Коллоид системалардың электр қәсийетлери


В. Сыртқы диссоциация механизми


Download 32.73 Kb.
bet7/8
Sana12.11.2023
Hajmi32.73 Kb.
#1768205
1   2   3   4   5   6   7   8
Bog'liq
лекция 14 Коллоид системалардың электр қәсийетлери

В. Сыртқы диссоциация механизми
Егер , болса онда иодид ионлар сыртқы диссоциация себепли сырттан еритпеге өте баслайды ҳәм сырт жүзеде ҚЭҚ тың сыртқы қапламасын пайда етеди.
Бунда қатты фаза жүзеси оң зарядланады
II. Қатты фазаның кристалл решеткасына кирмейтуғын ҚЭҚ тың ионлардың спецификалық адсорбциясы себепли пайда болыўы
Мысалы, натрий гидрооксиди еритпесинде парафин золи.
ПАИ - OH–, ҚҚИ – Na+.
III. САЗ лардың орентирленген адсорбциясы себепли ҚЭҚ пайда болыўы.
Май кислоталарының дузлары еритпеде диссоциацияланады, мысалы стереарин кислотасының натрий дузы.
- Сырт – актив анион
IV. Сыртқы потенциаллар айырмашылығы себепли ҚЭҚ тың пайда болыўы
Коллоид мицеллалардын курылысы
Мицелла (Дюкло, 1908 ж.) – ҚЭҚ менен бирге дисперс фазаның бөлекшеси.
Мицелланың ишки бөлимин агрегат қурайды, ол көп сандағы аз ериўши бирикпелердиң атомлары ямаса молекулаларынан турады.
Агрегат электронейтрал, бирақ үлкен адсорбцион қәсийетге ийе ҳәм еритпеден өзиниң сыртына ПАИ ды адсорбциялаў қәсийетине ийе.
ПАИ ды таңлаўда Фаянс-Панет-Песковлардың қағыйдасынан пайдаланылады: «Агрегаттың қатты сыртында биринши гезекте төмендеги қәсийетлерге ийе ионлар адсорбцияланады:
  • агрегат қурамына кириўши;
  • агрегаттың кристалл решеткасын қурыўға уқыблы;
  • агрегат ионлары менен аз ериўши бирикпе пайда етеди;
  • агрегат ионлары менен изоморфлы.»

Агрегат ПАИ менен бирге мицелланың ядросын қурайды. Мицелланың зарядланған ядросы еритпеден ҚҚИ ларды тартады. ҚҚИ лардың бир бөлими адсорбцион қабатты пайда етеди.
Ядро ҚҚИ менен бирге гранулланы ямаса коллоид бөлекшени пайда етеди. Коллоид бөлекшениң зарядының белгиси ПАИ ның зарядының белгиси менен анықланады.
.
Коллоид бөлекшени диффузия қабатының ҚҚИ қоршайды – Броун қозғалысына ушырайтуғын ҚҚИ дың қалған бөлеги ядро менен ҳәлсиз байланысқан болады.
Улыўма мицелла пайда болады. Мицелланың коллоид бөлекшеден айырмашылығы, ол электронейтрал болады.

Download 32.73 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling