Маҳбуба Хамидова


Download 1.19 Mb.
bet27/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

Жумыстың режесин дүзиў

Ҳəр қандай илимий жумыстың оны əмелге асырыў режеси болыўы керек. Бундай реже дөретиўшилик процесс екенлигин есапқа алып, алдыннан көрип шығылатуғын ҳалатларды сезе билиў тийис. Әлбетте, илимде күтилмеген жаңалықларда ушырасып турады, бирақ илимий излениўлерди тосыннан болған, күтилмеген изертлеўлерге сүйенип алып барыўға болмайды. Тек режели излениўлер ғана əлемниң жаңа объектив нызамлықларын үйрениўге имканият береди.


Биринши мəрте шынтлап илимий излениўлер менен шуғылланып атырған изертлеўшиниң дөретиўшилик процессин режелестириўи үлкен əҳмийетке ийе болады.
Оның жумысты режелестириўи көргизбели схема түриндеги изертлеўдиң жумыс (жумысшы) режесин дүзиўден басланады. Бундай реже жумыстың басланғыш дəўиринде қолланылады, үйренилип атырған машқаланы ҳəрқыйлы вариантларда көрип шығыўға мүмкиншилик жаратады ҳəм илимий басшыға диссертацияға баҳа бериўди жеңиллестиреди.
Жумыс режеси изертлеўшиниң илимий басшысының қатнасыўында ислеп шығылады ҳəм тема исленбестен, яғный болжаў (илимий) излениўи менен басланады.
Бирлемши жумыс – режеси излениў предметине улыўма сыпатлама береди, келешекте бундай реже айқынластырылыўы тийис болады, бирақ жумысқа қойылған мақсет өзгермеўи керек.
Жумыс режеси өз еркинше, ықтыярлы түрде жазылыўы мүмкин. Әдетте ол усы теманың ишки логикалық излениўлер менен байланыслы болған бөлим дизиминен ибарат болады.
Режениң бөлимлерин айрым карточкаларда жазыў керек болады. Бул бир қатар механикалық өзгертиўлер нəтийжесинде бул излениў ушын логикалық ҳəм қолай схеманы табыўға жəрдем етеди.
Жумыс режеси қурамына атамадан тысқары ишки текст темаларын қойыў усыныс етиледи. Бул диссертация жумысының ҳəр қыйлы баплары ҳəм параграфларында майда темалардың бир-бири менен байланыслы түрде қолланғанлығын баҳалаўға мүмкиншилик береди.
Жумыстың жуўмақлаўшы басқышларында реже-проспект дүзиледи, бул реже логикалық жайласқан сораўлардың реферативлик баяны көринисинде болып, топланған материаллар системаластырылады. Реже-проспект магистранттың илимий басшылығына өткерилип атырған излениўдиң мақсети ҳəм ўазыйпаларының сəйкеслигине баҳа бериўине тийкар болып хызмет етеди. Бул реже тийкарында, болажақ диссертация мазмунының тийкарғы ҳалатлары, теманы сəўлелендириў процесси, өз алдына, айрым баплардың көлеминиң дүзилиси ҳəм бир-бирине сəйкеслиги ҳаққында пикир жүритиў мүмкин.
Реже-проспект дүзиў тилеги (зəрүрлиги) соның менен анықланады, бул режеге барлық жаңа мағлыўматлар ҳəм жаңалықларды киргизиў зəрүрли есапланады. Изертлеўши диссертация жумысының режесин дүзгеннен соң, орынланатуғын жумыслар тəртиби ҳəм логикалық избе-излигин анықлап алыўы зəрүр. Белгиленген ўазыйпалар имканият дəрежесинен келип шығып, гезеги менен орынланады, бирақ избе-излик сақланбаған жағдайда да, олардың толық орынланыўы талап етиледи.
Логикалық избе-излик мəселениң мазмунын, мəнисин ашыўға , оны шешиўге мүмкиншилик береди. Биринши бапты үйренип шықпай турып, екинши бапқа өтиў мүмкин емес. Ҳəр бир исте ең əҳмийетли нəрсени, яғный шешиўши нəрсени табыўға үйрениў керек. Бул режелестирилген тапсырма (ўазыйпа)лардың оптимал шешимин табыўға мүмкиншилик жаратады.
Дөретиўшилик излениўде реже бəрҳама динамикалық ҳəрекетшең характерге ийе. Реже ийкемли болыўы тийис, себеби текстти таярлаў процессинде қолға киргизилген жаңа ҳалатларды да қосыў мүмкин болыўы керек.
Реже дүзиўде төмендеги сораўларды ойлаң (итибар бериң). Сизге усы тема бойынша нелер мəлим ҳəм нелерди билиў тийис?
Буннан соң биринши қəдемди қандай тəртипте əмелге асырыўды шешип алың.
Илимий басшы диссертацияның жумыс режесин дүзиўде қатнасып қалмастан, ал оның авторы менен төмендеги ўазыйпаларды да орынлайды:
—тема бойынша зəрүр болған əдебиятлар, мағлыўматнамалар, статистикалық ҳəм архив мағлыўматлары жəне басқа да дəреклерди усынады;
—системалы түрде белгиленген гүрриңлесиўлер ҳəм мəслəҳəтлерди өткереди;
—орынланған диссертацияның мазмунын бөлимлер бойынша ҳəм тутас баҳалайды;
—диссертацияның жақлаўға алып шығылыўына келисим билдиреди.
Солай етип, илимий басшы магистрантқа илимий ҳəм методикалық жəрдем береди, жумыстың орынланыўын турақлы қадағалап барады, айрым анықлықлар киргизеди. Анаў ямаса мынаў шешимди қабыл етиўдиң мақсетке муўаплығы ҳаққында усыныслар ҳəм жумыстың толық таяр екенлиги ҳаққында жуўмақ береди.



Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling