Маҳбуба Хамидова


Диссертацияның тийкарғы мазмуны


Download 1.19 Mb.
bet52/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   48   49   50   51   52   53   54   55   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

Диссертацияның тийкарғы мазмуны. Бул бөлимде орынланған изертлеўдиң (диссертацияның бөлимлери бойынша) қысқаша сыпатламасы баян етилиўи керек.

Зәрүр жағдайларда, авторефератта жуўмақлаўшы математикалық
дәлиллеўлер, әҳмийетли графиклер, диаграммалар, кестелер келтириледи ҳәм олар пүткил автореферат бойынша избе-из түрде араб цифрлары менен белгиленеди.

  1. Жуўмақ. Бул бөлим тийкарғы жуўмақларды ҳәм диссертацияның нәтийжелеринен пайдаланыў бойынша уснысларды өз ишине алыўы керек.

  2. Жарияланған жумыслардың дизими. Бунда автордың тек диссертация темасы бойынша илимий басылымларда жарияланған жумысларының дизими бериледи. Дизим стандарт талапларына муўапық түрде дүзиледи (3-қосымшаға қараң).

Жарияланған жумыслардың дизими кандидатлық диссертациясының авторефератында қатаң стандартқа муўапық түрде, хронологиялық тәртипте келтириледи.
Диссертанттың басып шығарылған илимий жумысларының дизими докторлық диссертациясының авторефератында үш бөлимнен ибарат халда келтириледи:
-биринши бөлимде монографиялар ҳәм илимий журналларда жарияланған мақалалар келтириледи;
-екинши бөлимде ойлап табыўлар ҳаққындағы патентлер ҳәм авторлық гуўалықларының дизими келтириледи;
-үшинши бөлимде илимий топламларда басылған мақалалар, тезислер, препринтлер, депонент етилген илимий жумыслар (олардың рефераты илимий журналларда басылған болыўы керек), илимий журналларда басылған реферат, мәлимлеме ҳәм аннотациялардың дизими бериледи.
Авторефератта барлық илимий жумыслар диссертацияның темасына қатаң муўапық келиўи ҳәм басып шығарылған ўақтына қарап тәртип бойынша келтирилген болыўы керек. Авторефератта келтирилген үш бөлимдеги илимий жумыслар үзликсиз цифррланады.
Диссертация ҳәм авторефератта көрсетилген илимий жумыслардың басылыўына байланыслы мағлыўмат белгиленген талапларға толық муўапық түрде келтирилиўи, яғный барлық авторлар толық жазылыўы ҳәм мақалалар басылған топламлар менен журналлардың бетлери анық көрсетилиўи зәрүр.

  1. Резюме төмендегилерди өз ишине алады:

-таяныш (ең әҳмийетли) сөзлер;
-изертлеў объектлери;
-жумыстың мақсети;
-изертлеў методлары;
-алынған нәтийжелер ҳәм олардың жаңалығы;
-әмелий әҳмийети;
-қолланылыў дәрежеси ҳәм экономикалық нәтийжелилиги;
-енгизилиў (пайдаланыў) саласы.
Резюме өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде жазылыўы керек. Резюмениң үлгилери 7-қосымшада келтирилген.
32. Авторефераттың тийкарғы бөлимлериниң атамалары текстке симметриялық жағдайда үлкен ҳәриплер менен (цифр қойылмаўы керек) жазылады. Биринши бөлимниң киши бөлимлериниң темалары, әдетте, абзацтан, тойғын ҳәриплер менен ямаса ҳәриплер арасы ашық ҳалда цифрланбастан жазылады.
Авторефераттың барлық нусқаларында ақырғы резюмеден соң диссертанттың қолы болыўы шәрт.
Диссертация жақлаўға қабыл етилгеннен соң авторефератқа өзгерислер киргизиў мүмкин емес.



Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   48   49   50   51   52   53   54   55   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling