Маҳбуба Хамидова


Мағлыўматлардың ҳүжжетли дəреклерин излеўдеги тығыз байланыслылық


Download 1.19 Mb.
bet38/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

Мағлыўматлардың ҳүжжетли дəреклерин излеўдеги тығыз байланыслылық

Каталог, картотека, библиографиялық көрсеткишлер ҳəм мəлимлеме басылымларын сыпатлаўда олардың барлық түрлери ҳаққында түсиникке ийе болыўдың əҳмийети айрықша атап көрсетиледи ҳəм олардан мүмкиншилиги болғанынша көбирек пайдаланыў зəрүр. Бирақ буны ҳəр дайым мəслəҳəт деп түсиниў мүмкин емес ҳəм ҳəр қандай жағдайда барлық библиографиялық дəреклерге бир пайытта мүрəжат етиўде қыйын. Жумыстың көп қырлылығы ҳəм көлемлилиги жағдайында бул реал емес. Сонлықтан да, барлық шөлкемлерде излеўге сəйкес келетуғын мəселелерди таңлаў усыныс етиледи.


Бундай усыныс күтə дурыс. Бирақ «таңлаў» сөзиниң өзи айырым анықлықларға мүтəж болады. Бир нəрсениң ҳəр қыйлылығы ҳаққында сөз болғанда, таңлаў ҳаққында көбинесе усылай делинеди. Библиографиялық дəреклерге байланыслы ҳəмме нəрсе қурамалырақ. Бул жерде əпиўайы ҳəр қыйлылықты емес, ал қурамалылығы, оның толықлығы дəрежеси бойынша белгили бир иерархияның барлығын көриў мүмкин.
Буннан тысқары белгили бир жағдайда бир-бири менен өз-ара тығыз байланыслылықты көриў мүмкин. Китапхана каталоги ҳəм библиографиялық көрсеткишлери системасы ҳаққында бийкарға сөз етилип атырған жоқ. «Система» атамасы менен олардың өз-ара байланыслылығы тастыйықланады. Сонлықтан да олардан пайдаланыў қандайда бир системаға бойсыныўы керек. Демек, библиографиялық қолланбаны таңлаў ҳаққында емес, ал мағлыўматтың ҳүжжетли дəреклерин излеў ҳаққындағы избе-излик туўралы айтыў керек. Усы тийкар арқалы барлық библиографиялық материалларды «қатарынан» қалдырмай көрип шығыў арқалы излениў надурыс деп есаплаў мүмкин. Әмелият буның дурыслығын тастыйықлайды. Системасыз излениў бəрҳəма көп ўақытты алады ҳəм усының менен бирге оның толық екенлиги ҳаққында кепиллик бермейди. Бул таңланарлық нəрсе емес, себеби, ҳəтте маман алымларда керекли мағлыўматларды излеўде рационал жолды табыў ҳаққында кем ойлайды.
Мағлыўматтың ҳүжжетли дəреклерин излеўдиң шəртлери ҳəм мақсетлери сондай дəрежеде ҳəрқыйлы болғанлықтан ҳешқандай бирден-бир схеманың болыўы мүмкин емес. Өзиниң өзгеше схемасын излеў кереклиги тек бир мақсетти гөзлеўде зəрүр ҳəм бақланыўы мүмкин: мəселен, бир жағдайда белгили бир тема бойынша əдебиятлардың толық дизимин белгилеп алыў талап етиледи. Ал басқа бир жағдайда болса анаў ямаса мынаў машқала бойынша заманагөй жəне əҳмийетли басылымларды белгилеў керек болады. Айрымларға мағлыўматтың биринши дəрегин табыў талап етиледи, басқалар ушын болса екинши ҳүжжетлердеги материаллардың өзи жеткиликли болады.
Әдебиятларды излеўге болған қатнас оны қандай тəртипте үйрениўгеде байланыслы. Әдебият дəреклери олар хронологиялық тəртипте көрип шығылғанда, хронологиялық тəртипте ямаса қайта тəртипте, яғный дəслеп жаңа əдебиятлар менен танысылып, кейин болса сəнеси бойынша ески басылымлар көрилип шығылады. Қызықлы тəрепи сонда, ҳəр бир жағдайда библиографиялық материаллардың дизими оларға мүрəжат етиў тəртиби ҳəрқыйлы болады.
Библиографиялық көрсетпелерге ҳəм китапхана каталогларына дурыс қатнас жасағанда, оның анық мақсетлерине бола мағлыўматтың ҳүжжетли дəреклерин излеў схемасын қыйыншылықларсыз дүзиў мүмкин болады.

Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling