Маҳбуба Хамидова
Каталоглар ҳəм карточкалар
Download 1.19 Mb.
|
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009
Каталоглар ҳəм карточкалар
Каталоглар ҳəм карточкалар – илимий техникалық мағлыўматлар бюросының мəлимлемеси ҳəм ҳəр қандай китапхананың мүлки. Каталог дегенде НТИ бюросы ямаса усы китапхана фондында бар болған мағлыўматлардың ҳүжжетли дəреклери дизими түсиниледи. Картотека – белгили бир тема бойынша ажыратылған барлық материаллардың жыйнағы. Олар қағыйда бойынша бирнеше болады жəне бир-бири менен байланыслы ҳəм бир-бирин толықтырып турады. Әдетте каталогтың еки түри дүзиледи. Олардан бири алфавитли, екиншиси болса мазмунына қарай əдебиятларды көрсетеди, системалы ямаса предметли болады. Каталоглардан дурыс пайдаланыў ушын олардың дүзилисиниң улыўма принциплерин билиў керек. Буннан тысқары, жумыс алып бармақшы болған китапхананың каталоглар системасын жақсы билиў керек. Улыўма, олар бир қыйлы системада дүзилген, соның менен қатар олардың барлығы өз өзгешеликлерине ийе. Алфавитли каталог. Каталоглар системасында тийкарғы орынды алфавит ийелейди. Ол бойынша китапханада анаў ямаса мынаў автордың қандай əдебиятлары бар екенин, оларда анық белгили бир китаптың барлығын, авторын ямаса белгили китаптың атамасын билиў мүмкин. Алфавитли каталогтың карточкалары китаптың библиографиялық аталыўының биринши сөзи бойынша жайластырылады, автордың фамилиясы ямаса авторға ийе болмаған китаптың атамасы, биринши сөзлер сəйкес келеди, карточкалар екинши сөзге жайластырылады екинши сөз сəйкес келгенде үшиншиси жайластырылады ҳəм т.б. Егер биринши сəйкес келетуғын сөз китапты сүўретлеўдиң ҳəр қыйлы түрине кирсе, биринши орынға жеке авторлық бойынша сүўретлеў қойылады, кейин болса коллективлик, ал соңынан аталыўы қойылады. Фамилиясы бирдей авторлардың карточкалары олардың фамилиясына бола алфавит бойынша жайластырылады. Бунда дəслеп фамилиясыз карточкалар кетеди, кейин болса бир ямаса бир неше фамилиялар, ақырында болса исми ҳəм əкесиниң исми менен қойылады. Белгили бир схема бойынша бир автордың ҳəр қыйлы шығармалары жайластырылады. Биринши орында шығарма топламының толық атамасы, оннан кейин – шығармалар жыйнағы, шығармалар, таңламалы шығармалар, булардан соң алфавит бойынша шығармалардың атамалары жайластырылады. Ажыратылған алфавитли каталогларда алфавиттиң ҳəриби көрсетиледи, мəкемениң аты ҳəм белгили авторлардың фамилиясы көрсетиледи. Системалы каталог. Карточкалар бунда логикалық тəртипте, билимниң айрым салалары бойынша топарластырылады. Олардың жəрдеминде китапханада қайсы билим тараўы бойынша, қандай шығармалар барлығын билиў, керекли əдебиятларды таңлаў, сондай-ақ, егер оның мазмуны анық болса, китаплардың авторы ҳəм атамасын билип алыў мүмкин. Системалы каталог карточкаларының избе-из жайластырылыўы белгили бир библиографиялық классификацияға сəйкес келеди. Көплеген еллерде бундай классификацияның еки түри бар: УДК ҳəм ББК (китапхана библиографиялық классификациясы). Системалы каталогтан нəтийжели пайдаланыў ушын усы классификацияның дүзилисиниң принциплери ҳаққында түсиникке ийе болыў керек. УДК. Усы халықаралық классификация тийкарына онлап саналатуғын принцип қойылған болып, жумыстың барлық бағдары ҳəм билим жыйнағы УДКда 10 кестеге бөлинген. Олардың ҳəр бири оннан бөлимлерге бөлинген, ал олар болса өз гезегинде оннан бөлимшелерге бөлинген. Бунда ҳəр бир жаңа түсиник өзиниң санлы индексин алады. Бундай бөлиниўди теориялық жақтан, яғный тар шеңбердеги сораўлар ушын индекслер пайда еткен ҳалатларда, тынымсыз өткериў мүмкин. УДК кестеси тийкарында дүзилген кестелер əпиўайы деп аталады. Айтыўға қолай болыўы ушын шептен санап оннан кейинҳəр бир үш 3 цифр басқалардан ноқат пенен ажратылады (мəселен 533.76). Тийкарғы кестеден басқа УДК да «Анықластырыў кестеси» болып, ол қосымша өзгешеликлер бойынша шығармаларды индекслестириў ушын зəрүрли түсиникке ийе. Белгили бир сан (цифр) менен көрсетилген ҳəр бир өзгешелик улыўма қатарда оны ажратыў ушын өз нышанына ийе болады. Онлап саналатуғын универсал система илимий-техникалық китапханалардың системалы каталогларын дүзиў ушын техникалық ҳəм гуманитарлық пəнлер бойынша реферативлик жəне библиографиялық басылымлар ушын тийкар болып хызмет етеди. Универсал китапханалар ҳəм гуманитарлық саладағы китапханалардың каталогларында олардан пайдаланыў нəзерде тутылған. ББК. Бул классификацияда илим сыртқы дүньяның тəсири астында избе-из жайласады. Классификация жəмийетлик илимлерден басланады, кейин тəбийғый илимлер ҳəм əмелий илимлер бериледи. Онлап саналатуғын системаға уқсап, ББК ның тийкарғы кестелери пүтинди бөлекке бөлиўди, əўладласлық түсиниклерин – түрлерге, системаларды – оларды пайда ететуғын элементлерге бөлиўди сəўлелендиреди. Индекслер бунда сан белгисин алады. Мəселен: Е биологиялық илим – Е5 Ботаника – Е59 Өсимликлер системасы – Е 592 Жоқары өсимликлер – Е 592.632 кипорослы. Басқа бир үлги: 67 408 (5у)-Жынаят ҳуқықы; 67.411 (5у) – Жынаят процессуаллық кодекси; 67.99 (5у) 92 - Өзбекстандағы нотариус. Тийкарғылардан басқа, классификация жəрдем бериўши қосымша бөлиў системасын өз ишине алады: улыўма, аймақлық ҳəм т.б. Ҳəрипли ҳəм санлы индекслер саланың тийкарғы текстине ямаса ҳеш қандай белгисиз текстке қосылады. Системалы каталогларды дүзиў. Усы каталогта қабыл етилген классификациялық система ажратыўшы карточкалар жəрдеминде бериледи ҳəм олардың басында бөлимниң аты жəне индекслери, бөлинбелердеги киши бөлинбелер классификациясының анаў ямаса мынаў бөлимин деталластырыў тəртибинде улыўма түсиниктен жекеге қарай өре қатарларда жазылады. Ажыратыўшы карточкаларда берилген индекстиң мазмунын ашып беретуғын бөлиўшилер дизими жазылады. Ҳəр бир өре ишинде карточкалар автордың фамилиясы алфавит бойынша ямаса китаптың басып шығарылған жылы тийкарында қойылады. Соңғы жағдайларда қайта хронологиялық түрде тақлап шығыў қолланылады ҳəм алдында мүддетинен кеширек шыққан китаплар турады. Системалы каталогтың мағлыўмат аппараты өзине қатнаста болған, бағдарлайтуғын ҳəм мағлыўмат карточкаларын жəне алфавитли – предметли көрсетпелерди киритеди. Қатнаста болған карточкалар жəне қай жерде жақын ҳəм байланыслы мəселелер бойынша əдебиятлар барлығын көрсетеди. Олар «сондай-ақ, қараң» сөзлери менен белгиленеди ҳəм бөлиўши тийисли индекске жазылады. Бағдарлайтуғын карточкалар («қараң») изленип атырған əдебият қайсы бөлимде екенлигин көрсетеди. Предметли каталог. Системалы каталогқа уқсап бул каталогтың уазыйпасы, мазмуны бойынша əдебиятларды топарластырыў есапланады. Бирақ системалы каталоглардан айырмасы анаў ямаса мынаў мəселе бойынша əдебиятта олар қандай ҳалатта көрсетилген болыўына қарамастан бирден бир өре столб, калонна менен бирлескен. Сонлықтан да предметли каталогта бир жерде ҳəр қыйлы қутыларда тарқалған материаллар болады. Барлық билим саласында бар болған предметли каталогларды өрелестириў «Өрелестириўшилер» менен сəйкес түрде алып барылады. Өре көринисинде ажратылған ҳəр бир сораў, предметли каталогта биринши сөз арқалы белгиленетуғын тийкарғы түсиниктиң аўызеки көринисин алады. Өрени деталластырыў дəрежеси усы мəселе бойынша əдебиятлардың санына ҳəм оның əҳмийетине байланыслы болады. Егер өреде үлкен көлемдеги жумыслар жыйналса, каталогтан өнимли пайдаланыў ушын жаңа өрелер киргизиледи ҳəм олар əдебиятларды қосымша белгилерге бөледи. Предметли каталогтың өрелери қағыйдаға бола, алфавиттеги биринши сөз тəртибинде жайластырылады, сонлықтан да бир алфавитли қатарда логикалық жақтан бир-бирине байланыспаған предметлер болып қалады. Нəтийжеде предметли каталогта системалы каталогтағыдай қатнаста болған мəлимлемели аппарат үлкен əҳмийетке ийе болады. Download 1.19 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling