Маҳбуба Хамидова


Илимий материалларды излеўде мəлимлеме хызмети


Download 1.19 Mb.
bet34/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   30   31   32   33   34   35   36   37   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

Илимий материалларды излеўде мəлимлеме хызмети

Зəрүр материалларды излеўден алдын, оларды қай жерден табыў мүмкин ҳəм усы мақсет ушын жумыс алып барып атырған хызметлер жəне китапханалар қандай имканиятларға ийе екенлиги ҳаққында түсиникке ийе болыў керек, яғный илимий-техникалық мағлыўматлар уйымы ҳəм китапханалар ҳаққында толығырақ билиў зəрүр.


Китапхана. Биринши гезекте биз ҳəр қыйлы саладағы алымларға, оқытыўшыларға ҳəм қəнигелерге мөлшерленген илимий ҳəм арнаўлы китапханаларды нəзерде тутамыз. Олар мүмкиншилигине қарай бир қыйлы емес, бирақ китап оқыўшыларға хызмет көрсетиў шеңбери бойынша бир қыйлы болады.
Библиографиялық мағлыўмат хызмети ушын ҳəр бир китапхана арнаўлы бөлимге (бюроға) ийе. Катологлар системасы ҳəм картотекаларда қосымша түрде белгили тема бойынша əдебиятларды, автордың фамилиясын, шығарманың атамасын табыўға мүмкиншилик беретуғын мағлыўматлы басылымлар бар. Библиографиялық бөлимлердиң ўазыйпасы сондай-ақ, китапхана каталогларынан ҳəм библиографиялық көрсетпелерден дурыс пайдаланыў қағыйдаларын китап оқыўшыларға үйретиўден ибарат.
Әдетте, илимий ҳəм арнаўлы əдебиятлар саны шекленген. Сонлықтан да, көплеген илимий жəне арнаўлы китапханаларда хызмет көрсетиўдиң тийкарғы түри абонемент емес, ал оқыў залы есапланады. Оқыў залы ҳəм абонементтен пайдалана отырып, ҳəр бир китап оқыўшы 100 мыңнан аслам китап сақланатуғын жерде китапты табыў күтə қыйын ҳəм көп мийнет талап ететуғын процесс екенин естен шығармаўы керек. Бирақ, егер китап оқыўшы буйыртпа қағазда китаптың барлық реквизитлерин, əсиресе қай жерде сақланыўын көрсетиўши шифрди саррас көрсетип жазса, бул мəселе жеңил ҳəм тез кешеди.
Әдебиятларды таңлаўды тезлестириў ушын көплеген китапханаларда китап текшелерине келип əдебиятларды таңлаў системасы əмелиятта сыналмақта. Бул болса ўақытты үнемлейди ҳəм китап оқыўшыларын қызықтырып атырған мəселелер бойынша əдебиятларды кеңнен таныстырыў мүмкиншилигин береди.
Китапханалар аралық абонемент елдиң барлық илимий ҳəм арнаўлы китапханаларының фондынан өз-ара пайдаланыўдың аймақлық-салалық системасын көрсетеди. Қандай да бир китаптың барлығын биле турып, бирақ оны китапханадан таба алмаса, китапханалар аралық абонементке буйыртпа бериўи мүмкин.

Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   30   31   32   33   34   35   36   37   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling