Маҳбуба Хамидова


ИЛИМИЙ МӘЛИМЛЕМЕНИ ИЗЛЕЎ ҲӘМ ТАЛЛАЎ


Download 1.19 Mb.
bet29/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

ИЛИМИЙ МӘЛИМЛЕМЕНИ ИЗЛЕЎ ҲӘМ ТАЛЛАЎ
РЕЖЕ:
1.Илимий мəлимлеме дəреклери.
2.Илимий материалларды излеўдиң мəлимлеме-мағлыўмат хызмети.
3.Универсал онлық классификациясы ҳəм библиография классификациясы.
4.Сетте излестириў.
5.Дəслепки дəреклер менен ислеў.
Ҳəр қандай илимий изертлеў, изертлеў өткерилиўи мөлшерленип атырған бағдарға бағышланған илимий мəлимлемелерди излеўден басланады.
Илимий мəлимлеме (информация) дəреги болып төмендегилер есапланады:
—китаплар (сабақлықлар, оқыў қолланбалары, монографиялар, брошюралар);
—дəўирли баспа сөз (журналлар, бюллетеньлер, институтлардың жумыслары, илимий топламлар);
—нормативлик ҳүжжетлер (стандартлар, жол-жоба көрсетпелер-инструкциялар, нормативлик кестелер, ўақытша көрсетпелер ҳəм т.б.);
—каталоглар ҳəм прейскурантлар;
—патент ҳүжжетлери;
—илимий изертлеў жумыслары ҳаққында есабатлар;
—мəлимлеме басылымлары (ИТИ топламлары, аналитикалық шолыўлар, мəлимлеме бетлери, экспресс мəлимлеме ҳəм т.б.);
—шет еллердиң илимий əдебиятлары, аўдармалары ҳəм түп нусқалары;
—диссертациялар, авторефератлар;
—илимий-əмелий конференциялардың материаллары;
—екилемши ҳүжжетлер (реферативлик шолыўлар, библиографиялық каталог, реферативлик журналлар ҳəм т.б.);
—Интернет мағлыўматлары.
Атап өтилген ҳүжжетлер үлкен мəлимлеме ағымын пайда етеди, оның пəти жылдан-жылға артып барады.
Мəлимлеме «ескириў» қəсийетине ийе. Жаңа илимий мағлыўматлар жедел артып барыўына байланыслы мəлимлеме «ескиреди». Шет ел изертлеўшилериниң мағлыўматларына қарағанда мəлимлеме қунының пəсейиў («ескириў») жеделлиги шама менен газеталар ушын бир күнде 10%, бир айда журналлар ушын 10% ҳəм бир жылда китаплар ушын 10%ти қурайды. Сонлықтан да үлкен мəлимлеме ағымында жаңа, алдыңғы, белгили бир теманы-мəселени шешиўде илимийин табыў тек бир илимий хызметкер ушын ғана емес, ал үлкен жəмəəт ушын да айтарлықтай қыйын болады.
Зəрүр мəлимлемени излеў-дөретиўшилик процесс, соған бола оны формалластырыў ҳəм демек автоматластырыўдың қыйынлығы келип шығады.

Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling