қурамындагы СО2 ниң муғдарына байланыслы. СО2 ниң жуда улкен топырақтағы макро хам микроорганизмлердин искерлиги, органик затлардың жемирилиўи хам оксидланыўы себепли пайда болады. Карбонат ангидридиниң уштен бир бөлимине шекемги болган муғдары көп жыллык хам бир жыллык өсимликлердин тамырлары арқалы ажыратылады. Топырақ хавўасы қурамындаги СО2 ниң биологиялық ахимийети жуда улкен.

10 - Лекция. Топырақтың ыссылық қәсийетлери


Тау жыныларынын унырауында, топырақ қатламларында суў, азық затлары хәм хаўаның хәрекетине улкен тәсир етиўши термик көрсеткишлер оның дереклери режими хамде топырақ өнимдарлығың басқарыўдағы роли көрсетилген.


Топырақтың ыссылық қәсийетлери оның өнимдарлығын көрсетиўши факторлардан болып, өсимлик өмири хәм топырақта өтетуғын путкил биологиялық ,химиялық, уныраў процесслерине тәсир көрсетеди.Таў жынысларынын унырауы, қатты, суйық, газ тәрзли жағдайдағы затлардың өзара химиялық хам физикалық байланысы, топырық хам ондагы тири организмлер ортасында суў хам зат алмасыныуы хам басқаларға тиккелей термик факторлар тәсиринде өзгерип турады.
Топырақ термик режиминиң тийкарғы дереги қуяш энергиясы есапланады. Топырақта өтетуғын биохимик процесслер, оксидланыў—қайтарылыў процессиндеги ҳәмде топырақтын ыгалланыўынан ажыралып шығатуғын ыссылыклар термик режиминиң дереклери есапланады.
Ыссылыктын тийкарғы дереги болган қуяш жер жузинин хар 1 см2 жузесине бир минутта орта есапта, 1,946 калория ыссылык береди. Бул қуяштын өзгермес ыссылык муғдары делинеди. Жер жузесине тусетугын энергия муғдары сол орынның географик жайласыўына қарап полюстан экваторга да жуда турлише болады.
Топырақ қуяш энергиясынын ҳаммесин де жута бермейди. Бул энергиянын бир бөлими жер жузесине жутылмастан, атмосферага қайтады.
Белгили жер жузесине тускен энергиянын усы жер жузеси қайтарган энергияга қатнасының процент пенен көрсутилген муғдары альбедо (жер жузесиниң қайтарыў қәбилийетиниң өлшеми) делинеди. Альбедо ҳар кыйылы жер жузелери ушын жуда өзгериушең болади, буны төмендеги базы бир мысалларда көриў мумкин (% есабында).
Қурғақ қара топырақ — 14
Ығал қара топыр — 8 — 9
Шөл зонасындагы саз боз топырақ —29 —31
Ак, қум — 40
Суў жузеси— 10
Турып қалган қар — 70
Сурилген хам жузеси тегисленген боз топырақ — 30 — 31
Жаңадан сурилган хам жузеси тегисленбеген боз топырақ— 17
Салы атыз— 12
Пахта атызы — 20 — 22
Қурғақ шудигар - 20
ығал шудигар— 14
Жоқарыда келтирилген мысаллардан көринип турғандай, топырақтың қуяш энергиясын жутыў қабилийети төмендеги факторларга байланыслы болады: топырақтын реңи —ол қаншелик қаралтым болса, альбедо көрсеткиши соншели киши болады; Тегис емес жузе сийпақ жузеге карағанда хамме ўақыт кем альбедога ийе болады; топырақтың ығаллығы асып барыўы менен онын рени өзгере баслайды (жаңа қаралтымрақ рен) хам натийжеде альбедо кемейеди.
Бирақ топырақ суў менен толық тойынганда онда жыллтырык жузенин пайда болыўы альбедонын жане асыўына алып келиўи мумкин.

Download 0.55 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   25




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling