Диссертацияның ҳәр бир нусқасының титуллық бетинде диссертанттың қолы болыўы керек.
Диссертация кеңеске тапсырылғаннан кейин диссертацияда анықланған анық емесликлерди ҳәм қәтелерди дүзетиў мүмкин емес. Бийпарўалық пенен шала рәсмийлестирилген ҳәм қәтелери бар болған диссертациялар унамсыз қарар менен талабанға қайтарып берилиўи мүмкин.
111. Диссертацияның авторефератын рәсмийлестириў қағыйдалары
30. Диссертация бойынша қол жазба ҳуқықындағы автореферат басып шығарылыўы ҳәм көбейтилиўи керек. Автореферат WORD тың 14 шрифтинде бир интервалда жазылады.
Докторлық диссертациясы бойынша диссертацияның қол жазба ҳуқықындағы авторефератының көлеми 32 беттен, кандидатлық диссертациясы бойынша 16 беттен аспаўы керек (А-4 Формат). Жәмийетлик ҳәм гуманитарлық илимлер салаларындағы диссертация авторефератының көлеми ең көп дегенде 30 процентке асырылыўы мүмкин.
Диссертацияның авторефераты белгиленген формадағы (6-қосымшаға қараң) муқаба (алды ҳәм артқы бети) ҳәм текст бөлиминен ибарат болады. Авторефераттың муқабасы, иллюстрациялар, авторефераттың ақырында берилетуғын жарияланған жумыслар дизими ҳәм резюмелер улыўма көлемге кирмейди. Авторефератта қосымшалар болмайды.
Авторефераттың барлық бетлери муқабадан ақырғы бетке дейин тәртип пенен цифрланады. Биринши ҳәм екинши бетлер муқаба ҳәм муқабаның артқы бети есапланып, оларға цифр қойылмайды, буннан кейинги бетке “3” цифры қойылады ҳәм т.б. Тәртип цифры беттиң төменги тәрепиниң ортасына қойылады.
31. Авторефераттың тексти төмендеги бөлимлерге бөлинеди:
Диссертацияның улыўма сыпатламасы. Бул бөлим, әдетте, киши төмендеги бөлимлерден ибарат болады:
а) теманың әҳмийетлилиги;
б) машқаланың үйренилиў дәрежеси;
в) диссертация жумысының илимий-изертлеў ислери режелери менен байланыслығы;
г) изертлеўдиң мақсети;
д) изертлеўдиң ўазыйпалары;
е) изертлеў обьекти ҳәм предмети;
ж) изертлеў методлары;
з) жақлаўға алып шығылып атырған тийкарғы халатлар;
и) илимий жаңалығы;
к) изертлеў нәтийжелериниң илимий ҳәм әмелий әҳмийети;
л) нәтийжелердиң енгизилиўи;
м) жумыстың сынаўдан өтиўи (апробациясы);
н) нәтийжелердиң жарияланғанлығы;
о) диссертациясының дүзилиси ҳәм көлеми.
Do'stlaringiz bilan baham: |