Маҳбуба Хамидова


ИЛИМИЙ-ИЗЕРТЛЕЎДИҢ ЖАҚЛАНЫЎЫ


Download 1.19 Mb.
bet54/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   50   51   52   53   54   55   56   57   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

ИЛИМИЙ-ИЗЕРТЛЕЎДИҢ ЖАҚЛАНЫЎЫ




РЕЖЕ:



  1. Диссертация жумысының дәслепки экспертизасы

  2. Диссертацияның Қәнигелескен кеңеске қабыл етилиўи

  3. Рәсмий оппонентлер

  4. Илимий басшының жуўмағы

  5. Авторефератқа рецензиялар

Диссертация жумысының дәслепки экспертизасы диссертация орынланған ямаса изертлеўши бекитилген жерден басланады. Экспертизаның нәтийжелери жуўмақтан көширме түринде рәсмийлестириледи. Жуўмақтан көширмеде төмендегилер сәўлелендириледи:


-алынған диссертация нәтийжелеринде автордың анық, жеке қатнасы;
-өткерилген изертлеў нәтийжелериниң исенимлилиги дәрежеси;
-жаңалығы ҳәм әмелий әҳмийети;
-илимий баянат түриндеги жақлаўдың мақсетке муўапықлығы;
-диссертацияның қәнигелигине муўапықлығы;
-диссертация жумысы материалларының изертлеўшиниң жарияланған жумыслары менен толықтырылғанлығы;
-кеңейтилген кафедра (бөлим) баянламасынан көширмени таярлаў қосымшада берилген.
Диссертацияны қәнигелескен Кеңесте дәслепки көрип шығыў процессине муўапық Қәнигелескен кеңес ағзалары диссертация қәнигелиги бойынша қәнигелерден ибарат комиссияға диссертация жумысы менен танысып шығып, Қәнигелескен Кеңеске муўапық келиўи бйынша жуўмақ береди.
Диссертацияның қәнигелегине муўапықлығы ҳаққындағы жуўмақта төмендегилер көрсетиледи:
Кеңес тәрепинен жақлаў ҳуқықы берилген илим бағдары ҳәм қәнигелигине муўапықлығы;
Автордың жарияланған жумысларында изертлеў материалларының толық сәўлелендирилгени;
Нәтийжелердиң илимий ҳәм әмелий әҳмийети.
Сондай-ақ, жуўмақта диссертацияның Кеңес қәнигелигине муўапықлығы, көрип шығылып атырған диссертацияға жетекши шөлкем тайынлаў бойынша усыныс, рәсмий оппонентлер, зәрүрлик болғанда Кеңестиң қурамына қосымша ағзалар киргизиў усыныс етиледи.
Қәнигелескен Кеңес жумысты жақлаўға қабыл етиў ҳаққында унамлы қарар қабыл еткен жағдайда, усы комиссия жуўмақтың жойбарын таярлайды, усының менен бирге мәлимлемелерди автоматластырылған түрде қайта ислеў ушын класификация белгилерин таңлаўды өткереди. Жуўмақтың жойбарын таярлаў ушын комиссия шөлкемниң зәрүр болған кафедра қәнигелерин, лаборатория, сектор ҳәм бөлимлерин тартыўы мүмкин.
Кеңес жуўмағының дүзилисинде төмендеги бәнтлер болады:
-изертлеўшиниң жеке ерискен айтарлықтай әҳмийетли илимий нәтийжелери;
-жумыстың нәтийжелери, анықлығы дәрежеси;
-илимий нәтийжелердиң жаңалық дәрежеси;
-алынған нәтийжелердиң теория ҳәм әмелият ушын әҳмийети;
-изертлеў нәтийжелеринен пайдаланыў бойынша усыныслар;
-диссертацияны маманлық баҳалаў.



Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   50   51   52   53   54   55   56   57   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling