Кирисиў. Топырақ физикаси паниниң предмети, мазмуны, қурамы хам усыллары


Download 0.55 Mb.
bet1/25
Sana17.06.2023
Hajmi0.55 Mb.
#1525302
TuriЛекция
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   25
Bog'liq
Тупрок-физикаси ўқув услубий мажмуаси


  1. Лекция.

Кирисиў. Топырақ физикаси паниниң предмети, мазмуны, қурамы хам усыллары

Эгинлер зурәәтлилигин өсириў, дәслеп топырақтың хәр қыйылы қәсийетлерин жақсылап уйрениўди талап етеди. Кунделик ҳалларда ауыл хожалык ислеп ислеп шыгарыў тәжирийбесинде топырақтың қәсийетлери, әсиресе физикалық режимлери итибардан шетте қалып, егинлер зурәәтлилиги тийкарынан минерал хам органикалық төгинлер бериў есабына асырылады.


Академик В.Р.Вильямс гәпи менен айтқанда, топырақ өнимдарлығы өсимликлер өнимдарлығын хар дайым сорыушы тиришилик фактор – азық, суў, хауа, ыссылық хам хаўа есапланады. Бул факторлар өз алдына ҳеш қашан бир-бириниң орнын баса алмайды бирақ өз – ара байланыста болады. Бул факторларды басқарыў, ең алдын топырақтың физикалық қәсийетлерин билиўди хам оларды басқарыў илажларын ўйрениўди талап қылады.
Топырақ шорланыў проесси менен байланыслы болган көпғана теориялық маселелерди шешиўде топырақ хам онын физик қәсийетлерин билиў жуда әхмийетли. Маселен, топырак курамындаги суў хам онда ериген дузлардың ҳарекелениў тезлиги, топланыўы, бөлеклениўи хам усыган уқсас процесслер бир қыйылы механик қурамлы ҳамде қурамалы механик қурамлы (қабатлы жатқызықлы грунтлар) топырақ-грунт профилине сайкес характерге ийе болады. Соның ушын топырақ физикасын анык ўйрениў оның өнимдарлығы сырларын ашыўда жәрдем береди.
Топырақ физикаси курсы топырақтың физик, суў-физик ва физико-механик қәсийетлерин ҳәмде ондағы физик процесслер хам режимлер комплексин ўйренеди. Бул процесслер аўыл хам тоғай хожалығы, жол, уй жай, санитария ҳәмде курорт жерлери қурылыси мақсетлерин иске енгизиўдиң тийкарғы илаларынкөрсетип береди хәм ислеп шығады.
Топырақ физикасы төмендеги 4 ири бөлимнен ибарат. Биринши бөлим топырақтың қатты бөлими физикасын уйренеди. Ол топырақтың механик хәм микроагрегат қурамы(механик элементлердиң келип шығыўы, олардың петрографик, минералогик қурамлары хәм химиялық қәсийетлерин, механик элементлердиң улкен кишилигине қарап тарийпин, механик хам микроагрегат қурамды ўйрениў усыллары топырақлардын механик қурамына қарай тәрийпи механик қурамына қарай бонитировка қылыўды, механик қурамды ўйрениўдиң әхмийетин хәм алынган мағлыуматларды расмийлестириўди: олардың структуралы хәм дисперслик коэффициентлерин): топырақтың салыстырма жузеси хәм еркин жузе энергиясын; топырақтың салыстырма хәм көлем массаларын, геуиклиги ҳамде оларды ўйрениў усылларын, топырақ структурасын, топырақ қатты фазасының физико-механик қасийетлерин: пластиклиги, жапысқақлығы, исиниўи, шөгиўи, ислеў әсбапларына қарсылығы, оларды ўйрениў методларын өз ишине алады.
Екинши бөлим - топырақтың суйық бөлими физикаси, бунда топырақ қурамында беккем байланған (гигроскопик, минимал гигроскопик, өсимликтиң солыў ығаллығы), бос байланган (максимал молекуляр суў) хәм еркин (дала ығаллық сыйымлығы капилляр ва толық ығаллық сыйымлығы) капилляр, гидроскопик суўлардын физик қәсийетлери, топырақтын суў режими типлери, типшелери, суў өткизиўшенлик, капиллярлык қәсийетлери, изей суўлары, олардың келип шығыўы хәм суў қәсийетлерине тасири, қурғақшылық хәм оған қарсы гуресиў методлари, топырақ суўынын физик қәсийетлери ўйренеди.
Ушинши бөлим-топырақ хаўасынын физикасы топырақ қурамын, оның өзгериўин, ондағы хаўа хәм газлер алмасыныўын, топырақ хаўа режими хам оны басқарыўды, топырақ хаўасы қурамын ўйрениў усылларын өз ишине алады.
Төртинши бөлим-топырақтың қатты, суйық бөлими хәм хаўасының термик (топырақ температурасы, альбедо, температура хәм ыссылық өткизиўшеңлик, ыссықлык режими хәм оны ўйрениў методлары) хәм электр өткизиушеңлик қәсийетлерин өз ишине алады.
Топырақ физик қәсийетлери хәм режимлери В.В.Докучаев тусынған географик ҳамде морфологик методлары анықланады. Бунған дала ғузетиўлери, арнаўлы методлары, зарурликлер менен топырақ шарайатларын модуллешстириў методлары да киреди.
Топырақтағы геуиклер системасын ҳамде механик элементлер хәм агрегатларын жойласыў тәртибин ўйрениў ҳамде салыстырма жузени есаплау мақсетинде микроскопиядан, топырақлардың минералогик қурамын рентгенография ҳәм электромикроскопия методлари жардеминде ўйрениледи.


  1. Лекция.


Download 0.55 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   25




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling