Кирисиў. Топырақ физикаси паниниң предмети, мазмуны, қурамы хам усыллары
Топырақтың суў өткериўшеңлик қасийети
Download 0.55 Mb.
|
Тупрок-физикаси ўқув услубий мажмуаси
Топырақтың суў өткериўшеңлик қасийети
Топырақтын өзинен суў өткериў қабилийетияти суў өткериўшеңлик деп аталады хам онын муғдары белгили ўакыт ишинде топырақтан өткен суў муғдары менен өлшенеди. Топырақтын суў өткериўшеңлик қабилийети жудә қурамалы процесс болып, ол топыраққа сорылыўы, ығалланыўы хам артықша суўдын фильтирлениўи сыяқлы процесслерди өз ишине алады. Топыраққа суўдын синиўи хам ығалланыўы онын басқа әпиўайы жыныслардан туптен парықланыўын көрсетип турыўшы тийкарғы белги есапланады. Мысал ушын ири шебин, майда тас там хам қумлар ямаса жаңадан уныралган таў жыныслары, өзинен суўды жуда жақсы өгкереди, бирақ олар суўды сорыў, әсиресе услап қалыў қабилийетине ийе емес. Сорығып хәм усланып қалынган суў тийкарынан топырақ майда бөлекшелери жузесинде, агрегатлы бөлекшелер ҳамде олар пайда еткен геуикликлерде сақланып, өсимликлер оны керек уақытында пайдалана береди. Лалмикар жерлердеги табий өсимликлер, ҳаттеки ғалле егинлри тек ғана гуз, қыс хам баҳар мәусиминде жаўған жаўын —шашын суўларынан пайда болган запас суў есбысабында тиришилик етеди. Изей суўлар шуқыр жайласқан бундай шараятта жаўын-шашын суўлары капилляр турақлы ҳалда усланып турады. Жаўын-шашын суўларынан баҳарде егилетуғын жерлердин ығалланган бөлими баҳарге келип ашық тусли боз топырақларда 1 м, типик боз топырақларда 1,5 м хам тоқ тусли боз топыракларда 2-2,5 м гае жетеди. Ҳазирги уақытта топырақ-мелиоратив тексериў ислеринде суў өткериушенлик тезлигин есаплаў С.В. Астаповтын төмендеги формуласы кең қолланылады. бунда , v-суў өткериўшеңлик тезлиги, мм/мин. Q-белгили уақыт ишинде сарп болган суў муғдары мл, S-тажирийбе алып барылатуғын майдан жузеси см2, t-суў сарпланыўы есабына алынган уақыт, мин, 10-коэффициент. Бул коэффициент жардеминде суўдын мл деги көрсеткиши, мм ге айландырылады. Алынган мағлыуматлар суў өткериушенликти топырақтын механик қурамы менен тиккелей байланысын көрсетеди. Топырақ қанша женил болса, суў өткериушенлик сонша жоқары топырақ механик курамы аўырласқан сайын суў өткериўшеңлик пасейе береди. Н.А.Качинский (1947) дин төмендеги улыума тенлемесинде суў өткериушенликке хам фильтрацияга тәсир көрсетиўши факторлар өз көринисин топқан: ) бунда К-фильтрация коэффициенти, f-функция. h- белгили температура еритпенин (суўдын) жапысқақлығы. p-топырақ геуиклиги. d- геуикликлердин эффектив диаметри. Демек, фильтрация - бул паске ҳарекет кылатуғын эритпенин жапысқақлыгы, топырак геуикликлиги ҳамде геуикликлердин эффектив диаметри менен туўры пропорционал байланыста болган функция есапланады. Топыраққа суў өткериўшеңлигине көре баха бериўде Н.А.Качинский классификациясынан пайдаланылады. Бунда топырақ төмендеги группаларга бөлинеди (жутылган суў муғдары миллиметр есабында гузетиўдиң биринши сааты ушын берилген): жуда жоқары — 1000 — 500 жуда жаксы - 500 - 100 жақсы -100-70 қанаатландырарлы — 70 — 30 қанаатландырарсыз — 30 дан кем Download 0.55 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling