Маҳбуба Хамидова
Магистрлик диссертацияның темасын таңлаў
Download 1.19 Mb.
|
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009
Магистрлик диссертацияның темасын таңлаў
Магистрлик диссертациялары ушын усынылып атырған темалар базар қатнасықларына өтиўдиң өзбек моделинен келип шығатуғын суд системасын реформалаўдың өзгешеликлерин таллаў ҳəм улыўмаластырыў тийкарында дүзилген болып, негизинен, илимий характерге ийе болады. Усының менен бирге темаларды ислеп шығыўда тыңлаўшылардың институтқа киргенге дейин топлаған əмелий ис тəжрийбелери ҳəм стажы, сондай-ақ, магистрлер таярлаў бойынша оқыў процессиниң улыўма стратегиясы жəне Өзбекстан Республикасының ҳуқық системасында олар даўам еттиретуғын əмелий жумыс бағдарлары есапқа алынады. Тема таңлаў Тема таңлаў – күтə үлкен əҳмийетке ийе. Теманы дурыс таңлаў жумыстың табыслы орынланыўының ярым кепиллиги болады. Диссертация темасы дегенде, онда сəўлелендирилетуғын тийкарғы жумыс түсиниледи. Таңлап алынған ҳəм изертлеўдиң ўазыйпаларына сəйкес шөлкемлестирилген материал үйрениў предмети де болады. Магистрлик диссертациясы темалары жоқары оқыў орны тəрепинен анықланады (белгиленеди). Студент-магистрге таманы таңлаў ҳəм оны тийкарлаў мүмкиншилиги бериледи. Диссертация жумысының темасы магистрликке таярлаў процессиниң басында-ақ анықланып, бекитиледи. Ол тийкарынан жоқары оқыў орнының тийисли қəнигелик кафедралары усынған дизимнен таңлап алынады. Тема таңлаўда таңланған билим саласындағы улыўма стажды есапқа алыў күтə əҳмийетли. Баслаўшы – изертлеўшиниң психологиялық қатнасы да үлкен əҳмийетке ийе болады. Тема таңлаўда оларды тағы да тереңирек үйренип шығыў мүмкин болған мəселелерди алыў мақсетке муўапық болады. Изертлеўшиге тема таңлаўда төмендеги усыныслар жəрдем етиўи мүмкин: Жақланған диссертациялардың дизимин көрип шығыў ҳəм кафедрада орынланып атырған жумыслар менен танысыў; Усы салаға жақын болған илим ҳəм техника тараўындағы излениўлердиң ең жаңа нəтийжелери менен танысып шығыў; Изертлеў усылларын ислеп шығыў жағдайын баҳалаў; Белгили бир илимий шешимлерди жаңа теориялық талқылаўда жаңа методлар жəрдеминде диссертант тəрепинен анықланған əҳмийетке ийе болған фактлерди қоллана отырып көрип шығыў. Теманы таңлаўда таллаў мағлыўматлары , арнаўлы дəўирлик басылымлардағы мақалалар, қəнигелер менен гүрриңлесиў ҳəм мəслəҳəтлер менен танысып шығыў да үлкен жəрдем етеди. Магистрлик диссертациялар студентлердиң жеке арзалары тийкарында рəсмийлестириледи. Теманы таңланған диссертация жумысының мақсети, анық уазыйпа ҳəм оны ислеп шығыў көз қарасынан анықлап алыў керек. Буның ушын усынылып атырған идеяның əҳмийети неде екенлигин, теманың жаңалығы ҳəм актуаллығын , оның теориялық жаңалығын жəне əмелий əҳмийетин анықлаў керек. Таңланған тема (сондай-ақ, диссертанттың илимий басшысы) оқыў орны ректорының буйрығы менен тастыйықланады. Диссертанттың илимий басшысы етип, əдетте қəнигелик кафедрасының профессоры (доценти) тайынланады. Илимий басшы магистрантқа илимий ҳəм методикалық жəрдем берип турады, жумыстың орынланыўын турақлы қадағалап барады. Анаў ямаса мынаў шешим қабыл етиўдиң мақсетке муўаплығы ҳаққында усыныслар береди. Магистрант илимий жумыстың авторы сыпатында қабыл етилген шешим ҳəм нəтийжелердиң дурыслығына жуўапкер болады. Диссертацияның темасы ҳəр бир қəнигелик бойынша усыныс етилген темалар дизиминен тыңлаўшы тəрепинен өз бетинше таңлап алынады. Бунда тыңлаўшының əмелий тəжрийбеси , машқалаларды билиўи, ҳуқық саласындағы мəлимлемелерди жыйнаў, қайта ислеў ҳəм таллай алыў имканияты, шет тилди билиўи, шет ел ҳəм республика ҳуқық қорғаў уйымларында топлаған тəжрийбелерин нəзерде тутыў керек. Диссертация темасы дəслеп кафедрада додаланады ҳəм қағыйдаға бола, усы сала бойынша усынылған диссертацияларға басшылық етиўде үлкен тəжрийбеге ийе болған илимий басшы менен келисип алынады. Магистрлик диссертацияларының темаларын таңлаўда тийкарғы итибар ҳуқық салалары бойынша анаў ямаса мынаў мəселелерди жетилистириўдиң тийкарғы бағдарларына, сондай-ақ, магистрдиң институтты питкергеннен соң ийелейтуғын лаўазымының өзгешеликлерине қаратылады. Бунда магистранттың келешекте илимий-изертлеў əмелияты базасы ҳəм изертлеў процессинде анаў ямаса мынаў тема бойынша мəлимлеме менен тəмийинлениў дəрежеси де есапқа алынады. Диссертация темасының дурыс таңланыўы көп жақтан оның табыслы жуўмақланыўын тəмийинлейди. Тыңлаўшылар магистрлик диссертация ушын тема таңлағанда, диссертация жумысының жойбары өзлери өтетуғын магистрлик бағдарламаның бағдарына муўапық келиўи кереклигин есте тутыўлары шəрт. Тыңлаўшы магистрлик диссертациясының темасы бойынша беккем қарарға келгеннен соң, таңлап алған темасын оған бекитип қойыўын өтиниш етип институт ректорының атына арза жазады (1-қосымшаға қараң). Арзада магистрлик диссертациясы темасының жетекши кафедра баслығы менен алдын-ала келисип алынған атамасы толық ҳəм дурыс формада жазып көрсетиледи. Магистрантқа илимий басшыны бекитиў мəселеси де илимий басшының ҳəр бири менен алдыннан өз алдына келисип алынып , магистрлик диссертация темаларын ҳəм илимий басшыларды тастыйықлаў бойынша буйрық жойбарын таярлайтуғын қəнигелик кафедрасы баслығы тəрепинен шешиледи. Магистрлик диссертациялары темаларының тыңлаўшыларға ҳəм илимий басшыларға бекитилгени ҳаққындағы буйрық шығарылғаннан кейин, ректордың рухсатысыз темалардың атамасы ҳəм рəсмийлестирилиўи бойынша қандай да бир өзгерис киргизиў ямаса бекитилген илимий басшыларды өзгертиў мүмкин емес. Магистрлик диссертациясының темасы таңлап алынғаннан кейин, тыңлаўшы илимий басшының тиккелей қатнасыўында диссертацияға тийисли жумыс режесин ислеп шығады. Қағыйдаға бола, илимий басшы магистрлик диссертацияның режесин орынлаў процессине магистрант изертлеў темасы бойынша əдебиятлардың дизимин дүзгеннен соң ғана кирисиўи мүмкин. Тыңлаўшының магистрлик диссертациясының жойбарын əмелге асырыў бойынша өз режесин усыныўы əдеттеги жағдай болып табылады. Илимий басшыда альтернатива сыпатында келешекте қолланылыўы мүмкин болған жойбарлар ямаса изертлеў элементлери болыўы мүмкин. Жумыс режеси изертлеў предметиниң ең тийкарғы тəреплерин ғана көрсетеди, бундай режеге изертлеўдиң мақсети ҳəм ўазыйпаларын өзгертпестен анықлық киргизилиўи мүмкин ҳəм зəрүр. Дəслепки додалаўлар ўақтында илимий басшы менен көз-қараслардың дурыслығы анықланады, қойылған мəселелерди шешиўдиң жол-жобалары, илимий излениў стратегиясы ислеп шығылады. Диссертанттың илимий басшы менен мəслəҳəти алдын-ала белгиленген күнлер ҳəм саатларда турақлы түрде өткерилип барылады. Мəслəҳəтлер ўақтында тыңлаўшы тəрепинен диссертацияның жумыс режесиниң орынланыўы көрип шығылады ҳəм диссертация жумысының барысы додаланады. Бул додалаўлардың нəтийжелери тыңлаўшыны дурыс жолға бағдарлаўы, ўақытты нəтийжели бөлистириўге жəне диссертацияны таярлаў ҳəм жазыўды тезлестириўге қаратылыўы керек. Илимий басшы магистрлик диссертациясының жумыс режесин ислеп шығыўда қатнасыў менен бир қатарда басқа мəселелерде де жəрдем береди, соның ишинде: Тема бойынша зəрүр əдебиятлар, мағлыўматнамалар, статистика материаллары ҳəм басқа да дереклерден пайдаланыўға байланыслы усыныслар береди; Диссертация темасы бойынша турақлы гүрриңлесиўлер ҳəм мəслəҳəтлер өткерип турады; Орынланған жумыстың мазмунын бөлимлери бойынша жəне бир тутас түрде тексереди ҳəм баҳалайды; Диссертацияны жақлаўға усыныўға келисим береди. Солай етип, илимий басшы магистрантқа айтарлықтай дəрежеде илимий ҳəм методикалық жəрдем берип турады, жумыстың орынланыўын турақлы қадағалап барады, айырым өзгерислер киргизеди, анаў ямаса мынаў шешимниң қабыл етилиўиниң мақсетке муўаплығы ҳаққында усыныслар ҳəм жумыстың улыўма таярлығы ҳаққында жуўмақ береди. Диссертацияның орынланыў процессин қадағалаў ҳəм илимий – методикалық жəрдем берип барыў кафедра баслығы тəрепинен ислеп шығылған ҳəм тастыйықланған «Магистрлик диссертацияларын таярлаў бойынша тапсырмалар» тийкарында əмелге асырылады. Магистрлик диссертация қəнигелик, маманлық жумысы болып, теориялық əҳмийети, темасының актуаллығы ҳəм алынған нəтийжелердиң əмелийлигине қарап ғана емес, ал улыўма методикалық таярлық дəрежесине ҳəм рəсмийлестирилиўине қарай да баҳаланады. Магистрлик диссертацияны жазыўдың ең əҳмийетли басқышы илимий изертлеўдиң өзара тығыз байланыстағы тийкарғы уазыйпаға тийисли барлық элементлерди өз ишине алған, болажақ диссертацияға байланыслы изертлеўдиң композициялық дүзилисин ислеп шығыў болып табылады. Диссертация композициясының дурыс дүзилиўи магистрантқа илимий излениўдиң мақсетлери менен ўазыйпаларын анық белгилеў, оның объект ҳəм ўазыйпаларын орынлаў жолларын, сондай-ақ диссертация таярлаў басқышларын дурыс таңлаў мүмкиншилигин береди. Диссертацияның композициялық дүзилисин өз ўақтында ҳəм сапалы ислеп шығыў авторға илимий излениўдиң мақсетлерин ҳəм ўазыйпаларын дурыс сəўлелендириў, изертлеў объектин жəне предметин ҳəм қойылған мақсетке жетиў усылларын дурыс таңлаў, сондай-ақ диссертацияны таярлаў басқышларын анық ажыратыў имканиятын береди. Композициялық дүзилисти ислеп шығыўда диссертацияның изертлеў машқалалары бойынша тийкарғы дəреклер, дəўирлик басылымлар, шет ел ҳəм жергиликли статистика материалларын пухта үйренип шығыў керек болады. Болажақ диссертация изертлеўиниң композициялық дүзилисиниң жойбары қəнигелик кафедрасы ағзалары тəрепинен, əлбетте додаланыўы, оның мазмуны бойынша айырым дүзетиўлер киргизилиўи ҳəм кемшиликлери көрсетилиўи шəрт. Изертлеўдиң əмелияттан өткерилген ҳəм додаланған композициялық дүзилиси тастыйықланған мəмлекетлик стандартларға муўапық магистрлик жумысты таярлаўдың исенимли қуралы болады. Магистрлик изертлеўдиң композициялық дүзилиси диссертацияның ҳəр қыйлы бөлимлери, үйренилип атырған материаллар, жуўмақлар бөлими мазмунының логикалық жақтан өз-ара байланысына мүмкиншилик жаратады. Диссертацияның композициялық дүзилисиниң ең тийкарғы принципи материалды анық ҳəм избе-из баян етиўден ибарат болады. Баплар мазмуны жақтан тамамланған ҳəм нəзерде тутылған мақсетке ерисиўге қаратылған болыўы керек. Магистрлик диссертацияның қурамы тийкарынан төмендегилерден ибарат болады: *диссертацияның титуллық бети; *диссертацияның мазмуны; *кирисиў; *диссертацияның тийкарғы бөлими (баплар, параграфлар); *жуўмақ (резюме, усыныслар); *пайдаланылған əдебиятлар дизими (библиография); *қосымшалар. Қысқаша айтқанда, магистрлик диссертация улыўма ишки пүтинликке ийе болған жəне таңланған теманы ислеп шығыў процесслерин ҳəм нəтийжелерин сəўлелендириўши жуўмақланған жумыс есапланады. Магистрлик диссертацияның илимий дəрежеси билимлендириў бағдарламасына муўапық келиўи ҳəм магистрдиң илимий жетиклиги жəне института билимлендириў процессинде ийелеген терең кəсиплик таярлығын көрсетиўи керек. Автор магистрлик диссертациясында алынған мəлимлемени текст ҳəм көргизбели материал түринде бериў арқалы анаў ямаса мынаў жағдайдың илимий ҳəм əмелий əҳмийетин тийкарлайды. Текст ҳəм көргизбели материал мазмунының характери жəне көлеми магистрлик диссертация темасының бағдарына байланыслы түрде қəнигелик кафедрасы тəрепинен анықланады. Магистрлик диссертация өз мазмунына бола ҳақыйқый тийкарланған, ҳуқық қорғаў салаларында ҳəм суд системасындағы ең əҳмийетли əмелий мəселелерди шешиўди тəмийинлейтуғын өз алдына илимий жумыс сыпатында илимий журналлардағы мақалаларға қойылатуғын талапларға муўапық түрде рəсмийлестириледи. Магистрлик диссертацияның мазмуны магистранттың өзи таңлаған сала бойынша мəлимлемеден хабардарлығына ҳəм илимий əдебиятларды билиў дəрежесине байланыслы болады. Пəнлер ҳəм темаларға тийисли каталоглардан пайдаланғанда магистрант тиккелей темаға жақын теориялық машқалаларды сəўлелендиретуғын əдебиятларды да үйренеди. Каталогларды көрип шығыў ҳəм үйрениў менен бир қатарда магистрант илимий изертлеўдиң темасына тийисли өз картотекасын да дүзеди. Бул картотекада автор ҳəм китаптың атамасы, басып шығарылған жылы, баспасы, көлеми, дəректиң қысқаша мазмуны бериледи. Жумысты усылай етип шөлкемлестириў магистрантқа өз билимин тереңлестириў ҳəм усы темаға тийисли əдебиятлар бойынша түсиник пайда етиў мүмкиншилигин береди. Библиографиялық материаллар таллап шығылып, диссертацияның биринши бабында баян етиледи. Титуллық бет – диссертацияның биринши бети есапланады ҳəм қатаң қағыйдалар тийкарында толтырылады. Мазмунда баплар, параграфлар ҳəм магистрлик диссертацияның барлық басқа бөлимлери тийкарғы тексттеги темалар ҳəм бетлер қатар санынан басқаша формада ямаса избе-изликте яки қысқартылып берилиўи мүмкин емес. Мазмундағы темалар тийкарғы тексттеги темалар менен бир қыйлы болыўы шəрт. Демек, баплар ҳəм параграфлардың атамасы, сондай-ақ, олардың избе-излиги диссертация тексти менен толық муўапық келиўи тийис. Кирисиў бөлиминде теманың əҳмийетлилигине тийкарланып көрип шығылатуғын машқалалар, мақсет ҳəм ўазыйпалар сəўлелендирилиўи керек. Бул мағлыўматлар магистрлик диссертацияның барлық бөлимлеринде бирдей избе-изликте берилиўи шəрт. Магистрлик диссертацияның кирисиў бөлиминде төмендегилер бериледи: *изертлеў темасының актуаллығы; *магистрлик диссертацияның мақсети ҳəм ўазыйпалары; *машқаланың ислеп шығылыў дəрежеси; *изертлеўдиң илимий жақалығы; *изертлеў предмети; *изертлеў объекти; *изертлеўдиң əмелий əҳмийети. Биринши бапта теманың улыўма теориялық мəселелери, магистрлик диссертация ислеп шығылатуғын шөлкем, мəкеме, кəрхана ҳəм бирлеспениң қысқаша сыпатламасы берилиўи керек. Бул бапта төмендеги параграфлар өз-ара логикалық избе-изликте бериледи: *изертлеў объектиниң функциялары, ўазыйпалары ҳəм саласы; *шөлкемлестириўшилик структура, басқарыў системасы, оның сыртқы ҳəм ишки байланысларының өзине тəн өзгешеликлери; *изертлеў объектиниң ҳуқықый көрсеткишлери ; *изертлеў объектиндеги кемшиликлер ҳəм машқалалар; *альтернатикалық ўазыйпаларды теориялық ҳəм əмелий шешиўдиң улыўма қағыйдалары. Екинши бапта қарап шығылып атырған мəселениң ҳəзирги жағдайы талланады, тыңлаўшының əмелият дəўиринде топланған материаллардан толық пайдаланыўға қаратылған усыныслары тийкарланған болыўы керек. Тəжрийбе топлаў ўақтында жыйналған ҳəм изертлеў процессинде таллап шығылған материаллар тыңлаўшыға шешилмеген мəселелерди, машқалаларды анықлаў ҳəм усыған муўапық жуўмақ шығарыў мүмкиншилигин береди. Солай етип, екинши бап магистрлик диссертация мазмунының тийкарғы идеясын сəўлелендиреди. Үшинши бапта автор тəрепинен үйренип шығылған материал тийкарында изертлеў объекти шөлкемлестириўшилик структурасының ең мақсетке муўапық қурылысы, оны жетилистириў жоллары , дəлиллер жəрдеминде тийкарлап бериледи, усыған муўапық кестелер келтириледи, усынылып атырған шешимлердиң ҳуқықый нəтийжелиги анықланады. Жуўмақлаў бөлими магистрлик диссертацияның улыўма көлеминиң 10-15 процентин қурайды. Диссертацияның айрым баплары да жуўмақлар ҳəм усыныслар менен тамамланыўы мүмкин, бирақ олардан ең əҳмийетлилери жумыстың соңында, яғный жуўмақлаў бөлиминде сəўлелендирилиўи тийис. *Магистрлик диссертация мазмунына бола төмендеги мəселелерди өз ишине алыўы керек: *таңланған теманың теориялық əҳмийети, актуаллығы ҳəм оны кəрхана, мекеме жəне шөлкемлерде əмелий қолланыў; *машқала оның арнаўлы əдебиятларда ислеп шығылыў дəрежеси ҳəм əмелде шешиў усыллары; *изертлеў объектлериндеги жағдайды баҳалаў ҳəм машқаланы шешиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша жуўмақлар шығарыў; *қабыл етилген шешимлерди ҳуқықый тийкарлаў; *изертлеў нəтийжелерин енгизиў бойынша усыныслар бериў. Илимий машқаланы дөретиўшилик пенен үйрениўге кирискенде, алым оны шешиў, билиў яғный түсиндириў мүмкинлигине исеними кəмил болады. Бундай түсиндириў толық логикалық ҳəм усының менен бирге усы илим саласының қəнигелерине анық түсиникли болыўы керек. Тек сонда ғана илимий жəмийетшилик илимий дөретиўшиликтиң нəтийжесин сын көз-қарастан өзлестириўи ҳəм ол өсип баратырған илимий билим системасынан орын алыўы мүмкин. Синтетикалық, диалектикалық сыпатқа, айқын көзге тасланатуғын əмелий бағдарға ийе болыў, өсип баратырған социаллық талаплар ҳəм итияжларға байланыслылық ҳəзирги заман постиндустриаллық дəўирдиң илимий пикир жүритиў усылына тəн болып табылады. Елимиздеги турмыс, социаллық реформалар, пухаралық жəмийет тийкарларын қəлиплестириў, илимий билимди арттырыўға ғана емес, ал илим жетискенликлерин күнделикли турмысқа ҳəм жəмийетлик өндириске енгизиўге де итибар қаратыў ҳəзирги заман илимий хызметкерлериниң илимий пикир жүритиў усылын ҳəм илимий дөретиўшилигин бир-бирине байланыстырады. Илимий пикир жүритиўдиң дөретиўшилик өзгешелиги оның төмендеги қурам элементлеринде өз сəўлелениўин табады. Download 1.19 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling