Маҳбуба Хамидова


Мағлыўматтың ҳүжжетли дəреклери


Download 1.19 Mb.
bet33/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   29   30   31   32   33   34   35   36   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

Мағлыўматтың ҳүжжетли дəреклери

«Илимий мағлыўматтың дəреги» дегенде қандайда бир хабарға ийе болған, бул оннан алынған, бирақ китапхана ямаса мəлимлеме уйымы емес, ал ҳүжжет түсиниледи. Буны көбинесе алжастырып алады. Ҳүжжетли дəреклер өзинде илимий, əмелий ҳəм оқытыўшылардың жумысында пайдаланатуғын мағлыўматтың тийкарғы көлемине ийе ҳəм соның ушын да бул бөлимде усылар ҳаққында сөз болады.


Илимий мағлыўматтың ҳүжжетли дəреклерин сыпатлағанда, бəринен бурын, олардың ҳəр қыйлы екенин айрықша атап көрсетиў зəрүр.
Илимий мағлыўматтың барлық ҳүжжетли дəреклери ең алды менен бирлемши ҳəм екилемши болып бөлинеди. Бирлемши ҳүжжетлерде ҳəм басылымда қағыйдаға бола жаңа илимий жəне арнаўлы мағлыўматлар болады, екилемшиде болса, биринши ҳүжжетлердиң логикалық ҳəм аналитикалық-синтетикалық қайта ислеп шығылғанлығының нəтийжелери болады.
Мағлыўматтың ҳүжжетли дəреклериниң баҳалы болыўы мағлыўматлардың толықлығы ҳəм дурыслығы, оларды басып шығарыў мүддети, улыўма ҳəм сын материаллардың барлығы, оларды алыўдың дурыслығы усаған өлшемлерди өз ишине алады. Анық излеў мəселесине байланыслы ҳəр бир атап өтилген дəреклер өзиниң жетискенликлерине ҳəм кемшиликлерине ийе болады. Китаплар ҳəм журнал мақалалары усаған олардың тийкарғы түрлери де буннан шетте қалмайды.
Көплеген жағдайларда ҳəр қандай китап, мəселен оны 3-4 жыл таярлаў даўамында ондағы мағлыўматлар қандайда дəрежеде ескирип қалыўы мүмкин. Илимий журнал да мағлыўматлардың идеал дəреги болып есапланыўы мүмкин емес. Ол қəнигелик бойынша қаншелли тар шеңберде болмасын, анаў ямаса мынаў қəнигеликтиң анық мəплерине бола оның тематикасы кең шеңберде (көлемде) болады. Ҳəр қандай шығарманың темасы бойынша материаллар журналлардың үлкен көлемине қарай бəрҳама бөлек, тарқалған болады.
Мағлыўматтың, басқа да барлық ҳүжжетли дəреклердиң қуны да ҳəр қыйлы болады. Бул жерде тек кемшиликлерди көриў əҳмийетли емес, ал булардың ҳəр бир түринен пайдаланғанда имканиятлар жаратылатуғынын да көре билиў керек. Кең тарқалған журналларға қосымша түринде басылып шығатуғын ҳəр қыйлы басылымларға мүрəжəəт етиў зəрүр. Себеби оларда айрым ведомство, мəкемелер жумысының бағдарын сəўлелендириўши тар шеңбердеги қəнигелерди қызықтыратуғын материалларды табыў мүмкин. Жетекши изертлеўлер ҳəм тəжрийбе конструкторлық жумыслар жəне олардың дəслепки нəтийжелери ҳаққында мағлыўматларға ийе болған ҳəр қыйлы конференциялардың жумысы усаған бундай дəреклердиң өзине тəн өзгешелигин естен шығармаў керек. Зəрүрли материаллар арнаўлы техникалық басылымларда да келтирилиўи мүмкин. Буның үстине олардың айрымлары, мəселен жаңалықлар ҳəм авторлық гүўалықларды сүўретлеп, тек айрым техникалық дүзилислер ҳаққында мағлыўматларды сəўлелендирип қалмайды, ал анаў ямаса мынаў жаңалықты ямаса дəўирди бақлаўда жəрдем бериўи мүмкин жəне оннан қандай да бир анық салада илимий-техникалық идеяның заманагөй бағдары ҳаққында түсиник алыў мүмкин. Қағыйдаға бола, басып шығарылмайтуғын ҳүжжетлердеги мағлыўматлар, басқа басылып шығарылып атырғанларға қарағанда жаңарақ ҳəм оның əҳмийетли тəрепи сонда, бул мағлыўмат толығырақ та болады. Себеби бул мағлыўмат басып шығарыўға таярланбаған, еле «қысқартыўларға» дус келмеген.
Жоқарыда атап өтилгенлерден мынадай жуўмақ шығарыў мүмкин: өз саласы бойынша мағлыўматлардың барлық ҳүжжетли дəреклерин билиў ҳəм олардан жумыс ушын керекли болғанларын табыў күтə əҳмийетли болады.



Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   29   30   31   32   33   34   35   36   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling