Коллоид системалардың электр қәсийетлери
Download 32.73 Kb.
|
лекция 14 Коллоид системалардың электр қәсийетлери
- Bu sahifa navigatsiya:
- Қос электр қабаты ҳаққындағы түсиник
Коллоид системалардың электр қәсийетлериДүзиўши: доц. Б.Нурымбетов Жобасы:
Қос электр қабаты ҳаққындағы түсиникФазалар аралық сыртта пайда болатуғын электр қубылысларын (адсорбциядағы сыяқлы) артықмаш сырт энергиясының пайда болыўы ҳәм фазалар арасындағы өз-ара тәсирлердиң нәтийжесинде деп қараў мүмкин. Гетероген система өзиниң сырт энергиясын кемейтиўге умытылыўы нәтийжесинде сырт қабаттағы полярлы молекула, ион ҳәм электронлардың ҳәрекети белгили бағдарда өзгереди, мысалы, ионлар химиялық потенциалы үлкен болған фазадан химиялық потенциал киши болған фазаға өтеди; кейнинде бир-бирине тийип турған фазалар шегарасында үлкенлик жағынан өз-ара тең, бирақ қарама-қарсы белгидеги зарядлар пайда болады. Соның ушын өзиниң потенциалына, зарядына ҳәм басқа қәсийетлерине ийе болған қос электр қабат пайда болады ҳәм теппе-теңлик жағдай турақласады (себеби пайда болған потенциал ионлардың бир фазадан екинши фазаға өтиўине қарсылық көрсетеди).Қос электр қабаттың пайда болыўы ҳақкында үш түрли механизм усынылған. Олардан бириншиси-ион ямаса электрон түриндеги зарядтың бир фазадан екинши фазаға өтиўинен ибарат. Мәселен, газ фаза менен шегераланып турған металл өз ионларын газ фазаға бере алады. Бул процесс ўақтында орынлаған жумыстың үлкенлиги металлдан электронды шығарып жибериў ушын керекли жумыс мәниси менен өлшенеди. Металлдан электронның шығып кетиў интенсивлиги температура жоқарылаған сайын жоқарылап барады, бул қубылыс физика курсинде термоэлектрон эмиссия деп аталады. Соның нәтийжесинде металл оң зарядқа, газ фаза терис зарядқа ийе болып қалады. Шегера сыртта пайда болған электр потенциал электронлардың металлдан жәнеде шығып кетиўине қарсылық көрсетеди ҳәм системада тепе-теңлик турақласады.
Download 32.73 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling