Маҳбуба Хамидова
Диссертацияның тийкарғы илимий нәтийжелери
Download 1.19 Mb.
|
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009
- Bu sahifa navigatsiya:
- 8. Кандидатлық диссертациясының
6. Диссертацияның тийкарғы илимий нәтийжелери илимий басылымларда басып шығарылыўы тийис.
7. Докторлық диссертациясының тийкарғы илимий нәтийжелери жетекши, резенцияланатуғын илимий журналлар ҳәм илимий басымларда жарияланыўы тийис. Диссертанттың илимий жумысларының улыўма саны 20 дан кем болмаўы керек. Талабанның илимий жумыслары қатарында кандидатлық диссертациясын жақлағаннан кейин басып шығарылған, ЖАК Президиумы тастыйықлаған журналлар дизиминдеги дәўирлик илимий журналларда кеминде он мақаласы болыўы керек. Жәмийетлик-гуманитарлқ ҳәм экономика салалары бойынша докторлық диссертациясының нәтийжелери бойынша монография басып шығарылған болыўы, басқа илимлер салалары бойынша болса, сондай-ақ, педагогика, психология, философия ҳәм экономика илимлери бойынша да усы илим саласы жоқары дәрежеде раўажланған сырт ел мәмлекетлериниң абыройлы илимий журналларында кеминде еки мақаласы басылған болыўы керек. 8. Кандидатлық диссертациясының тийкарғы илимий нәтийжелери баспа илимий басылымларда басылған болыўы тийис. Диссертанттың илимий жумысларының улыўма саны бесеўден кем болмаўы керек. Талабанның жумыслары қатарында ЖАК Президиумы тастыйықлаған журналлар дизиминдеги дәўирлик илимий журналларда басып шығарылған кеминде еки мақаласы болыўы керек. Талабанның басып шығарған илимий жумысы диссертацияның жақланып атырған тийкарғы нәтийжелерин сәўлелендириўи керек. Баспаға тапсырылған болса да, бирақ еле басып шығарылмаған жумыслар диссертация ҳәм диссертация авторефератларында келтирилиўи мүмкин емес. ЖАК тың Веб-бетинде диссертацияның жақланыўы ҳаққында дағаза берилгеннен соң, қәнигелескен кеңестиң рухсаты менен диссертацияның қол жазба ҳуқықындағы авторефераты басып шығарылады. Илимий баянат түриндеги докторлық диссертациясы автореферат түринде тарқатылады. Авторефератта диссертацияның тийкарғы идеялары ҳәм жуўмақлары баян етилиўи, өткерилген изертлеўлердеги автордың қосқан үлеси, изертлеў нәтийжелериниң жаңалық дәрежеси ҳәм әмелий әҳмийети көрсетилиўи шәрт. Докторлық диссертациясының титуллық бети ҳәм автореферат муқабасының артқы бетинде тек бир илимий мәсләҳәтши көрсетиледи. Кандидатлық диссертациясының титуллық бети ҳәм автореферат муқабасының артқы бетинде тек бир илимий басшы көрсетиледи. Зәрүр жа¬дайларда ЖАК тың рухсаты менен диссертацияның титуллық бети ҳәм автореферат муқабасының артқы бетинде екинши илимий басшы ямаса илимий мәсләҳәтшини көрсетиў мүмкин. Қәнигеликлер тутаслығында орынланған диссертациялар буған кирмейди. 9. Диссертация ҳәм автореферат өзбек, рус ямаса инглис тиллеринен биринде жазылыўы мүмкин. Авторефераттың соңында өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде қысқаша резюме болыўы керек. Download 1.19 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling