Маҳбуба Хамидова


- илимниң мониторинг функциясы


Download 1.19 Mb.
bet7/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

- илимниң мониторинг функциясы тәбиятты бақлаў ҳәм қадағалаўдың глобаллық системасын, мәселен, экологиялық лобораториялар, метеорологиялық станциялар ҳәм жер жолдасларын, астрофизикалық обсерваториялар, ҳәрқыйлы қорықлар бинә етиўди, қурыўды нәзерде тутады:
-илимниң информативлик функциясы жаңа илимий билимлер, анық илимий мәлимлеме береди.
Илимниң раўажланыўы – бул пүткил жәмийетлик раўажланыўдың ажыралмас бөлеги.


ИЛИМИЙ ДӨРЕТИЎШИЛИК ТҮСИНИГИ ҲӘМ ОНЫҢ ИЛИМИЙ ПРОЦЕССТЕГИ ОРНЫ


Дөретиўшилик дегенде, кең мәнисте адам ямаса жәмийеттиң тәбийғый, жәмийетлик ҳәм руўхый дүньяны инсанның мақсет және ўазыйпаларына, оның итияжлары, тилеклери ҳәм имканиятларына муўапық түрде өзгертиў бойынша дөретиўшилик белсендилиги түсиниледи.
Дөретиўшилик – бул субъекттиң пикири, ақыл-ойын қадағалаўшы, тәртипке салыўшы, бағдарлаўшы усының менен бирге, жәмийетлик әмелиятқа муўапық түрде өзгерип барыўшы объектив дүньяның субъект санасындағы белсенди сәўлелениўи. Көркем, техникалық ҳәм илимий дөретиўшилик өз-ара айрылып турады. Илимий дөретиўшилик – бул алымның билимлери, қәбилетлериниң жоқары көриниси, үйренилип атырған қубылыслардың өзегине, мазмунына терең кирип барыўға болған оның тилеги. Илимий дөретиўшилик – бул илимий билиўди раўажландырыў жаңа илимий билим алыў ҳәм оннан пайдаланыў, илимий билимди жаңа нызамлар және нызамлықлар, жаңа илимий принциплер ҳәм теориялар, инсан хызметиниң ҳәр қыйлы салаларындағы әмелиятына белсене шығыўлар арқалы байытыў менен байланыслы билиў ҳәм дөретиўшилик жумысы.
Илимий дөретиўшилик процессинде аламлар жаңадан-жаңа илимий билимлерди улыўма инсаныйлық қәдриятлар ғәзийнесине киритеди ҳәм бунда Поппердиң сөзлери менен айтқанда «инсаният билиўден ләззет алады».
Илимий факт, идея, гипотеза, концепция, теория, илимий нызам илимий билиў системасының қурам элементлери болып табылады. Илимий дөретиўшилик илим системасындағы барлық қурам элементлериниң мазмунын раўажландырады ҳәм байытады.
Илимий дөретиўшиликбул алым, изертлеўши, жаратыўшының қәбилетлери ҳәм шеберлигиниң, ерк-ықрарының және шешиўши ҳәрекетиниң ақырғы мақсети – жаңа ҳақыйқый илимий билим алыўға умтылыўының көриниси.
Илимий жумыс дөретиўшилик пенен тығыз байланысқан. Илимий хызметкердиң билими, таланты, қәбилети, көнликпелери, илимий шынлықтың түбине жетиўге болған умтылыўлары илимий дөретиўшиликте өз сәўлелениўин табады. Илимий жаңалық, илимде жаңа теория ямаса бағдар жаратыў дөретиўшиликтиң илимдеги ең жоқары көриниси. Илимий изертлеўлер саласында жоқары нәтийжелерге ерискен алымлардың гений деп аталыўы тегиннен емес.
Илимий дөретиўшилик илимий машқаланы қойыўдан басланады. Илимий изертлеўдиң мақсети пайда болған машқалаларды шешиў, алынған шешимлерден шынлықты әмелий – дөретиўшилик өзлестириўде, барлық нәрсениң мәнисин, мазмунын тағы да тереңирек билиў, түсиниў ҳәм аңлап жетиўде пайдаланыў болып табылады.
Жаңалық ашыў, әтирап, әлем ҳаққында усы пайытқа дейин мәлим болмаған мағлыўмат алыў менен бир қатарда, илимий дөретиўшилик бар болған, илимий билимди ийелеў, оны дөретиўшилик пенен өзлестириў, илимий жаңалықлар, экспериментлер, бақлаўлардың нәтийжелеринен белсендилик пенен пайдаланыўды да, өз ишине алады.
Алымның дөретиўшилик фантазиясы, алым ақылының белсендилиги илимий абстракциялар жаратыўда көринеди. Илимий абстракциялар үйренилип атырған қубылыславрдың усы пайытқа дейин мәлим болмаған жасырын мәниси ҳаққында дурыс билимлер береди. Илимий абстракциясыз үйренилип атырған фактлер ҳәм процесслердиң қандайда бир тәрепин билиў, түсинип жетиў мүмкин емес. Алым тек илимий абстракция жәрдеминде объекттиң мәнисине жетиўи мүмкин ҳәм тийис. Сонда ол илимий билиў процесинде бул объекттиң мәнисин, мазмунын дөретиўшилик пенен тиклейди ҳәм оған тән болған нызамларды, объекттиң барлық ишки логикасын ашады.

Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling