Диссертациялар ҳәм Авторефератлар ушын белгиленетуғын өлшемлер
Илим докторы илимий дәрежесин алыў ушын усынылған диссертация автор өткерген изертлеўлер ҳәм ол жаратқан ислеп шығыўлар тийкарында әҳмийетли халық хожалығы, жәмийетлик-мәдений, социаллық-сиясий әҳмийетке ийе илимий машқала шешилген ямаса тийисли илим саласының перспективалы бағдарын раўажландырыўда үлкен табыс деп баҳалаў мүмкин болған теориялық қағыйдалар жыйнағы ислеп шығылған ямаса енгизилиўи илим ҳәм техниканы раўажландырыўға үлкен үлес қосатуғын, илимий тийкарланған техникалық, экономикалық ямаса технологиялық шешимлер өз сәўлелениўин тапқан илимий шығарма болыўы керек.
Илим кандидаты илимий дәрежесин алыў ушын усынылған диссертация илимниң тийисли саласы ушын үлкен әҳмийетке ийе мәселе жаңаша шешилген ямаса автордың әҳмийетли әмелий мәселелерди шешиўди тәмийинлейтуғын, илимий жақтан тийкарланған техникалық, экономикалық ямаса технологиялық усыныслары өз сәўлелениўин тапқан илимий шығарма болыўы керек.
Диссертация жеке өзи тәрепинен жызылған болыўы, автор ашық жақлаў ушын жәмәәттиң додалаўына усынып атырған жаңа илимий нәтийжелер ҳәм жағдайлардың жыйнағын өз ишине алыўы, мәниси жағынан ишки бирликке ийе болыўы ҳәм автордың жеке түрде илимге қосқан үлесин сәўлелендириўи тийис.
Автор ерискен жаңа шешимлер жақсы тийкарланған ҳәм басқа мәлим болған шешимлерге байланыслы салыстырылған түрде сын баҳаланған болыўы керек.
Әмелий әҳмийетке ийе диссертацияда анық машқаланың шешими ҳәм автор ерискен илимий нәтийжелерден әмелиятта пайдаланылғанлығы ҳаққында мағлыўматлар, теориялық әҳмийетке ийе диссертацияда болса илимий жуўмақлардан пайдаланыўға байланыслы усыныслар берилиўи тийис.
Илим докторы илимий дәрежесин алыў ушын усынылған илимий баянат түриндеги диссертация талабан тәрепинен дәслеп басып шығарылған ҳәм усы илим саласының қәнигелерине кеңнен мәлим болған, илим ҳәм әмелият ушын үлкен әҳмийетке ийе илимий және тәжирийбелик-конструкторлық жумыслардың жыйнағы тийкарында таярланған, автор өткерген изертлеўлер ҳәм ислеп шығыўлар нәтийжелериниң қысқаша улыўмаластырылған баянынан ибарат болады. Илимий жумыстың әҳмийети ҳәм илимий баянат түриндеги докторлық диссертациясын жақлаўдың мақсетке муўапықлығы ҳаққындағы жуўмақты талабанның тийкарғы изертлеўлери өткерилген ҳәм ислеп шығыўлары орынланған шөлкем береди.
Илимий баянат түриндеги докторлық диссертациясын жақлаўға рухсатты қәнигелескен кеңестиң муражатнамасы тийкарында Жоқарғы аттестациялық комиссия (буннан былай ЖАК) береди. Илимий баянат түриндеги диссертация белгиленген Формадағы (7-қосымшаға қараң) муқаба (алды ҳәм артқы бети) және текст бөлегин өз ишине алады.
Do'stlaringiz bilan baham: |