Маҳбуба Хамидова
Экспертлик баҳалаўдың ҳəр қыйлы методлары
Download 1.19 Mb.
|
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009
Экспертлик баҳалаўдың ҳəр қыйлы методлары
1.Комиссия методы. Мəселени шешиўде экспертлердиң ең объектив, тийкарланған жеке пикирлери өз сəўлелениўин табады. 2. Ақыл-ой ҳүжими (мозговой штурм) усылы ямаса бас идеяның жəмəəтлилиги. Бул усыл жəрдеминде жаңа идеялар, қандайда бир гезектеги қубылыстың раўажланыўы ҳаққындағы жаңа гипотезалар баҳаланады. Ақыл-ой ҳүжими методының мазмунын еки мəселе: дөретиўшилик жаңа идеяларға шығыў, усынылған идеяларды таллаў ҳəм баҳалаў қурайды. Усы еки мəселени шешиў ушын 2 топар экспертлер шөлкемлестириледи. Биринши топарда идея генераторлары, екинши топарда болса идеяны , пикирди сын көз-қарастан көрип шығатуғын аналитиклер болады. Турақлы түрде экспертлердиң анкета өткериўи ҳəм Дельфи методы, қəнигелердиң айрым мəселелер бойынша додалаўынан ибарат болады. Экспертлердиң сəўбетте болмаўы ҳəм экспертлердиң көп басқышлы сораўы жəмəəтлик додалаўлардың өзине тəн тəрепи. Биринши басқышта қубылыслар дəрежеси жəрдеминде муғдарына баҳа бериледи. Кейин болса экспертке усы мəселе бойынша басқа экспертлердиң тийкарланған аноним жуўмағы таллаў ушын бериледи ҳəм дəслепки анкетаны өз пикирлери менен толтырыўға рухсат етиледи. Екинши турда алынған «орташа» пикир экспертке мүрəжəəт етиледи ҳəм үшинши тур өткериледи. Үшинши турдан соң эксперттиң жуўаплары өзгермейди, сораў болса бийкар етиледи. Экспертлик баҳалаў методларының төмендеги түрлерин ажратып көрсетиў мүмкин: Комиссия методының мазмуны соннан ибарат, экспертлердиң индивидуал пикири тийкарында мəселени шешиў бойынша ең объектив тийкарланған пикир турады; Жəмəəтлик тийкарғы идея методы жəрдеминде жаңа гипотезалар баҳаланып, жаңа идеялар алынады. Бул методтың мазмун-мəниси төмендеги 2 мəселени шешиўде көринеди: жаңа идеяларды дөретиўшилик раўажландырыў, усынылған идеяны таллаў ҳəм баҳалаў. Жуўмақлап айтқанда, социологиялық методларды қолланыў ҳуқықый изертлеўлерди избе-из ҳəм нəтийжели алып барыўға жəрдем етеди. Буннан тысқары, изертленип атырған теманың анық шешимин табыўды тəмийинлейди. Download 1.19 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling