Коллоид системалардың электр қәсийетлери


Download 32.73 Kb.
bet4/8
Sana12.11.2023
Hajmi32.73 Kb.
#1768205
1   2   3   4   5   6   7   8
Bog'liq
лекция 14 Коллоид системалардың электр қәсийетлери

Сырт-актив-зат өз-ара араласпайтуғын еки суйық фазалар сыртына (мысалы, бензол-суў сыртына) да адсорбцияланыўы мүмкин. Бул жағдайда сырт-актив заттың полярлы бөлими суў фаза тәрепке жөнеледи; ол жерде диссоциланып, суў фаза сыртында анық белгидеги электр қабат пайда етеди; сырт-актив заттың полярсыз бөлими сырттың зарядланыўын тәмийинлейди.

Қос электр қабат пайда болыўының үшинши механизимин қарап көрейик. Ойлап қарайық, еки фазадан ибират системаға ионларға тарқалмайтуғын зат қосылған болып, ол фазалар шегерасына адсорбилана алмасын. Бундай жағдайларда фазаларды пайда еткен затлар қурамындағы полярлы молекулалар өз жағдайын бирер фаза тәрепке өзгертип, шегера сыртқа оң ямаса терис белгили заряд береди. Сол фаза зарядының белгиси төменде келтирилген КЁН қағыйдасына муўапық анықланады: бир-бирине тийип турған еки фазадан ҳәр бириниң диэлектрик сиңдириўшеңлиги үлкен болса, сол фаза оң зарядланады. Суўдың диэлектрик константасы (сиңириўшеңлиги) жүдә үлкен ( ) солай етип, суў ҳәм қатты денеден ибарат системада пайда болатуғын қос электр қабатта суўға батырылған қатты зат сырты көбинше терис зарядқа, суў сырты болса оң зарядқа ийе болады.

  • Қос электр қабат пайда болыўының үшинши механизимин қарап көрейик. Ойлап қарайық, еки фазадан ибират системаға ионларға тарқалмайтуғын зат қосылған болып, ол фазалар шегерасына адсорбилана алмасын. Бундай жағдайларда фазаларды пайда еткен затлар қурамындағы полярлы молекулалар өз жағдайын бирер фаза тәрепке өзгертип, шегера сыртқа оң ямаса терис белгили заряд береди. Сол фаза зарядының белгиси төменде келтирилген КЁН қағыйдасына муўапық анықланады: бир-бирине тийип турған еки фазадан ҳәр бириниң диэлектрик сиңдириўшеңлиги үлкен болса, сол фаза оң зарядланады. Суўдың диэлектрик константасы (сиңириўшеңлиги) жүдә үлкен ( ) солай етип, суў ҳәм қатты денеден ибарат системада пайда болатуғын қос электр қабатта суўға батырылған қатты зат сырты көбинше терис зарядқа, суў сырты болса оң зарядқа ийе болады.

Электрокапилляр қубылыслар

  • Егер бирер суйық фазаның ҳеш қандай нәрсе менен бәнт болмаған бос сыртына электр заряд берсек, суйықлық өзиниң сырт керимлигин кемейтирип жибереди. Буның себеби сонда, сырттағы өз-ара күшти бөлекшелер бирдей белгидеги заряд қабыллағанынан кейин бир-биринен узақласып, олар арасындағы өз-ара тартысыў күшлери (сондай ақ суйықлықтың сырт керимлиги), кемейип кетеди.
  • Егер суйықлық сырты бос болмай, дәслеп, мысалы, оң зарядқа ийе болған болса, бундай сыртқа терис заряд бергенимизде суйықлық сырт керимлигиниң кемейиўи қарама-қарсы зарядлар муғдарлары арасындағы қатнасқа байланыслы болады.

Download 32.73 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling