Маҳбуба Хамидова


Илимий жумыстың дүзилисине қойылатуғын талаплар


Download 1.19 Mb.
bet26/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

Илимий жумыстың дүзилисине қойылатуғын талаплар


Илимий жумыстың (мəселен магистрлик диссертациясы)ның дүзилиси – бул усы жумыстың ҳəр қыйлы бөлимлерин дүзиў тəртиби, олардың өз-ара логикалық байланысы ҳəм избе-излиги болып табылады.
Илимий жумыс – бул илимий дөретиўшиликтиң нəтийжеси, барлық бөлимлери бир-бири ҳəм пүткил жумыс жəне оның басқа қурам бөлеклери менен өз-ара байланысқан бир тутас жумыс есапланады.
Жумыстың (диссертация) темасы илимий жумыста қойылған тийкарғы машқаланы қысқаша сəўлелендиреди. Тийкарғы машқаланы шешиў илимий жумыстың тийкарғы нəтийжеси, сонлықтан да тема жумыстың тийкарғы нəтийжеси менен анықланыўы керек. Тийкарғы нəтийжелерге байланыслы болмаған екинши дəрежели деталлар темада сəўлелендирилмеўи тийис. Онда не изертленип атырғаны емес, ал изертлеў жуўмағында алынған нəтийжелер өз көринисин табыўы керек.
Илимий жумыстың мақсети жуўап табыў, тийкарғы машқаланың шешимин табыўға тиккелей көмеклесетуғын жеке (жəрдемши) сораўларға тийкарғы машқаланы байланыстырыў болып табылады. Илимий изертлеўдиң мақсетин анық, дурыс қойыў илимий машқала үстинде жумыс баслағанда да, оның нəтийжелерин рəсмийлестириўде де əҳмийетли методологиялық роль атқарады. Жумыстың мақсети автор қайсы салада өз изертлеўин əмелге асыратуғынын емес, ал оқыўшыға қандай нəтийжелер усынылатуғынын көрсетиўи керек.
Илимий жумыстың мазмуны дегенде, тийкарғы машқаланың шешими ҳəм жуўаплары болған жəрдемши сораўларға байланыстырыў жəне усы жуўаплар ҳəм шешимлерден изертлеўдиң тийкарғы нəтийжелерин шығарыў түсиниледи. Жумыстың мазмунын бапларға ҳəм параграфларға ажратыўды бул бөлимлер көлеми бойынша бир қыйлы болыўы тийис деп түсинбеў керек: ҳəммеси жумыстың анаў ямаса мынаў бөлими (бабы, параграфы, бəнти) нəтийжелериниң əҳмийетлилиги ҳəм қурамалылығына байланыслы болады.
Жумыстың тийкарғы нəтийжеси оның авторы (авторлары) өзи (өзлери) алған дөретиўшилик жумысының жемиси болып табылады. Нəтийжениң жаңалығы оның басқа авторлар əмелге асырған жумыстың нəтийжелеринен неси менен айрылып туратуғынын көрсетеди, автордың бул мəселеге байланыслы көз-қарасларын («know how») сəўлелендиреди.
Илимий изертлеўдиң нəтийжелерин тийкарлаў усы нəтийжелердиң жаңалығы ҳəм əҳмийетлилигин тийкарлаў ушын зəрүрли дəлиллерди келтириўди, қабыл етиўди талап етеди. Дəлиллерди арнаўлы əдебиятларға сүйене отырып, анық, қысқа, ықшам етип баянлаў керек. Автор қолға киргизген нəтийжелериниң мəнисин түсиндириўи, олардың дурыслығын, жаңалығын ҳəм əҳмийетин терең тийкарлап бериўи зəрүр.
Жумыстың кирисиў бөлиминде тийкарғы түсиниклер ҳəм дəлиллер көрсетиледи, басқа авторлардың нəтийжелери ҳəм жумыста пайдаланылған əдебиятлар атап өтиледи. Кирисиўде диссертацияның жақлаўға қойылып атырған тийкарғы нəтийжелери қысқаша аннотация түринде баян етилиўи, олардың жаңалығы ҳəм əҳмийетлилиги (актуаллығы) көрсетилиўи керек.
Илимий жумыстың (диссертацияның) жуўмағында оның нəтийжелери тийкарында жумыстың мақсетине ерисилгени ҳаққында дəлилленген жуўмақ шығарылады. Усының менен бирге жуўмақ – бул жумыстың мазмунындағы нəтийжелердиң əпиўайы дизими емес, ал аралық нəтийжелерден тийкарғы нəтийжелер қалайынша келип шығатуғынының көриниси болады.
Жоқарыда айтылғанлар – жумыстың темасы, мақсетлери, мазмуны ҳəм жуўмағы бир-бири менен ажыралмас байланыслы болып, тутас бир пүтинликти қурайтуғынын көрсетеди.
Диссертацияның тийкарғы, бас машқаласы жумыстың мақсетин, мазмунын, дүзилисин ҳəм басқаларды белгилеп береди.
Ҳəр бир илимий жумыс белгили бир түсниклерге тийкарланады. Илимий жумыстың тийкарғы түсиниклери анық ҳəм үзил-кесил шешиўши түрде сыпатланған болыўы керек. Түсиникке тəрийп усы жумыстың (диссертацияның) тийкарғы ўазыйпасын шешиў көз-қарасынан əҳмийетли есапланған белгилер арқалы бериледи.
Бунда түсиниклерге берилген тəрийплер эпистемиологиялық көз-қарастан əпиўайы ҳəм түсиникли болыўы керек. Бундай болмаған жағдайда тəрийпленип атырған түсиниктиң мəниси абстракт ҳəм түсиниў ушын қыйын болып қалады ямаса оны улыўма түсиниў мүмкин болмайды.
Түсиниклерге берилетуғын тəрийплер анық ҳəм контекстуалға бөлинеди.
Анық тəрийплер түсиник сəўлелендирип атырған объекттиң өзине тəн белгилерин тиккелей көрсетиў арқалы бериледи.
Контекстуаллық тəрийплер жумыстың контекстинде жасырынған ҳақыйқый илимий бақлаўлар жыйнағы арқалы бериледи.
Абстракт ҳəм анық емес түсиниклерден пайдаланбаў керек, себеби бундай түсиниклерге тийкарланып дурыс пикир жүритиў (жуўмақ шығарыў, бақлаў жүргизиў) мүмкин емес.
Илимий жумыс нəтийжелериниң ҳақыйқыйлығын, дурыслығын усы жумыста пайдаланылған түсиниклер, тəрийплер, сыпатлаўлардың өзгешеликлеринен ҳəм жумыста қабыл етилген гносеологиялық ҳəм методологиялық дəлиллерден келип шығып тийкарлаў керек. Бунда барлық дəлиллер дурыс болыўы зəрүр.
Илимий жумыстағы бақлаўлар, жуўмақлардың дурыслығын баҳалаўда киргизилген түсиниклер ҳəм дəлиллерге басқаша мəнис жүклеў мүмкин емес.
Тийкар сыпатында келтирилген дəлиллердиң тек биреўиниң дурыслығы тийкарланған ҳəм тастыйықланған болмаса да, илимий изертлеў нəтийжесиниң дурыслығы тийкарланған деп есаплаўға болмайды.
Жақлаўға қойылатуғын диссертацияның ақырғы вариантын жазыўда алынған илимий материалды баҳалаў ҳəм пуқта түрде сайлап алыў, жумыстың текстин қатаң, дыққат пенен редакторлаў керек. Жумыстың текстинде алынған нəтийжелерге сын баҳа берилген болыўы тийис.
Улыўма алғанда, илимий изертлеў жумыслары ҳаққында есабатларды рəсмийлестириў қəделери ҳəм улыўма талаплары ГОСТ 7.32.91 «Илимий изертлеў жумысы ҳаққында есабат» та келтирилген.
Илимий жумыстың нəтийжелерин тийкарлаў ҳəм рəсмийлестириўде Өзбекстан алымлары тəрепинен ислеп шығылған төмендеги талаплар дизиминен пайдаланыўды усыныс етемиз.
Л.В.Перегудов ҳəм усы қызығарлы изертлеўдиң басқа да авторлары илимий изертлеўлерди рəсмийлестириўге қойылатуғын улыўма талапларға төмендеги көрсеткишлерди киргизиўди усыныс етеди.
*титуллық бети.
*атқарыўшылар дизими ҳəм орынланған жумыслардың қысқаша мазмуны;
*реферат;
*кирисиў;
*мазмуны;
*қысқартылған сөзлер, белгилер ҳəм арнаўлы атамалардың дизими;
*тийкарғы бөлим;
*əдебиятлар дизими;
*қосымшалар.
Усының менен бирге, изертлеўши есабатты рəсмийлестириў процессинде изертлеўдиң белгили бир материалынан келип шығатуғын өз дүзетиўлерин киргизиўи мүмкин (ҳəм керек). Изертлеў методикасы изертлеў өткериў ушын таңлаған методологияны, изертлеў нəтийжелерин қайта ислеўдиң экономикалық ямаса басқа усылын тийкарлаўды нəзерде тутыўы тийис.
Илимий изертлеўдиң рефератында машқала тийкарғы нəтийжелер ҳəм жуўмақлар менен қысқаша баян етиледи. Онда өткерилген изертлеўлердиң актуаллығына ҳəм жаңалығына итибар қаратылады. Рефераттың текстин төмендеги үлги схема бойынша дүзиў усыныс етиледи:
*жумыстың темасы, предмети (объекти), өзгешелиги бунда илимий изертлеўдиң (диссертацияның) мақсетин ҳəм мазмунын ашып бериү ушын зəрүр болған тəреплерге жəне дөретиўшилик усылларына дыққат қаратылады;
*изертлеўди өткериў методлары;
*жумыстың белгили бир нəтийжелери;
*жуўмақлар;
*изертлеўдиң нəтийжелери қолланылатуғын сала.
Рефератта материал қысқа, анық ҳəм ықшам баян етилиўи керек. Рефераттың мақул болған көлеми 1100…1200 баспа белгисинен аспаўы тийис. Қабыл етилмеген ҳəм сийрек қолланылатуғын атамалар жəне белгилерди пайдаланыўдан қашыў керек.
Ҳəр қандай изертлеўде кирисиў бөлими айрықша орын тутады. Онда ислеп шығылып атырған машқала қысқаша тəрипленеди, изертлеўдиң жаңалығы ҳəм əҳмийети баян етиледи, изертлеўди өткериўдиң зəрүрлиги тийкарланады.
Улыўма алғанда, жас изертлеўши илимий изертлеўлерди рəсмийлестириў, машқаланың таллаў шолыўын дүзиў, илимий материалларды жəриялаўға таярлаў ҳаққында толық мағлыўматты аты жоқарыда атап өтилген оқыў қолланбасының 5 ҳəм 6 бапларынан алыўы мүмкин.
Илимий изертлеўди жуўмақлай отырып, жас қəниге орынланған жумыстың методикасын, мазмунын ҳəм нəтийжелерин анық жəне избе-из сəўлелендириўи, өз изертлеўиниң аралық ҳəм жуўмақлаўшы нəтийжелерин толық баян етиўи керек.
Магистрлик диссертация илимий мазмунға ийе болған қəнигелик питкериў жумысы болып, таңланған тема исленбеўин көрсетеди. Ол илим, техниканың раўажланыўына сəйкес, ал тема актуал болыўы тийис. Магистрлик диссертацияның илимий-методикалық дəрежеси билимлендириў бағдарламасына жуўап бериўи зəрүр. Бул жумыстың авторы өз бетинше илимий изертлеў жүргизиўге, кəсиплик машқалаларды көре билиўге ылайық екенин ҳəм оларды шешиўдиң улыўма усылларын билетуғынын дəлиллеўи тийис. Улыўма алғанда магистрлик диссертация, магистранттың илимий жақтан жетиклигин ҳəм өз қəнигелиги бойынша тарең кəсиплик таярлыққа ийе екенин көрсетиўи керек.
Магистрлик диссертацияның теориялық тəреплери, илимий ҳəм əмелий мəселелерди таллаўды жəне шешиўди нəзерде тутқан логикалық избе-изликте дүзилген реже тийкарында жазылады.
Диссертация илимий дөретпе сыпатында өз өзгешеликлерине ийе болады. Бəринен бурын оның басқа илимий шығармалардан айырмасы ол илим системасында қəнигелик функциясын атқарады, яғный улыўма жақлаў ҳəм илимий дəреже алыў ушын орынланады.
Диссертация авторының тийкарғы ўазыйпасы - өз илимий қəнигелик дəрежесин көрсетип, өз бетинше илимий излениў алып барыў ҳəм илимий мəселелерди шешиўден ибарат.
Диссертант топлаған илимий фактлерди өз бетинше тəртиплестирип, алынған мағлыўматларды текст ҳəм иллюстрациялық материаллар түринде беккемлейди жəне анаў ямаса мынаў жағдайлардың əмелий əҳмийетин дəлиллеп береди.
Диссертацияның мазмуны келтирилген мағлыўматлардың əҳмийетин, өзгешелигин ҳəм қайта тəкрарланбаслығын сыпатлайды. Бунда мазмун тийкары, өзинде қубылыс ҳəм нызамлылықларды ямаса басқа да илимий жағдайларды улыўмаластырған принципиал жаңа материаллар болып есапланатуғын ҳалатларды өз ишине алады.
Диссертация барлық илимий жумыслардай үйренилип атырған илимий фактлерге субъектив қатнас жасаўдан шетленген ҳалда диссертанттың дөретиўшилик индивидуаллығына байланыслы болған субъектив жағдайларды шетлеп өтпейди, себеби бунда диссертация жумысы таярланыўына тəсир еткен жəмийетлик – тарийхый шараятлар менен тийкарланған билим ҳəм жеке маманлығы, дүнья қарасы ҳəм қызығыўшылығы бəрҳама қатнасады.
Диссертацияның мазмунында таңланған концепцияның пайдасына шешиўши ҳəм исенимли аргументлер келтириледи, усы концепцияға байланыслы көз-қараслар ҳəр тəреплеме таллап шығылады ҳəм дəлиллер менен сынға алынады.
Диссертацияның тек мазмуны ғана емес, ал оның баян етилиў формасы да өзине тəн өзгешеликке ийе, бул əсиресе матиматикалық пəнлерде абстракциялаў дəрежеси менен, тəбийғый ҳəм техникалық пəнлерде математикалық əмеллерди қолланыў, логикалық пикирлеў қураллары, компьютерли усыллар ҳəм математикалық статистиканы белсене қолланыўы менен сыпатланады.
Диссертация материалының тийкарланғанлығы ҳəм келтирилген ҳалатлардың анықлығы əҳмийетли болады.
Жоқары кəсиплик таярлыққа ийе болған оқыўшыларға сəйкеслеп, автор диссертацияның мəнисине байланыслы, яғный тек қəнигелерге түсиникли болған кестелер, нышанлар, диаграммалар, схемалар ҳəм графиклерди сəўлелендиреди.
Диссертацияда автор өзи баян етип атырған материалға баҳа бериўи мүмкин емес. Соның ушын да диссертация авторы «мен» жеке алмасығын пайдаланбайды. Қағыйдаға бола, диссертация авторы көплик түринде жазады, «мен»ниң орнына «биз» алмасығын қолланады. Бул оған өз пикирин, анық бир топар инсанлар, илимий мектеп ямаса илимий бағдардың пикириндей етип сəўлелендириўге мүмкиншилик береди. Бул өзин толық ақлайды, себеби заманагөй илим интеграция, жəмəəтлик дөретиўшилик, машқалаға комплексли (ҳəр тəреплеме) қатнас пенен сыпатланады.
«Биз» алмасығы заманагөй илимниң дəстүрлерин өзинде жақсы сəўлелендиреди.
Әҳмийетли илимий-изертлеў жумысларын өз ишине алған илимий кандидатлық илимий дəрежесин алыў ушын жазылған диссертациядан айырмасы магистрлик диссертация өз бетинше илимий излениў болса да, тийкарынан анық шешимлерди моделлестирип атырған оқыў-изертлеў жумысларының қатарына киргизилиўи керек.
Кандидатлық диссертациясы менен салыстырғанда магистрлик диссертацияның таярланыў ҳəм жақлаў процессиниң өзине тəн айырмашылықлары бар. Кандидатлық диссертацияның жуўмағында алынған тийкарғы нəтийжелер илимий басылымларда басып шығарылыўы шəрт болса, магистрлик диссертация ушын бул талаплар миннетли емес.
Кандидатлық диссертация жақлаў ушын усынылғанда (қолжазба ҳуқықында) афтореферат басып шығарылыўы тийис. Магистрлик диссертацияны жақлаўда автореферат талап етилмейди.
Кандидатлық илимий дəрежесине талабан Қəнигелескен кеңеске қатаң белгиленген тəртипте ҳүжжетлерди усыныўы керек. Магистрлик дəрежеси талабанға болса Мəмлекетлик аттестация комиссиясына диссертация жумысының өзин (илимий басшының рецензиясы менен бирге) ҳəм магистрлик билимлендириў бағдарламасы бойынша жеке режени орынлағаны ҳаққындағы мағлыўматнаманы тапсырады.
Магистрлик диссертацияны жақлаў процесси де айтарлықтай əпиўайыластырылған болып, оппонентлер тайынланыўы да талап етилмейди. Бундай диссертацияға əлбетте рецензия берилиўи шəрт.
Кандидатлық диссертация менен магистрлик диссертацияның айырмасы əне усылардан ибарат. Бул айырмалар əҳмийетли болса да, оларды таярлаўдың улыўма процесслери бир қыйлы.



Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling