Коллоид системалардың электр қәсийетлери
Download 32.73 Kb.
|
лекция 14 Коллоид системалардың электр қәсийетлери
Фазалар шегерасында болған зарядтың (понециаллар айырмасының) сырт керимлиигине тәсирин көрсетиўши қубылыслар-электрокапилляр қубылыслар деп аталады. Олар қос электр қабатта пайда болады. Бул қубылысларды үйрениў нәтийжесинде заряд мәниси менен сырт керимлик арасында байланыс барлығы анықланады, әне усы байланыстың график көриниси электрокапилляр иймек сызықлардан ибарат. Электрокапилляр қубылысларды ең дәслеп электролитлердиң суўдағы еритпелери менен сынап шегерасындағы сыртлар мысалында 1873-жылы Липпман өзи ислеген капиллярэлектрометр жәрдеминде изертлеген. Кейин ала оның изертлеўлери Гуй (1910 жылы) А.Н. Фрумкин (1919 жылы) ҳәм басқа алымлардың жумысларында раўажландырылды.
Ойлап қарайық, сынап металы сынап дузының суйылтылған еритпесине батырылып қойылған болсын. Сынап ионларын суўдың полярлы молекулалары өзине тартып алыўы себепли сынаптың сырт-керимлиги кемейип кетеди. Енди сынап дузы еритпесиндеги сынап сыртына терис электр заряд берип бул сыртты полярлап барсақ сынаптың сырт керимлиги менен сынап сыртының заряды арасында байланыс барлығын байқаймыз. Сынап сыртындағы оң заряд кемейген сайын сынап пенен еритпе шегерасында сырт керимлик артып барады. Сынап сыртындағы барлық оң зарядлар нейтралланып болғаннан кейин, яғный сынап сыртының заряды нөлге тең болғанында сырт керимлик үлкенлиги максимал мәниске ериседи. Сынап сыртында терис заряд көбейе берсе, сынап пенен еритпе шегерасындағы сырт керимлик кемейе баслайды.Download 32.73 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling