Маҳбуба Хамидова


Библиографиялық көрсеткишлер


Download 1.19 Mb.
bet37/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   33   34   35   36   37   38   39   40   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

Библиографиялық көрсеткишлер

Илимий ҳəм техникалық əдебиятлардың көбейиўи оған байланыслы «гилт» машқаласын əҳмийетли етип қояды. Бундай гилт болып библиографиялық көрсеткишлер – анаў ямаса мынаў принцип тийкарында дүзилген əдебиятлар дизими хызмет етеди. Библиография тез пəтте өспекте, жүзден аслам библиографиялық характердеги турақлы арнаўлы басылымлар басып шығарылмақта. Ҳəр қыйлы түрдеги библиографиялық басылымларды таярлаў менен көплеген шөлкемлер: китап палатасы, үлкен китапханалар, илимий-техникалық мəлимлеме институтлары, көплеген илимий мəкемелер ҳəм оқыў орынлары шуғылланады. Айырым басылым түринде басылатуғын библиографиялық көрсеткишлерде библиография анаў ямаса мынаў түрде көплеген китаплар ҳəм мақалаларда бар. Булардың барлығы библиографиялық көрсеткишлердиң ҳəр қыйлы екенлигин көрсетеди. Олар мазмуны, уазыйпасы ҳəм формасына қарап ҳəр қыйлы болыўы мүмкин.


Библиографиялық көрсеткишлердиң ҳəр қыйлылығына байланыслы ҳəр қандай қəниге олардың ҳəр бир түри бойынша түсиникке де ийе болыўы керек. Бул жерде ағымдағы библиографияның айрым тийкарғы басылымларына сыпатлама бериледи.
Нениң басылып шығатуғынын бақлап барыў, мəселен, Россияда Россия китап палатасының «Летопись» комплексине рухсат етиледи.
Билимниң барлық салалары бойынша брошюралар ҳəм китаплар ҳаққындағы мағлыўмат «Книжная летопись» те болады. Ҳəр ҳəптеде шығатуғын бул басылымда көркем ҳəм илимий-массалық, илимий əдебиятлар ҳаққында мағлыўматлар, сондай-ақ, «Труд», «Ученые записки» түринде даўам етип атырған басылымлар ҳаққында мағлыўматлар бериледи. Қосымша басылымда (айына бир рет басып шығарылады) мəлимлеме ҳəм оқыў – методикалық, нормативлик , инструкторлық-өндирислик, рəсмий мəкемеге тийисли бийпул шығатуғын басылымлар, китаплар шығады. Диссертациялардың авторефераты айырым өз алдына басылым менен шығады. «Книжная летопись»тиң тийкарғы басылымында нəзерде тутылған китаплар соңынан «Ежегодник книги России» да шығады.
Турақлы ҳəм даўам ететуғын басылымлар ҳаққындағы барлық керекли мағлыўматларды «Книжная палата»ның басылымынан алыў мүмкин. Ол ҳəр ҳəптеде шығады. Ал «Летопись газетных статей» айына бир рет шығады. «Летопись рецензий» ҳəр кварталда шығады. Жəмийетлик пəнлер бойынша жаңа əдебиятлардың библиографиялық көрсеткишлерин жəмийетлик пəнлер бойынша илимий мəлимлеме институты басып шығарады.
Бир қатар ағымдағы библиографиялық басылымлар жаңа шет ел əдебиятларын бақлап барыўға мүмкиншилик береди. Мəселен, ҳəр айда шығатуғын «Новые книги за рубежом» журналын көрсетиў мүмкин.
Арнаўлы «Общероссийский свободный каталог зарубежных периодических изданий» каталоги анаў ямаса мынаў шет ел əдебияты қайсы китапханада болатуғынын анықлаўға жəрдем береди.
Керекли илимий əдебиятты излеўде китаплық библиографиялар тийкарғы есапланады. Ҳəр бир изертлеўши өзи шуғылланып атырған сала бойынша барлық мағлыўматларды билиўи шəрт. Анаў ямаса мынаў материаллар бойынша мəселелерди қəтесиз шешиўде оларға сүйениў Еркин болыўы керек.



Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   33   34   35   36   37   38   39   40   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling