Маҳбуба Хамидова


Диссертацияны Қәнигелескен Кеңеске қабыл етиў


Download 1.19 Mb.
bet55/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   51   52   53   54   55   56   57   58   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

Диссертацияны Қәнигелескен Кеңеске қабыл етиў
Кеңес дәслепки көрип шығыў нәтийжелеринен соң диссертацияны жақлаўға қабыл етиў ямаса етпеў ҳаққында қарар қабыл етеди.
Кеңес диссертацияны жақлаўға қабыл етиў ҳуқықы берилген қәнигелик ҳәм оның менен байланыслы илим саласына диссертацияның тийкарғы мазмуны муўапық келмесе, диссертацияның тийкарғы нәтийжелери бойынша жарияланған жумыслардың талаплары толық орынланбағанда, сондай-ақ, жумыстың илим ҳәм әмелият ушын әҳмийети болмаған жағдайда диссертацияны жақлаўға қабыл етпейди. Бул ҳаққында изертлеўшиге диссертацияны жақлаўға қабыл етпеў себеплерин тийкарлаған Кеңес мәжилиси баянынан көширме береди ҳәм Кеңеске усынылған хүжжетлерди қайтарып береди.
Диссертацияның Кеңеске қабыл етилиўи рәсмий оппонентлер таярлаў, жетекши шөлкемди белгилеў, авторефератты тарқатыў ушын қосымша дизимди анықлаў түринде даўам еттириледи. Жақлаў ҳаққында “ЖАК Бюллетени”нде жарияланғаннан соң автореферат қол жазба ҳуқықында басып шығарыўға рухсат етиледи ҳәм жақлаў күни белгиленеди.
Диссертация бойынша жуўмақ, сондай-ақ, рәсмий оппонентлердиң, жетекши шөлкем (мекеме) ҳәм жумыс орынланған жерден берилген унамсыз резенция Кеңес тәрепинен жумыстың жақлаўға қабыл етилиўине тосық бола алмайды.
Жумысты жақлаўға қабыл етиў, автореферат ҳәм аттестация исин рәсмийлестириўде төмендеги кемшиликлер ушырасады:
-жумыс орынланған шөлкемниң басшысын ҳәм Қәнигелескен кеңес басшыларын рәсмий оппонент етип тайынлаў;
-жумыстың кирис бөлиминде изертлеўши жақлаўға алып шығып атырған ҳалатты қәлиплестирмейди;
-титуллық бетине изертлеўши тәрепинен қол қойылмайды;
-диссертацияның атамасы мазмунына сәйкес келмейди;
-илимий жумыслардағы бирликтеги авторлардың фамилиясы көрсетилмейди;
-диссертацияны илимий баянат түринде усынып атырған изертлеўшиниң жеке дөретиўшилик үлеси ҳәм бирликтеги авторлықта жазылған жумыслардың көрсетилмеўи;
-диссертация ҳәм авторефератларды рәсмийлестириў қағыйдаларының бузылыўы.


Жумыс жүргизиў бойынша


-хызметкерлерди есапқа алыў жеке бетинде мүддети көрсетилмеўи, рәсмий оппонентлер ҳәм жетекши шөлкемниң резенциялары, авторефератларда тарқатылған мүддети көрсетилмейди, жетекши шөлкем (кәрхана)дан берилген рецензияға басшы ямаса оның орынбасары тәрепинен қол қойылмайды;
-жақлаў предмети ҳәм докторлық диссертация жумысы аттестациясы предмети есапланған Қәнигелескен кеңестиң жуўмағында илимий машқаланың мазмунын ашып бериўде кемшиликлер болады. Илимий машқаланың мазмунында диссертанттың атап айтқанда усы диссертацияға жеке дөретиўшилик үлеси, қәнигелик шифрине ҳәм докторлық диссертациясына муўапықлығы көрсетиледи.



Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   51   52   53   54   55   56   57   58   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling