Маҳбуба Хамидова


Download 1.19 Mb.
bet8/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

Эксперимент – илимий дөретиўшиликтиң өзине тән усылларынан бири есапланады, себеби ол да илимий дөретиўшилик қуралы және оның реал көриниси. Эксперимент өткериўши өзине тән экспериментал идеяны алға қойыўы ушын оннан күтә үлкен күш-қуўат, мийнет, сабыр-тақатлық талап етиледи. Буннан соң ол экспериментти жолға қойыў, калибирлеў, өткериў бойынша мийнет етеди ҳәм ақырында узақ күтилген илимий нәтийжелерди алады, оларды қайта ислейди, талқылайды және илимий мақала, есабат, препринт ҳәм басқа да көринисте жәриялайды.
Илимий эксперимент – бул арнаўлы илимий әспаб-үскенелерден усы илимниң өзине тән өзгешеликлеринен келип шығып, дөретиўшилик пенен пайдаланыў процесси болып табылады.
Жаңа илимий билимди илимий системаға киргизиў илимий дөретиўшиликтиң әҳмийетли тәреплеринен бири. Илимий теориялар жәрдеминде билимлерди системаластырыў – бул жаңа билим элементлерин өз-өзинен қосыў емес, ал оларды дөретиўшилик пенен синтезлеў, диалектикалық илгерлеў, билиўдиң жаңа сапасына, бул билимди түсиниўге өтиўди аңлатады.
Илимий теория илимий билим системасында илимий гипотезаның қәлиплесиўи, раўажланыўы ҳәм тастыйықланыўының нәтийжеси болып табылады. Илимий гипотеза илимий машқаладан келип шығады: илимий машқала бул еле билинбеген ҳәм билиў тийис болған нәрсе ҳаққындағы билим болса, гипотеза – бул итимал тутылған билим, билимнен алдыңғы билим, илимий машқаланы шешиўдиң итималлы жоллары ҳаққындағы азба көппе тийкарланған, дәлилленген илимий болжаў. Алымның дөретиўшилиги мине усы жолларды дурыс таңлаўда көринеди.
Гипотезадан келип шығатуғын илимий теория – илимий дөретиўшиликтиң жуўмақлаўшы нәтийжеси ҳәм усының менен бир ўақытта, жаңа дөретиўшиликтиң, алымлардың келешек дөретиўшилик жумысының басланғыш басқышы.
Ишки еркинлик, адамның дүнья қарасының догмалардан шетте екенлиги жемисли илимий дөретиўшиликтиң зәрүрли шәрти. Илимий дөретиўшилик саласында еркин болыў – тосқынлықларсыз дөретиўшилик етиў, биреўдиң қәлибине түспеў, жаңа илимий билимлерди алыў және қайта ислеўде объектив ҳәм қалыс болыўды аңлатады.

Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling